Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Yurist Awezbekov

Description
Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз!
Advertising
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 3 days, 5 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 1 week ago

2 months ago

*⚡️Бозатаў ҳәм Әмиўдарья районларында ислеўши хызметкерлер де айлық үстеме ҳәм қосымша мийнет дем алысын алыў ҳуқықына ийе болады
Президенттиң қарарына көре,
Қарақалпақстанның Бозатаў ҳәм Әмиўдарья районлары тәбийий климат шараятлары мониторинги нәтийжелеринен келип шығып оларды тәбийий-климат шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақлар дизимине киргизиў* белгиленген.

Бул нени аңлатады?

❗️Министрлер Кабинетиниң қарарыменен тастыйықланған дизимине кирген тәбийий-климат шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған районларда жумыс ислеўши хызметкерлердиң айлығына қосымша 30%ке шекем үстеме ҳәм 3 жумыс күнине шекем қосымша мийнет дем алысы бериледи.

☝️Бирақ, ҳәзир бул дизимде Бозатаў ҳәм Әмиўдәрья районлары жоқ.

🔰Усы районлар да дизимге кирсе, ол районларда ислеўши хызметкерлерге де айлық үстеме ҳәм қосымша мийнет дем алысы бериледи.

💡Бул бойынша қарар қабыл етилгенде әлбетте каналымызда жәриялаймыз.🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.**

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

2 months ago

Электр энергиясынан нызамлы түрде пайдаланыў мәмлекет бақлаўында

Мойнақ қәнигелестирилген прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 12. 01. 2018 жылдағы “електр енергиясы ҳәм тәбийий газден пайдаланыў тәртибин жетилистириўге тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 22-санлы Қарары орынланыўы үйренип барылмақта.

Үйрениўде, орынларда бир қанша жумыслардиң орынланыўы менен биргеликде қатар кемшилиқлер ҳәм нызам бузылыў жағдайлары анықланди.
Атап айтқанда, республикамызда искерлик көрсетип турған банклердиң биринде лаўазымлы шахслар тәрепинен банк филиалына орнатылған “Ех 518” маркалы електр есаплағышиниң көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сыртдан араласып, қабыл қылынып атырған 100 процентлик электр энергияны есапламастан өткеретуғын етип схемалары өзгертирилип, әмелде пайдаланған энергия көлемин кемейтиў жолы менен 72 млн. 347 мың 220 сўмлық электр энергиясы талан-тараж етилген.
Бул жағдай бойынша банк лаўазымлы шахсларына қарата жынаят иси  қозғатылып тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Мойнақ қәнигелестирилген прокуратурасы

👉 Юрист Ауезбеков 👈

2 months, 1 week ago

“Отпускной” пул қашан төлениўи керек?
💬 Пуқарадан сораў: «Мен отпускке шыққаныма үш күн болды. Бирақ усы күнге шекем отпускной пулларымды бухгалтер төлеп бермеди. Бул отпуск пулын төлеўдиң анық ўақты нызамда жазылған ба?»

Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар, ҳәр жылғы мийнет дем алысында (отпускта) болған ўақты ушын хызметкердиң орташа ис ҳақысы сақланады.

💰Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын пул төлеў жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ «отпуск» (мийнет дем алысы) басланыўынан алдынғы ақырғы жумыс күнинен кешиктирилмей әмелге асырылады.

❗️Яғный, мысалы, хызметкер «отпуск»қа 2024-жыл 1-марттан баслап шығып атырған болса, оның «отпускной» пулы 2024-жыл 29-февралдан кешиктирилмей төлеп берилиўи керек.

☝️Пуқараның жағдайында оның мийнет дем алысы пулы өз ўақтында төленбеген ҳәм ҳуқықы бузылған есапланады. Бул жағдай бойынша пуқара бәнтликке көмеклесиў орайына шағым етсе, жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына көре, 3,4 млн сум жәрийма салыныўы мүмкин.

*🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.*

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

3 months, 2 weeks ago

Әўметсизлер психологиясы:

"Мен буны қылмайман, себеби бул уқсамаса не болады, не қыламан?"
Әўметлилер психологиясы:

"Мен буны сынап көрмекшимен! Егер бул ис берсе зор болады!

👉 Юрист Ауезбеков 👈

4 months, 2 weeks ago

Нызамшылықтағы жаналықлар

Жаңа 2024-жыл 1-январдан баслап ЎРҚ-869-санлы нызамы менен
суд қарарлары үстинен шағым бериў мүддетлери ҳәм тәртиплери өзгерип атыр.
Ендиликте, кассация инстанциясы бойынша шағымларды Қарақалпакстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар судлары көреди. Олий суд көрмейди кассацияны.
Олий суд енди апелляция ҳәм кассация судлары тәрепинен шығарылған қарарлары үстинен Ревизия (тафтиш) тәртибинде көреди.
Сондай-ақ, жаңа жылдан баслап апелляция бериў мүддетлери қысқарып атыр.
Соның ушын ҳәзир  апелляция яки кассация киритип қалың.
Суд қарарларынан наразы болып, апелляция, кассация жазайын деп жүргенлерге өзгерислерди жиберип, еслетип қойың.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

4 months, 2 weeks ago

❗️**Ипотека кредити

Ипотека - ең қымбат ҳәм узақ мүддетли кредит есапланады.
Шаңарақ бюджетиниң үлкен бөлеги ипотека процентлерине жумсалады ҳәм кеминде 15 жыллық өмирде.
Америка алымлары ипотеканы ең қәўипли кредит деп биледи.**
Буның таң қаларлық жери жоқ, себеби бундай кредит ийелеринде стресс жағдайлары бақланады. Себеби өмир толық қайғылардан жырақ деп кепилленбеген!

Ең ашынарлысы ипотека алған инсан өз жумысын жоғалтыўдан ҳәм төлемлерди әмелге асыра алмаў қорқыўы менен жасайды.

👉 Юрист Ауезбеков 👈

4 months, 3 weeks ago

Дәриханаларда дәри баҳасының муғдарын ким белгилейди? Дәриханаларда дәри баҳалар кескин асырылған ҳалда сатылса қандай жуўапкершилик шаралары қолланылыўы керек?

Дәриханалар өзлериниң талғамынша дәрилердиң үстине баҳа қойып сата алмайды. Оның нызамшылықта белгиленген нормалары келтирилген. Яғный Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрь күнги ПҚ-2647-санлы қарарына муўапық, сырттан алып келинген, сондай-ақ, мәмлекетимиз ислеп шығарыўшыларынан сатып алынатуғын дәри-дарман өнимлери ҳәм медицина буйымларын көтере ҳәм усақлап сатыў оларды жеткизип бериўде қатнасыўшы дәлдалшылар санына қарамастан, көтере саўда ушын сатып алынған қунынан 15 проценттен, усақлап саўда ушын көтере баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарларда белгиленетуғын шекленген саўда үстемелери қолланылған ҳалда әмелге асырылыўы белгилеп өтилген. Бул дегени дәрихана бир дәрини 10 мыңға алса соны 12 мыңнан артық суммада сата алмайды дегени. 12 мыңнан артық суммаға сатса қарар талапларын бузған есапланады.

Дәриханалар тәрепинен дәрилердиң баҳасын тийкарсыз асырып жиберсе дәрилерди конфискация етиў, Дәрихана сатыўшылар ҳәм басшыларын ҳәкимшилик яки жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, Дәрихана лицензиясын тоқтатып қойыў яки бийкар етиў шаралары қолланылыўы мүмкин.

Дәри баҳаларын онлайн тәризде анықлаў ушын @dorinarx_bot

👉 Юрист Ауезбеков👈

5 months, 1 week ago

Пенсионерлерге жер салығынан жеңиллик берилеме

Сораў: Жер ҳәм мал-мүлк салығы ушын 50% шегирме-жеңиллик белгиленген бир қатар пенсионерлер ҳәм бир қатар шахсларға. Әпиўайы пенсионелер де усы жеңилликтен пайдаланыў ҳуқықына ийемизбе?

Жуўап: Салық кодексиниң 436-статьясында физикалық шахсларға белгиленген жер салығынан жеңилликлер көрсетип өтилген. Оған көре:

Жалғыз пенсионерлер салықтан азат қылынады. Жалғыз яки ер жетпеген балалары менен яки майыплығы болған баласы менен бирге бөлек үйде жасаўшы пенсионерлер жалғыз пенсионерлер деп түсиниледи. Усы жеңиллик пенсия гүўалығы яки Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия фонды район (қала) бөлиминиң мағлыўматнамасы, сондай-ақ пуқаралар өзин-өзи басқарыў органларының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

Усы статьяда көрсетилген салық жеңилликлерине ийе болған шахслар салық жеңилликлерин алыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин жер участкасы жайласқан жердеги салық органларына ғәрезсиз рәўиште усынады.

Итибар бериң, жер салығынан жеңиллик тек жалғыз пенсионерлерге бериледи. Егер сиз де жалғыз пенсионер болсаңыз усы жеңилликтен пайдаланыўыңыз мүмкин.

👉 Юрист Ауезбеков 👈

5 months, 1 week ago

*⚡️Ҳүжжетсиз (өзбасымша қурылған) турақ жайларды ҳүжжетлестириў бойынша Өзбекстан Республикасының нызамы жақын арада қабыл етилиўи күтилмекте
📑 Нызам менен республикадағы 2,5 млн.ға жақын пуқаралардың тийисли қарарсыз өзбасымшалық пенен қурған жайларына мүлк ҳуқықын бериў*, яғный ҳүжжетлестириў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

🗞Усы жылдың 28-июль күни қабыл етилген Президенттиң ПП-119-санлы Пәрманы менен Қарақалпақстандағы айырым өзбасымшалық пенен қурылған жайларға “амнистия” жәрияланған еди.
Бул ҳүжжеттен парықлы түрде Нызам жойбарында усы Пәрманның шеңберине түспей қалған айырым жайларға да мүлк ҳуқықын бериў көзде тутылмақта.

*📨 Юристке сораў бериў
👉 @yurist_jardemi Каналға ағза болың: 👉* @Xaliq_ushin

6 months, 2 weeks ago

Тилхат пенен қарыз өндирсе болама?

Пуқаралық кодексиниң 733 статьясына көре 733-статья пуқаралар ортасында қарыз шәртнамасы, егер бул қарыздың сўммасы базалық есаплаў муғдарының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба формада дүзилиўи шәрт, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болғанында болса сўммасына қарамастан, жазба формада дүзилиўи шәрт.

❗️ Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылмаў усы Кодекстиң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерине алып келеди.

Итибар бериң! Егер қарыз алыўшының тилхаты яки оған қарыз бериўши тәрепинен белгили сўмма яки белгили муғдардағы затлар тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады.

Егер қарыз мәжбүрияты қарыз алыўшы тәрепинен берилген вексель, облигация яки қарыз сўммасының ҳәм қарыз бериўшиниң оны өндирип алыў ҳуқықын белгилейтуғын басқа қымбатлы қағаз бенен тастыйықланған болса, қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылынған есапланады.

Демек, тилхат пенен де қарыз өндирсе болады.

👉 Юрист Ауезбеков 👈

We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 3 days, 5 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 1 week ago