Paziyletuz | Рәсмий канал

Description
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 4 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 2 weeks ago

4 weeks, 1 day ago
4 weeks, 1 day ago
[#сораў\_жуўап](?q=%23%D1%81%D0%BE%D1%80%D0%B0%D1%9E_%D0%B6%D1%83%D1%9E%D0%B0%D0%BF)

#сораў_жуўап

ҲИДАЯТ ТАБЫЎ ҲАҚҚЫНДА

Сораў: Ийман, ықлас Аллаҳ тааладан бериледи ме яки инсан ҳәрекет етип ериседи ме?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Аллаҳ таала бендеге ҳидаятты Өзи бериўи, Өзи ҳидаят қылған адамды ҳеш ким адастыра алмаўы ҳаққында бир қанша аятлар бар. Бирақ, Аллаҳ таала бар ҳәм бир екенинен дерек бериўши бир қанша белгилер бола турып, Аллаҳға ийман келтирмегени ушын инсан гүнакар болады. Демек, "Ҳидаят – Аллаҳтан", дегени Аллаҳ таала Өзиниң бар ҳәм бир екенин аңлатып туратуғын аятларды түсириўи дегени. Бирақ, бенделер өзлери сонша белгилерди көрмеўи, билмеўи – Аллаҳты ҳидаят бермегени емес, ал бенде өзи берилген ийманды, ҳидаятты таба алмағаны есапланады.

👉 Жуўмақ сол, бендеге Аллаҳ таала жақсылық яки жаманлық, ийман яки күпирди таңлаў ықтыярын берген. Ол усы ықтыярын шәриятта жақсы саналған ислерге байласа, саўап алады. Егер қайтарылған ислерге байласа, қадаған етилген исти ықтыяр қылғаны ушын жуўапкер болады. Усыған көре ким шәрият белгилеген жолдан жүрсе, саўапқа ериседи. Нәпси қәлеген жолдан жүрсе, шәрият көрсетпесине бойсынбағаны ушын жазаға дуўшар болады. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

1 month ago
[#күн\_аяты](?q=%23%D0%BA%D2%AF%D0%BD_%D0%B0%D1%8F%D1%82%D1%8B)

#күн_аяты

Сиз: "Динге әмел қылыў жүдә қыйын", — деп айтпаң!
Себеби, Аллаҳ таала айтады: "Аллаҳ сизлерге жеңилликти қәлейди, сизлерге қыйыншылықты қәлемейди".

📖 Бақара сүреси, 185-аят. (Muslim.uz).

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

1 month ago
[#намаз\_ўақытлары](?q=%23%D0%BD%D0%B0%D0%BC%D0%B0%D0%B7_%D1%9E%D0%B0%D2%9B%D1%8B%D1%82%D0%BB%D0%B0%D1%80%D1%8B)

#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 18-декабрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

1 month ago
1 month, 1 week ago
1 month, 1 week ago
1 month, 1 week ago
[​​](https://telegra.ph/file/b8e061d3fa4b0fea793ef.jpg)[#Сораў\_жуўап](?q=%23%D0%A1%D0%BE%D1%80%D0%B0%D1%9E_%D0%B6%D1%83%D1%9E%D0%B0%D0%BF)

​​#Сораў_жуўап

ПЕРЗЕНТ ТУЎЫЛҒАНДА ЖАНЛЫҚ СОЙЫЎ ШӘРТ ПЕ?

626-Сораў: Қызым жақында үшинши перзентин дүньяға келтирди. Елеге шекем басы кеселден шықпай жүдә көп мәрте емлеўханаға түсип қалады. Буған себеп жанлық соймағанымыз болыўы да мүмкин бе? Улыўма перзент туўылғанда жанлық сойыў динимизде шәрт әмел есапланады ма?

💭 Жуўап: Жаңа дүньяға келген балаға шүкиршилик ретинде ақиқа қылыў, яғный қандайда бир жанлық сойыў ҳанафий мәзҳабына көре мустаҳаб әмел саналады. Бул дегени жанлық сойылса, саўап болады, егер қандайда бир себеп пенен ақиқа бериў имканияты болмаса гүна болмайды.

Айырым ҳәдиси шәрийфлерде бала ушын сойылған жанлық гиреў болыўы, ол себепли Аллаҳ таала балаға жететуғын бәле, дүзелмейтуғын кеселликлерден сақлаўы атап өтилген. Атап айтқанда, Самура разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ҳәр бир жаңа туўылған гөдек ақиқасы есесине гиреўде болады. Оның ушын жетинши күни сойылады", — деди". (Имам Термизий рәўияты).

Бул рәўиятқа көре ақиқа бала туўылғанының жетинши күнинде әмелге асырылса, жақсырақ болады. Егер жетинши күни имканият болмаса он төртинши күни, егер он төртинши күни де болмаса жигирма биринши күни болыўы усыныс етилген. Базы уламаларымыз бала туўылғанынан кейин қашан болса да оның атынан ақиқа ретинде жанлық шалынса орынлы болыўы айтылған. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

1 month, 1 week ago
[#намаз\_ўақытлары](?q=%23%D0%BD%D0%B0%D0%BC%D0%B0%D0%B7_%D1%9E%D0%B0%D2%9B%D1%8B%D1%82%D0%BB%D0%B0%D1%80%D1%8B)

#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 11-декабрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

4 months, 1 week ago

«Өзбекстанда ҳаяллар ҳуқықларына тийисли Ислам тəлийматы нормаларын үйрениўдиң теориялық-нəтийжени əмелде қолланылыў тəреплери» атамасында оқыў семинары болып өтти

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халық пенен ислесиў фонды (UNFPA) ҳəм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Уллы Британия ҳүкиметиниң финанслық жəрдеминде Ал-Азҳар университети (Египет) менен шерикликте шөлкемлескен ҳаяллар ҳуқықларын Ислам дини көз қарасынан раўажландырыўға тийисли семинар-тренинг актуаллығы менен əҳмийетли.
Бағдарлама Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати, Өзбекстан мусылманлары басқармасы, Өзбекстан халық аралық ислам академиясы, Өзбекстан мəҳеллелери аўқамы тəрепинен қоллап-қуўатланды.
Усы жылдың 9-12-сентябрь күнлери болып өткен усы семинарда имам-хатиблер, отинойылар, мəҳелле ҳəм диний шөлкемлер ўәкиллери, соның менен бирге, Ислам дининде ҳаяллар ҳуқықлары бағдарында өз тəжирийбелери менен белгили болған, ислам таныў тараўындағы жетекши Ал-Азҳар университетиниң абырайлы профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Семинар Ислам дининде ҳаяллардың социаллық ҳəм экономикалық мүмкиншиликлерин кеңейтиў, ҳаяллар ѳмириндеги зорлыққа қарсы гүрес ҳəм басқа бул темаға тийисли кең көлемли зəрүрли темаларды қамтып алғаны менен əҳмийетли болды.
Бул үлкен әҳимийетке ийе оқыў семинарына Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Толған Юлдашева, Нѳкис қаласы Бас имамы Аминжан Набатов ҳәм Беруний районы Бас имамы Адилбай Тагаевлар қатнасты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

??????????????

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

?Телеграм| ?Facebook| ?Instagram| ?Youtube

? Интернет сайтымыз: paziylet.uz

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 4 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 2 weeks ago