Қарақалпақстан ҳаўазы

Description
Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир.

Реклама: @Sadaxaliq_bot
We recommend to visit

Подписаны 12 ваших друзей...

Подборка вдохновений для твоего гардероба ✨

По рекламе: @VSOB63

Биржа: https://telega.in/c/stil_moda_odezhda

№ 4942621747

Last updated 1 month, 2 weeks ago

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 2 months, 1 week ago

3 months, 3 weeks ago
**Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды**

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды
Жоллыбеков Владимир Бахтиярович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри лаўазымына тайынланды.

3 months, 4 weeks ago

Қоңыратта халықаралық әҳмийетке ийе жолдың 240 километри пайдаланыўға тапсырылды

Қоңырат районы аймағындағы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километрли цемент-бетон қапламалы бөлеги пайдаланыўға тапсырылды.

Жойбардың улыўма баҳасы 383,4 млн АҚШ доллорына тең болып, қурылыс жумыслары 2020-2024-жыллары даўамында әмелге асырылған.

4 months ago
Қарақалпақстан ҳаўазы
7 months ago

⚡️ 27-октябрь - Өзбекстанда сайлаў

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм де жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўы 2024-жыл
27-октябрь күни болып өтеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў компаниясы басланғанын мәлим етти.

Каналға ағза болың ??****https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

7 months, 1 week ago

Талан-тараж етиў жынаятлары анықланды

Қанлыкөл районы Камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими ҳәм «К.О.» ислеп шығарыў кооперативи лаўазымлы шахслары 13 пуқараның бәнтлигин тәмийинлегенлиги ҳаққында рәсмий ҳүжжетлерге жалған мағлыўматлар киритиў арқалы 52 млн. сўм бюджет қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлиги анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 2-бөлими “г”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Төрткүл районы Камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими ҳәм «И.Л.» ЖШЖ лаўазымлы шахслары 55 млн. сўм бюджет қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлиги анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 2-бөлими “в, г”-бәнтлери менен жынаят иси қозғатылған.

«Қарақалпақстан Сувқурилишинвест» МК ҳәм «Б.М.» ЖШЖ лаўазымлы шахслары тәрепинен Бозатаў районынан ағып турған Әмиўдәрьяның бөлиминде насос орнатыў ислерине 227,6 млн. сўм муғдарда орынланбаған жумыс көлемлерин қосып жазыў арқалы бюджет қаржыларын талан-тараж еткенлиги анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти, 205-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти ҳәм 209-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Каналға ағза болың ??****https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

We recommend to visit

Подписаны 12 ваших друзей...

Подборка вдохновений для твоего гардероба ✨

По рекламе: @VSOB63

Биржа: https://telega.in/c/stil_moda_odezhda

№ 4942621747

Last updated 1 month, 2 weeks ago

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 2 months, 1 week ago