?ТІКЕЛЕЙ ЭФИРДЕ ФУТБОЛ UFC КӨРУ ТЕГІН!
«SPORT12.KZ» ақпарат агенттігінің 09.07.2024ж. Мәдениет және ақпарат министрі берген № KZ22VPY00096439 лицензиясы бар.
✅ жарнамаларға әкімшілік жауап бермейді.
✅Сотрудничество: @kzsport12
Last updated 1 month, 2 weeks ago
Футбол жайлы ақпарат тарататын үздік парақша
Ресми сайт: https://soqqy.com/
Youtube арна: https://youtube.com/@soqqy
Әлімжан Асқар: https://www.instagram.com/alimjanasqar
«Соққы және гол!» спорт порталының 23.07.2024 Мәдениет және ақпарат министрі берге
Last updated 1 month, 3 weeks ago
Комментатор Ерсін Еріктің арнасы
Парақша YerSport.kz сайтының серіктесі
Жарнама бойынша
@VaranRaphael
Last updated 2 months ago
Сақал қойыў мүмкин емеспе ?
Сақал қойған адамлар жуўапкершиликке тартылама?
Өзбекстан Республикасы нызамшылық нормаларының ҳеш биринде сақал қойған шахсларға қарата ҳеш қандай жуўапкершилик нәзерде тутылмаған.
Сораў пайда болыўы мүмкин мектеп оқыўшыларыда сақал қойса болама?
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 666-санлы қарарына тийкар мектеп аймағында мектепте оқыйтуғын оқыўшылары яғный ул бала оқыўшылар сақал қойыўы мүмкин емеслиги белгилеп өтилген. Егер сиз мектеп оқыўшысы болсаңыз сақал қойыў мүмкин емес.
Паспортқа сүўретке түсиўде сақал менен түсиў мүмкинбе?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011 жыл 5 январдағы 4262-санлы пәрманы менен тастыйықланған режеге көре биометрик паспортқа сүўретке түсиўде сақал менен түсилмесин деген жери жоқ.
👉 Юрист Ауезбеков 👈
📄 Алиментке арзаны өзимиз таярлап, ⚖ судқа да тапсырып беремиз. Буның ушын бизге төмендеги ҳүжжетлерди жибериң: (Тийкар шаңарақ кодекси 136-статья).
Егер сизде қандайда бир ҳүжжетиңиз жоқ болса, өзимиз сораў менен аламыз.
Личкам: Awezbekov_abdibek 1. Ерли-зайыптың паспорт нусхасы
2. Неке гүўалығы нусхасы
3. Перзент гүўалығы
4. Ерли-зайыптың жасаў мәнзили
5. Ерли-зайыптың телефон номерлери
👉 Юрист Ауезбеков 👈
❗️Ис ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың 1 марттан ҳәм 1 августтан 10% ке асыўы ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейди
Экономика ҳәм финанс министрлиги
Жалған хабар тарқатыў жуўапкершиликке себеп болатуғынлығын ескертип өтемиз.
*⚡️Бозатаў ҳәм Әмиўдарья районларында ислеўши хызметкерлер де айлық үстеме ҳәм қосымша мийнет дем алысын алыў ҳуқықына ийе болады
✅ Президенттиң қарарына көре, Қарақалпақстанның Бозатаў ҳәм Әмиўдарья районлары тәбийий климат шараятлары мониторинги нәтийжелеринен келип шығып оларды тәбийий-климат шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақлар дизимине киргизиў* белгиленген.
❓Бул нени аңлатады?
❗️Министрлер Кабинетиниң қарарыменен тастыйықланған дизимине кирген тәбийий-климат шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған районларда жумыс ислеўши хызметкерлердиң айлығына қосымша 30%ке шекем үстеме ҳәм 3 жумыс күнине шекем қосымша мийнет дем алысы бериледи.
☝️Бирақ, ҳәзир бул дизимде Бозатаў ҳәм Әмиўдәрья районлары жоқ.
?Усы районлар да дизимге кирсе, ол районларда ислеўши хызметкерлерге де айлық үстеме ҳәм қосымша мийнет дем алысы бериледи.
?Бул бойынша қарар қабыл етилгенде әлбетте каналымызда жәриялаймыз.? Постты жақынларыңызға тарқатың.**
Каналға ағза болың
?*@Xaliq_ushin??***
Электр энергиясынан нызамлы түрде пайдаланыў мәмлекет бақлаўында
Мойнақ қәнигелестирилген прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 12. 01. 2018 жылдағы “електр енергиясы ҳәм тәбийий газден пайдаланыў тәртибин жетилистириўге тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 22-санлы Қарары орынланыўы үйренип барылмақта.
Үйрениўде, орынларда бир қанша жумыслардиң орынланыўы менен биргеликде қатар кемшилиқлер ҳәм нызам бузылыў жағдайлары анықланди.
Атап айтқанда, республикамызда искерлик көрсетип турған банклердиң биринде лаўазымлы шахслар тәрепинен банк филиалына орнатылған “Ех 518” маркалы електр есаплағышиниң көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сыртдан араласып, қабыл қылынып атырған 100 процентлик электр энергияны есапламастан өткеретуғын етип схемалары өзгертирилип, әмелде пайдаланған энергия көлемин кемейтиў жолы менен 72 млн. 347 мың 220 сўмлық электр энергиясы талан-тараж етилген.
Бул жағдай бойынша банк лаўазымлы шахсларына қарата жынаят иси қозғатылып тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Мойнақ қәнигелестирилген прокуратурасы
? Юрист Ауезбеков ?
❓“Отпускной” пул қашан төлениўи керек?
? Пуқарадан сораў: «Мен отпускке шыққаныма үш күн болды. Бирақ усы күнге шекем отпускной пулларымды бухгалтер төлеп бермеди. Бул отпуск пулын төлеўдиң анық ўақты нызамда жазылған ба?»
✅ Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар, ҳәр жылғы мийнет дем алысында (отпускта) болған ўақты ушын хызметкердиң орташа ис ҳақысы сақланады.
?Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын пул төлеў жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ «отпуск» (мийнет дем алысы) басланыўынан алдынғы ақырғы жумыс күнинен кешиктирилмей әмелге асырылады.
❗️Яғный, мысалы, хызметкер «отпуск»қа 2024-жыл 1-марттан баслап шығып атырған болса, оның «отпускной» пулы 2024-жыл 29-февралдан кешиктирилмей төлеп берилиўи керек.
☝️Пуқараның жағдайында оның мийнет дем алысы пулы өз ўақтында төленбеген ҳәм ҳуқықы бузылған есапланады. Бул жағдай бойынша пуқара бәнтликке көмеклесиў орайына шағым етсе, жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына көре, 3,4 млн сум жәрийма салыныўы мүмкин.
*? Постты жақынларыңызға тарқатың.*
Каналға ағза болың
?*@Xaliq_ushin??***
❓️ Абонент тарепинен энергиянын басқа шахска берилиўи мүмкинбе?
✅️ Аўа мүмкин, себеби Пукаралық кодексиниң 475-статьясына муўапық абонент энелгия менен тамийинлеўши шөлкемнен тутастырылған тармақ арқалы қабыл қылып алған энергияны баска шахс (қосымша абонент)ка тек энергия менен тамийинлеўши шөлкем разылығы менен бериўи мүмкин
❗️ Егер нызамшылықта басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, энергияны қосымша абонентке бериў ўақтында абонент энергия менен тамийинлеўши шөлкем алдында жуўапкер болып қалабереди.
Әўметсизлер психологиясы:
"Мен буны қылмайман, себеби бул уқсамаса не болады, не қыламан?"
Әўметлилер психологиясы:
"Мен буны сынап көрмекшимен! Егер бул ис берсе зор болады!
? Юрист Ауезбеков ?
?ТІКЕЛЕЙ ЭФИРДЕ ФУТБОЛ UFC КӨРУ ТЕГІН!
«SPORT12.KZ» ақпарат агенттігінің 09.07.2024ж. Мәдениет және ақпарат министрі берген № KZ22VPY00096439 лицензиясы бар.
✅ жарнамаларға әкімшілік жауап бермейді.
✅Сотрудничество: @kzsport12
Last updated 1 month, 2 weeks ago
Футбол жайлы ақпарат тарататын үздік парақша
Ресми сайт: https://soqqy.com/
Youtube арна: https://youtube.com/@soqqy
Әлімжан Асқар: https://www.instagram.com/alimjanasqar
«Соққы және гол!» спорт порталының 23.07.2024 Мәдениет және ақпарат министрі берге
Last updated 1 month, 3 weeks ago
Комментатор Ерсін Еріктің арнасы
Парақша YerSport.kz сайтының серіктесі
Жарнама бойынша
@VaranRaphael
Last updated 2 months ago