Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

KarInform.uz

Description
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Advertising
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week, 6 days ago

7 Monate, 1 Woche her

#KarinformWiki

Википедияға жайластырылған мақалаларға инфобоксларды ислеп шығыў тәртибин төмендеги видеоқолланба арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/1hljC0wro_c

YouTube

Vikipediyada maqalalarǵa infobokslardı qosıw

Qaraqalpaqsha vikipedianı jańalaw boyınsha videoqollanba

7 Monate, 1 Woche her

Википедияның қарақалпақ тилиндеги сегментине мақала жайластырыў ҳәм оны киши темаларға бөлиў бойынша видеоқолланба.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады👇

https://youtu.be/ymFxZZ3NfN8

YouTube

Vikipediyada maqalalardı kishi temalarǵa bóliw hám ádebiyatlardı qosıw

Qaraqalpaqsha vikipedianı jańalaw boyınsha video qollanba

7 Monate, 1 Woche her

#KarinformWiki жойбары тийкарында таярланған видеоқолланбада қарақалпақша википедияға мағлыўмат жайластырыў тәртиби көрсетилген.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/jKVqqJdiYVI

YouTube

Vikipediaǵa maǵlıwmat qosıw

Qaraqalpaqsha vikipedianı jańalaw ushın video qollanba

7 Monate, 1 Woche her

Karinform.uz сайты тәрепинен википедияның қарақалпақша сегментин жаңалаў бойынша #KarinformWiki жойбарын баслаған едик. Усы жойбар тийкарында википедияға мағлыўматлар жайластырыў тәртиби бойынша видеоқолланба ислеп шықтық.

Төмендеги силтеме арқалы көрип шықсаңыз болады 👇

https://youtu.be/hDDpcONYMIw

YouTube

Vikipediadan dizimnen ótiw

Qaraqalpaqsha vikipedianı jańalaw ushın videosabaqlıq

1 Jahr, 1 Monat her
KarInform.uz
1 Jahr, 1 Monat her
KarInform.uz
1 Jahr, 1 Monat her
***⚡️*****Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы …

⚡️Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды.

Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12675

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz

1 Jahr, 1 Monat her

9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.«Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық:

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби элементлериниң мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды;

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарылып ямаса реализацияланып атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес;

- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мүмкин емес.

Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz

**9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн**1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши …
1 Jahr, 1 Monat her
**Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 …

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толдыҚарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь, 2019-жыл 29-июнь ҳәм 16-декабрь, 2021-жыл 12-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген.

Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz

1 Jahr, 1 Monat her

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи«Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

🔰Пәрман тийкарында:

🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи.🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында:

▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;

▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум;

▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған адамлар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген адамлардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум;

▫️ белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум;

▫️ басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылады;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

🔸Сондай-ақ, 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке көбейтиледи.🔸 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

▫️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум;

▫️ базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленеди.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz

[#Нызамшылықтағы\_жаңалықлар](?q=%23%D0%9D%D1%8B%D0%B7%D0%B0%D0%BC%D1%88%D1%8B%D0%BB%D1%8B%D2%9B%D1%82%D0%B0%D2%93%D1%8B_%D0%B6%D0%B0%D2%A3%D0%B0%D0%BB%D1%8B%D2%9B%D0%BB%D0%B0%D1%80)
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week, 6 days ago