Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳

Description
⚠️Каналдан мағлыўмат алынса мәнзил көрсетилсин!
канал иске түскен ўақыт: 05.10.2017

🌳СЕН➖БАЙТЕРЕК, МЕН➖СЕНИҢ БИР ШАҚАҢМАН!
📝Б. Қайыпназаров

🔥ӨЗИҢДЕГИ БАР БОЛҒАН БИЛИМДИ НУР ЕТИП ТАРАТ!
📝 Светлана Жәлменова Шамшырақ Сарқырама🌊🌳
@bayterekler_bot
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days ago

hace 3 meses, 3 semanas

#Road_to_Karakalpakstan

🌍Қазақстан🌍Қарақалпақстан

Инстаграмм соц.тармағында 4,5 миллион адамлық аудиоториясына ийе ННН (Нет Ничего Невозможного) аты менен белгили жас исбилермен, мотиватор Нурдәўлет 2024-жылғы баслы мақсетлериниң бири Қарақалпақстанға барыў екенин айтты.

Өйткени, оны қоңсы мәмлекетлер арасында ең көп қоллайтуғынлар қарақалпақстанлылар ҳәм сондай-ақ Нурдәўлеттиң утысқа қойған қымбат автомашиналарының жеңимпазлары да дерлик көпшилиги Қарақалпақстаннан.

https://t.me/IYU_Ayaziy
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 3 meses, 4 semanas
hace 3 meses, 4 semanas

#Ўатан_муҳаббети

🌍Қарақалпақстанға сәлем!

Бир заманлары Қарақалпақстанда, Шоманайда жасап кейин көшип кеткен екен.

🌍🎄Кавказ, Дағыстан болса керек

https://t.me/IYU_Ayaziy
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 4 meses

#Мен_оқыған_китап
#Қарақалпақша_сөзлик_қоры

🔘Айтарың барда дерлигиң жоқ,
Сүйериң барда ерлигиң жоқ,
Айтасаңда қоясаң.

🔘Ана ҳәўли болмаса мына ҳәўли,
Қаршыға болмаса шәўли (қустың аты).

🔘Еле басшы да боларсаң,
Басқара алмай да жүрерсең.

🔘Қызға берсең байырсаң.

🔘Бар ағайын Батуда болмасын,
Жоқ ағайын жолымда болмасын.

🔘Бермегенге берип қарасып жибер.

🔘Өзи ханның бөлеси,
Шайы суўық өнеси.

🔘Жаман малым,
Жақсы күним,
Аяғымды ат, қолымды қамшы етип.

🔘Жиллиден туўған саў болмас,
Ешкиниң жүни аў болмас.

🔘Абысын татыў болса ас көп болады,
Ағайин татыў болса ат көп, ел тоқ болады.

🔘Қоянның быйқ еткени қызық.

🔘Елдиң бирлигин билмегенҚуданың бирлигин билмейди.

🔘Арқада әўлие, қублада масайық,
Енди қайда қашайық.

🔘Мийнет етсең писерсең,
Көп уйықласаң исерсең.

🔘Ылдым-жылдым еки асар.

🔘Ергенексиз үйден қыз алма.

🔘Ийттиң үйи қарабарақ.

🔘Суқ семирмейди, уры байымайды.

🔘Ат бийеден,
Ана енеден,
Нар тайлақ туўа бермес ҳәр бир түйеден.

🔘Ойға ектиң салыны,
Бийикке ектик тарыны,
Аман болсақ көрермиз,
Бай баланың ҳалыны.

🔘Жаманға ақыл айтсаң қәдириң кетер,
Мың тиллалық баҳаңды бир пул етер.

🔘Жаманның жағасын жырт ағасына бар.

🔘Тон торыс тоғын ийеди.

🔘Заманына қарай заңы,
Дигирманына қарай дәни.

📖Алламберген Дәўлетмуратовтың "Ҳәр заманға бир заман" китабынан таярлап жазған Светлана Жәлменова
https://t.me/qaraqalpaqsha_elektronkitaplar

https://t.me/IYU_Ayaziy
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 4 meses

#JalmenovaS_sorawlari

📌Сөзди табың****

Бул сөздиң үш мәниси бар болып, олар:
1. Аң қусларын қондыратуғын ағаш, туғыр.
2. Келте ағаш, таяқ.
3. Үстине шыра қойыў ушын арналып исленген яғный узынлығы 50-70 см шамасындағы ағаш.

https://t.me/IYU_Ayaziy
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 4 meses

Жаңа Жылыңыз мүбәрек болсын, ўатанласлар!🎉🎄💝

hace 6 meses, 1 semana

#Ўатан_муҳаббети
#Қарақалпақ_ырғақлары

*🎼"Сәўбет" топары*

Еситер болсаң бабалардың өтмишин,
Сағынғандай Өмирбектиң күлкисин,
Алар болсаң Ана тилдиң үлгисин,
Шымбай деген елге кел!

Ҳақыйқатында да, ШЫМБАЙ деген ОлҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ ЖҮРЕГИ💝*🌍***

🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 6 meses, 1 semana

#Миллий_салт_дәстүр
#JalmenovaS_sorawlari

📌Жуўап: ЕРИЎЛИК

Жаңабай Анетеев ҳәм басқа да белсенди жуўап жазғанларға рахмет👏
🌳**канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 6 meses, 1 semana
[#Миллий\_салт\_дәстүр](?q=%23%D0%9C%D0%B8%D0%BB%D0%BB%D0%B8%D0%B9_%D1%81%D0%B0%D0%BB%D1%82_%D0%B4%D3%99%D1%81%D1%82%D2%AF%D1%80)

#Миллий_салт_дәстүр
#JalmenovaS_sorawlari

📌Сораў: Басқа жақтан ағайинниң ортасына көшип келгенде ямаса басқа жақтан жаңа қонысқа көшип келгенде көшип келген адамға басқалардың "қоныс жайлы болсын, жай қутлы болсын" деп әкелетуғын сый-саўғасы, заты, қәдеси не деп аталады?

🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

hace 6 meses, 1 semana

📚📚📚📚📚📚📚📚

📖Қарақалпақ руўлары

👉топар: @qaraqalpaqsha_elektronkitaplar

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days ago