Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Description
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Сораў ҳәм реклама бойынша: @Mr_Velikolepniy

Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.
Advertising
We recommend to visit

Пресеты Лайтрум, Обработка фото
👉🏼 @dandemon

Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy

Last updated 1 week ago

3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338

Last updated 5 months, 4 weeks ago

ҚР ҒЖБМ Ұлттық тестілеу орталығы

Last updated 3 weeks, 5 days ago

2 недели, 2 дня назад

*⚡️25 жыллық педагогикалық стажы бар педагогларға олардың маманлық категориясы аттестациядан өткерилместен бериледи*

Министрлер Кабинетиниң 29.12.2023-жылдағы қарарына көре, педагогикалық жумысы бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп стажға ийе болған ҳәм де пенсияға шығыўына 5 жыл қалған педагог кадрларға олардың ийелеп турған маманлық категориясы (лаўазымы) аттестациядан өткерилместен бериледи.

☝️Аттестациядан өткерилместен маманлық категориясы берилетуғын педагоглардың толық дизими силтемедеги режениң 8-бәнтинде берилген: силтеме

*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

2 недели, 2 дня назад

*❗️1-июннан баслап бағшалардың жоқары мағлыўматлы педагогларының айлығы көбейеди
*✅ Президенттиң 26.05.2023 -жылдағы ПП–79-санлы Пәрманына муўапық, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары муғдарлары улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң (мектеплердиң) педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи**.

☝️Яғный, 1-июннан баслап бақшалардағы жоқары мағлыўматлы тәрбияшылардың айлығы мектеп оқытыўшыларының айлығына теңлестириледи.

🔔Жақынларыңызға тарқатың.

💬 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

2 недели, 2 дня назад

*❗️“Контракт”ты айлықтан төлегенлер дәрамат салығынан азат етиледи*✅ Пуқараның өзиниң, перзентлериниң ямаса өмирлик жолдасының кәсип-өнер мектеби, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алыўы (төлемли контракт тийкарындағы оқыўы) ушын төленген пулы дәрамат салығынан азат етиледи.☑️ Бул Салық кодексиниң 378-статьясында белгиленген.

☝️ Пуқараларға салық жеңиллиги оқыў ушын төлемлерди төмендегилердиң есабынан төлегенде ғана бериледи:өзиниң пуллары;

билимлендириў кредити (процентлери менен);

юридикалық шахслар тәрепинен қайтарып бериў шәрти менен берилген пуллар (ссудалар).

⚠️ Бирақ, юридикалық шахс (фирма) тәрепинен пуқараның билим алыўы ушын оқыў орынлары менен тиккелей дүзилген шәртнамалар бойынша пуллы-контракт тийкарында өткерилетуғын, усы юридикалық шахстың қәрежети болған пуллар суммасына салық жеңиллиги қолланылмайды.✏️ Мәселен, бир фирма оқыў орны менен шәртнама дүзип белгили бир пуқараның контракт төлеми ушын туўрыдан туўры оқыў орнының есап бетине пул өткерсе, ол фирмаға салық жеңиллиги қолланылмайды.*🗂 Контрактты айлықтан төлегенде бухгалтерия* арқалы туўрыдан туўры өткерип дәрамат салығынан азат болыў мүмкин.

💸 Ал егер контракт пулын пуқараның басқа дәраматынан оқыў орны есап бетине пул өткериў арқалы төлегенде салық жеңиллиги жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған жағдайда бериледи.

🔔Жақынларыңызға тарқатың.

💬 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

3 недели, 2 дня назад

Свет ҳәм газ ушын жәрдем пулды (компенсацияны) алыў ушын кимге хабарласыў керек?
Министрлер Кабинетиниң қарарыменен свет ҳәм газдың қымбатлаўы мүнәсибети менен айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға свет ҳәм газдың социаллық нормадан артық бөлеги ушын мәмлекет тәрепинен компенсация (пуллы жәрдем) берилетуғын болды.

📝 Бул компенсацияны алыў ушын жәрдемге мүтәж шаңарақ октябрь-февраль айларында ҳәр айдың 15-сәнесине шекем “Инсан” социаллық хызметлер орайына ямаса мәканлардағы социаллық хызметкерге мүрәжат етиўи керек. Арзада паспорт мағлыўматлары, абонент номери ҳәм телефон номери кѳрсетиледи.

*💰Арза берилген айдың 27-сәнесине шекем “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ҳудудгазтаъминот” АЖ менен биргеликте үйренилип, компенсация пуллары арза берилген айдан кейинги айдың 27-сәнесине шекем шаңарақтың пластик картасына ѳткерип* бериледи.

💳 Пластик картасы жоқ шаңарақларға усы жылдың 1-ноябрине шекем Халық банки тәрепинен пластик карталар бийпул бериледи.

☝️Демек, жәрдемге мүтәж шаңарақ октябрь-февраль айларында социаллық нормадан артық (светти 200 кВт.сааттан көп ҳәм газди 500 куб.метрден көп) пайдаланса, сол артық пайдаланған бөлегине төлеген пулын "Инсан" орайына арза бериў арқалы кейинги айда қайтарып алыўы мүмкин.

💡Темаға байланыслы мағлыўматлар менен төмендеги 👇текстлер үстине басып танысыўыңыз мүмкин:

▫️Жәрдемге мүтәж шаңарақлар қалай анықланады?
▫️Свет ҳәм газдың социаллық нормасы қандай?
▫️Свет ҳәм газ қаншаға қымбатлады?
▫️Свет ҳәм газге 1-майдан баслап пул қандай тәртипте өндириледи?

*🔔 Постты тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

3 недели, 3 дня назад

⚡️Сизлер ушын кредитлер ҳәм банклер ҳаққындағы пайдалы мағлыўматлар топламы!
☝️Мағлыўматты толық оқыў ушын сол текст үстине басың!

▫️Кредит калькуляторы;
▫️33 млн сумлық жеңиллетилген кредитти нақ пулда алыўға руқсат бериўши Президент қарары қабыл етилди
▫️Тәлим кредитин алыў тәртиби
▫️Банклардағы вакансиялар (бос жумыс орынлары) бойынша каналлары;
▫️Банклардың Телеграмдағы рәсмий каналлары;
▫️Банктан кредит алған пуқара сырт елге шыға алама?;
▫️Жумыс орнын жаратқан исбилерменге кредит төменирек проценттен бериледи
▫️Кредитти аннуитет усылда төлеген пайдалыма яки дифференциал?;
▫️Турақ жайды «ремонт»лаў ушын қайсы банклер кредит ажыратып атыр?
▫️Кредитке алынған жайды 3 жылдың ишинде сатқан пуқарадан төлемеген салықлары толық өндирип алынады
▫️Кредит тарийхы қанша ўақытта тазаланады?;
▫️Процентсиз айына 50 млн сумнан артық пулды картадан картаға өткериўге болады
▫️Банклардың телефон телефон номерлери;
▫️"Мәҳәлле жетилиги"ниң усынысына тийкар 120 млн сумға шекем ипотека кредити бериледи
▫️Телеграмдаги фойдали ботлар;
▫️Кредитке алынған жайды кредити толық төленбей турып сатыўға болама?
▫️«Больничный лист»ти онлайн алыў тәртиби;
▫️Картадан кредит ҳәм басқа төлемлер ушын ийесиниң разылығысыз пул шешип алыныўы қатаң қадаған етилди
▫️Мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў ушын пайдалы силтемелер.

*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

3 недели, 3 дня назад
2 месяца, 3 недели назад

*📋 Аллаяр Досназаров (1896-1937) ҳаққында (2-бөлим)*А.Досназаров 1925-30-жыллары жудә көп жумысларда ислеген. 1932-жылы Қарақалпақстанға Автономиялы Республика статусын бергеннен кейин областьлык партия комитетиниң биринши хаткери болып сайланады.

Ол жергиликли басшы кәнигелер тәрепинен партия қарарлары бурмаланып атырғанлығы, тапсырмалар кеўилдегидей орынланбай атырғанлығы ҳаққында көп мәрте күйиншеклик пенен мәжилислерде шығып сөйлейди, баспасөз бетлеринде мақалалар жазады.

Усындай туўры сөзлилиги себепли көп душпан арттырып, оның устинен дөҳмет арзалар түсе баслайды. Сол дөҳмет арзалар себепли САКУдеги оқыўын даўам ете алмай, финанслық мүмкиншилиги аз болса да, Москваға кетиўге мәжбүр болады.

Аллаяр Досназаров қыйын-қыстаўлы турмыс кеширип, 1930-жылы университетти тамамлайды. Оны Башқуртстанға жуўаплы хызметлердиң бирине жибереди.

1931-1935-жыллары ол Москвадағы «Металлстрой» трести басқарма баслығының орынбасары, кейин «Металлист» заводының директоры болып ислейди.

Лекин, оның өзимиздеги бахталаслары оның үстинен дөҳмет арзалар жазыўды тоқтатпайды. Ҳәттеки, Досназаровтың үйинде жатып, дузын ишип оқып атырған студентлерди жазғырып, ҳәм жазба, ҳәм аўызша мағлыўмат алыўға ериседи. Олардын пикири сыпатында «А.Досназаровта қурал бар. Бул қуралды ол И.В.Сталинди атыў ушын сақлап койыпты» деген көрсетпени де дәлил сыпатында пайдаланады.

1935-жылы 25-январь куни НКВД начальнигиниң айрықша ислер бойынша орынбасары Горбтын СССР Ишки Ислер Халық Комиссариатына жазған рапорты бойынша Москва қаласының 3-советлер уйинин 40-квартирасында жасаўшы А.Досназаровтың уйине Айзенбергтиң басшылығында еки НКВД солдаты бастырып кирип, қолына кисен салады.

Буннан кейин қамақ, тергеўлер, қыйнаўлар…
Дерек: Үлкемиздиң әжайып адамлары. М.Нызанов. Нөкис: Билим, 2022. 8-9-бетлер.

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

2 месяца, 3 недели назад
2 месяца, 3 недели назад

⚡️2024-жыл 1-апрелден қосымша қун салығы бойынша айырым жеңилликлер бийкар етиледи
🚫 2024-жыл 1-апрелден баслап қосымша қун салығы (ҚҚС) бойынша төмендеги айырым жеңилликлер бийкар етиледи:

🔻Саўда айланбасы бойынша:
медициналық хызметлер;
ветеринария хызметлери;
дәри дәрмақлар;
ветеринария дәри дәрмақлары, медицина ҳәм ветеринария ушын мөлшерленген буйымлар.

🔻Өзбекстан аймағына алып кириўде:
дәри дәрмақлар;
ветеринария дәри дәрмақлары;
медицина ҳәм ветеринария ушын мөлшерленген буйымлар;
нызамшылықта белгиленетуғын дизим бойынша алып кирилетуғын шийки зат.

🔻Халыққа көрсетилетуғын хызметлер бойынша:
суў тәмийнаты;
канализация;
санитариялық тазалаў;
ыссылық тәмийнаты.

*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

3 месяца назад

⚡️Пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын салық жеңилликлери бойынша мағлыўматлар топламы

🔸Мал-мүлк салығын кимлер төлемейди?
🔸Жер салығын кимлер төлемейди?
🔸Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер
🔸Турақ жай ушын субсидия алғанларға дәрамат салығынан жеңиллик бар
🔸«Контракт» пулы, «частный» бақша ҳәм мектеплерге төленген пулдан дәрамат салығын қайтарып алыў тәртиби
🔸Ата-аналардың мектеп ҳәм бақшаға төлеген пулы салықтан азат етиле ме?
🔸Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер
🔸Кем тәмийинленген пуқараларды жумысқа алған исбилерменлерге салық ҳәм басқа жеңилликлер бериледи
🔸Кем тәмийинленген шаңарақ сатып алған товардың 12% пулын (ҚҚС) қалай қайтарып алады?
🔸2025-жылдан баслап суў үнемлеўши технологиядан пайдаланғанларға суў салығынан 50% ке шекем жеңиллик бериледи

*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

We recommend to visit

Пресеты Лайтрум, Обработка фото
👉🏼 @dandemon

Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy

Last updated 1 week ago

3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338

Last updated 5 months, 4 weeks ago

ҚР ҒЖБМ Ұлттық тестілеу орталығы

Last updated 3 weeks, 5 days ago