Малика ТВОРЧЕСТВО. /CREATION.

Description
Сәлем, дослар!
We recommend to visit

Cześć!

Szukasz ciekawych polskich kanałów? 🇵🇱

Dobrze trafiłeś. Jesteśmy największą bazą kanałów w Polsce. Znajdziesz tutaj wiele polskich grup i kanałów na każdy gust.
Nasz czat — @Polski_czat

W sprawach reklamy ➡️ @curious_ola

Last updated 6 months ago

??????????? ???? ?? ????????????
?Samarqand?????????⚜️

➧? Мы оригина
@sherkulov700

Last updated 8 months, 2 weeks ago

dekma / UMSY / WARYKID / takizava

since 2019

https://agony-family.com

Last updated 2 months ago

1 month, 2 weeks ago

БИЛГИШ тарийхы

1978-жылы ТашГУ журналистика факультетин питкерип, "Жеткиншек" газетасына жумысқа келдим. Газета редакторы Әбдимурат Атажанов, жуўаплы хаткер Аяпберген Сейтеков екен. Сол кишкене ғана газета редакциясы үлкен абыройға ийе жәмәәт еди. Мектеп турмысы, әдебият бөлими, хатлар бөлими: бөлим баслығы ҳәм бөлим хызметкерлеринен ибәрат. Марат Қарабаев, Кеңесбай Каримов, Амангелди Халмуратов, Үзайда апа (Жолдасбай Дилмуратовтың жуптысы), Турсын апа (алым Қырықбай Байниязовтың жуптысы), Турғангүл апа (журналист Есенбай Ермановтың жуптысы) киби меҳрийбан инсанлар менен бирге ислестик.
Аяпберген аға газета санын таярлайтуғын болғансоң, дәслепки жумысқа келген күнлеримде "подписка" басланып, "газетаға жазылыўға шақырамыз" деген мазмунда мақала таярлаўды тапсырды. Бул сондағы жазғаным еди.
--------
БИЛГИШ
Қәдирбай ҳайран болды. Өзи менен бирге ойнайтуғын жорасы Қуӯатбектиң билмейтуғыны жоқ. Гаванада дүнья жүзлик жаслар фестивали болғанлығын, Америкада балалардың қандай турмыс кеширетуғынлығын, Қытай басшыларының турпайы ҳәрекетлерин... бәрин билип баратыр. Қәдирбайды да кейинги ӯақытта “1982 жылы ақырзаман болады” деген сыпсын уӯайымға салып жүр еди, ҳәтте бул қорқыныштан да қутылдырып, “ақырзаман” болмайтуғынлығын дәлийллер менен түсиндирип берген де Қуӯатбек.
Үйине қашан барсаң үкелерине қызықлы гүрриңлер, ертеклер айтып берип атырғаны. “Пушкин атындағы мектептиң 2- классында бирде үлгермеӯши жоқ екен”, “Кегейлидеги мектеп оқыӯшылары пахтакеш ата-аналарына үлгили жәрдем берип атыр” деген хабарларды да сол таӯып жүреди. Жумбақ, жаңылтпашларды айтқанда алдына адам салмайды. Сөзлерине мақал қосып келистирип ғана сөйлейтуғын да әдетти шығарды. Енди болса, мине кроссворд шешип отырғаны.
Қәдирбай ақырында сорады:
- Қуӯатбек, сен қалай көп нәрселерди билесең? Сеннен бир ай еки күн бурын туӯылған мен онша биле бермеймен. Шет елдеги ӯақыяларды да көрип келгендей сөйлесең?
Қуӯатбек күлди: - Мени билгиш етип отырған “Жеткиншек” газетасы ғой. Бизлер оған ҳәр жылы класымыз бенен толық жазыламыз. Сен не, “Жеткиншек”ти оқымайсаң ба?
- "Мен былтыр жазылмай қалыппан. Быйыл жазыламан, кеш қалмадым ба екен?"
“Жеткиншек” газетасына бәрқулла ең бириншилерден болып жазылатуғын Қуӯатбек Турдымов пайтахтымыздағы Киров атындағы мектептиң 4- классында “айрықша” баҳа менен оқыйтуғын үлгили оқыӯшы. Ал, Қәдирбай болса..., оның адресин айтпай-ақ қояйық. Себеби, ол жорасы Қуӯатбектей билгиш болмағанлығына жүдә уялып ҳәзир-ақ “Жеткиншек” газетасына жазылыӯ ушын жуӯырып кетти.
Малика Жумамуратова.
14-октябрь 1978- жыл {82} (2543). "Жеткиншек” газетасы.

1 month, 2 weeks ago
Мен дәслепки куратор болған группам менен. …

Мен дәслепки куратор болған группам менен. 1992 ...1994....?
https://www.facebook.com/share/p/17dk4feFXf/

1 month, 2 weeks ago

Биз дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген жаслар, өзимиздиң дөретиушилигимиз ҳәм халықтың салт-дәстүрлерине сүйиспеншилигимиз бенен бизиң әжайып жеримизде парахатшылық идеясын раўажландырыўды қәлеймиз. Биз, азаплар, урыс-жәнжел көп болған дүньяда өсип атырмыз. Бирақта, биз бул дүньяны өзгерте аламыз деп исенемиз. Бизлер оны әжайып ҳәм жақсырақ етиў ушын ҳәрекет етемиз. Бизлер ҳәр түрлимиз. Ҳәр түрли тилде сөйлемиз. Бирақта бизлер ҳәммемиз жақсылық жаратыўды қәлеймиз. Дүньяның ҳәмме, бәрше-бәрше адамын пүткил дүньяда жақсылық жаратыўға шақырамыз.

4 months, 2 weeks ago

Жанлы өтмиш, жанлы өмир, бүгин бул,
Сүуретшилик - шежирели мол ырыс.

4 months, 2 weeks ago

Жүз әлпетте ҳәр ишәра − қубылыс,
Күлдиргиш сол, қабақ та сол, дуп-дурыс.

4 months, 2 weeks ago

Нәпесин сезесең, дем алып турар,
Айқыш-уйқыштан ибарат сүлдер де.

4 months, 3 weeks ago

БЕТ АШАР

Жипек жегде кийгени,
Көлегейли, ийбели.
Ийилгени − ийгени,
Сәлем берер келиншек.

Үлбиреген – салмақлы,
Қутлы қәдем ардақлы.
Тастай батып қалмақты,
Нийетлейди келиншек.

Ўатаным, деп бул уя,
Сүрме әйлер мәргия.
Жәмленискен мол зия,
Әндийшесин сезинсек.

Сүйгенинен ийилер,
Ийилгеннен сүйилер.
Зербарақ ой түйилер,
Көп сәлемге жегилсек.

Үмит-ҳәдик тасып тур,
Кеўил толқынласып тур.
Қолтықлап жанасып тур,
Қос абысын келиншек.

Бақсы бала «қатырды»,
Дәлкек қабын жаздырды.
Шыны да бар, лап урды −
Арасында «түлкишек».

Пейиллер аңланбақта,
Тарийхлар жанланбақта.
Сәлем қабылланбақта,
Гә күлки, гә кеўилшек.

Тәғдир, сондай пешеди…
Кимлердур жоқ кешеги.
Еслеп елжиреседи…
Әликлесер жеткиншек!

Бәри сабақ, нақылды,
Астарлаған ақылды.
Жүйин аңлар ақыллы,
Парасатта гезинсек.

«Бийдай сөз де – сын» дейди,
«Жақсы ийлем – шың» дейди.
«Күйеў − сүйеў, шын - дейди -
Жупкерлесип есилсек».

Журт ынтығар «Қашан?-деп -
Айдай жүзин ашар - деп -
Ай сәўле таратар деп -
Айдан артық келиншек».

Ордаң − ығбал турағың,
Жарқырасын шырағың.
Бахытлы бол, шырағым,
Тәжим еткен келиншек!
----------
Малика Жумамуратова
2010-жыл.

4 months, 3 weeks ago

Бабуль, спасибо большое за все что вы сделали для меня. За всю заботу, любовь и поддержку, за путешествия. Очень люблю вас. Нет в мире больше таких бабушек как вы, единственная моя❤️❤️❤️
И большая благодарность за песню, которая у меня всегда будет в сердце и на уме. Эта песня, эти все слова очень многое для меня значат, всегда будут для меня памятью, которая провожала меня из родного дома❤️
Очень сильно люблю вас❤️

We recommend to visit

Cześć!

Szukasz ciekawych polskich kanałów? 🇵🇱

Dobrze trafiłeś. Jesteśmy największą bazą kanałów w Polsce. Znajdziesz tutaj wiele polskich grup i kanałów na każdy gust.
Nasz czat — @Polski_czat

W sprawach reklamy ➡️ @curious_ola

Last updated 6 months ago

??????????? ???? ?? ????????????
?Samarqand?????????⚜️

➧? Мы оригина
@sherkulov700

Last updated 8 months, 2 weeks ago

dekma / UMSY / WARYKID / takizava

since 2019

https://agony-family.com

Last updated 2 months ago