Пресеты Лайтрум, Обработка фото
👉🏼 @dandemon
Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy
Last updated 2 weeks, 1 day ago
3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338
Last updated 1 year, 1 month ago
⚡️Ҳәр жылы санитар тазалаў ҳәм абаданластырыўдан 100 хызметкердиң перзенти яки ақлығының контрак пулларын мәмлекет төлеп береди
✅ Ҳүкиметтиң 16.08.2024-жылдағы 514-санлы қарарына тийкар ҳәр жылы 1-ноябрға шекем «Тәбият уйғынлығы қорғаўшысы» таңлаўы өткериледи.
🗂️ Таңлаўда қатнасатуғын хызметкерлер дизимин санитар тазалаў кәрханалары ҳәм абаданластырыў басқармалары баслықлары Өзбекстан Республикасы Экология министрлигине хәр жылы 1-октябрге шекем береди.
☑️ Жеңимпазды анықлаў ушын белгиленген талаплар ҳәм қойылатуғын баллар жоқарыда көрсетилген фотода толық берилген.
*❗️Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан барлығы болып 100 хызметкер жеңимпаз деп табылады*.
🗓️ Танлаў жеңимпазлары 15-ноябрға шекем анықланады.
💰Ҳәр бир жеңимпаз хызметкердиң мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген перзентлери ямаса ақлықларының 1 жыллық контракт суммасы, бирақ БЕМның 30 есесинен (1-октябрден 11,2 млн сум) көп болмаған бөлеги төлеп бериледи.
☝️Бунда студентлер оқыўды питкергеннен кейин мәмлекетлик мәкеме яки шөлкемде кеминде 3 жыл ислеў миннетлемесин алады.
📑 Таңлаўды өткериў тәртиби ҳәм шәртлери мына файлда.
*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*
👉@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Турақ жай субсидиясын бериў ушын пуқараларға қойылатуғын талаплар өзгерди
✅ Министрлер Кабинетиниң 11.11.2024-жылдағы 749-санлы қарарына тийкар, пуқараларға ипотека кредитлери бойынша субсидия ажыратыў ушын төмендеги критерийлер ислеп шығылған:
1️⃣ Пуқара ҳәм/яки оның шаңарағының дәраматы:
➖Қарақалпақстанда ҳәм ўәлаятларда:
▪️МҲЕКМның 2,7 есесинен (3118500 сумға) 7 есесине (8085000 сумға) шекем болғанда - 10 балл;
▪️МҲЕКМның 7 есесинен (**8085000 сумнан) 8 есесине (9240000 сумға) шекем болғанда - 5 балл.
2️⃣ Ҳәзирги турақ жайы статусы.
➖Пуқара яки оның шаңарағына тийисли мүлк яки турақ жайының жоқлығы - 20 балл.
3️⃣ Социаллық қорғаўға мүтәж айырым пуқаралар:
➖"Labor-Migration" бағдарламасынан дизимнен өткен мийнет мигранты болса - 10 балл;
➖Алыс ҳәм шетки аймақларда басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелер яки педагоглар, қәнигелестирилген пәнлерден сабақ бериўши оқытыўшылар яки тәжирийбе өткерип атырған оқытыўшылар ҳәм билимлендириў усталары болса - 5 балл;
➖Жаслар категориясына кириўшилер (30 жасқа шекем) болса - 5 балл;
➖Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған пуқаралар (жалғыз аналар, майыплығы болғанлар, жетим-жесирлер болса - 5 балл.
4️⃣ “Медициналық-социаллық эксертиза” электрон системасынан дизимнен өткенлер болса - **5 балл.
☝️Барлық критерийлер бойынша максимал балл 35 балл**.
*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*
👉@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
*❗️Сырт елде ислеп жүрген мигранттың пенсия жасындағы яки майыплығы болған шаңарақ ағзаларына санаторийға ешейин жоллама бериледи
✅ Президенттиң 01.03.2022-жылдағы ПҚ-149-санлы қарарына тийкар, мийнет миграциясына сырт елге шығып кеткен пуқараның Өзбекстарда оның менен бирге жасайтуғын пенсия жасындағы ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына кәсиплик аўқамлары системасындағы санаторий ҳәм профилактикалық емлениў мәкемелерине бир мәртелик ешейин жоллама бериледи*.
☝️Бул жолламаны алыў ушын сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқара «Labor migration» бағдарламасынан дизимнен өткен болыўы керек.
📲Жолламаны алыў ушын пуқаралар Бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламасы арқалы мүрәжат етеди.
*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*
👉@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️**Енди тәўиплер ҳәм экстрасенслар руқсатнамасыз адам емлегени ушын жуўапкершиликке тартылады
❗️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген жаңа 59-5-статьяға көре, халық медицинасы тараўында жумыс ислеў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен пуқараларға диагноз қойыў ҳәне оларды емлеў хызметлерин көрсетиў ҳәм усы хызметлерди үгит-нәсиятлаў пуқараларға БЕМның 15 есесинен 20 есесине (7,5 млн сумға) шекем, ал лаўазымлы шахсларға - 20 есесинен 25 есесине (9,3 млн сумға) шекем жәрийма** салыўға себеп болады.
☝️Егер усы ҳәрекетлер бир жылдың ишинде және қайта исленсе, БЕМның 30 есесине (11,2 млн сумға) дейин жәрийма ямаса 15 суткаға шекем қамақ жазасы қолланылады.
📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.
@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️1-декабрден самолёт, поезд ҳәм автобусқа билетлерди бир платформадан онлайн алыў имканы жаратылады
📲 Президенттиң 18.07.2024-жылдағы ПП-102-санлы Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-декабрге шекем мәмлекетимиздеги барлық авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканын беретуғын бирден бир онлайн платформа иске түсириледи.
🗓 Платформа арқалы барлық түрдеги билетлерди кеминде 6 ай алдын сатып алыў имканы жаратылады.
✅ Байрамларды (Наўрыз, Ғәрезсизлик күни, Рамазан Ҳайыты, Қурбан Ҳайыты) белгилеў дәўиринде қосымша авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары жолға қойылады.
*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*
👉@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Пресеты Лайтрум, Обработка фото
👉🏼 @dandemon
Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy
Last updated 2 weeks, 1 day ago
3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338
Last updated 1 year, 1 month ago