Last updated 11 months, 2 weeks ago
主要分享如何追女,怎么谈恋爱,怎么开始的问题。非黄群,不会做收费频道。
周一 - 周五 发视频教程 周六 - 周末 发电子书教程
声明:本频道主不会藏着不发做收费群。大概率是没有收费群的。所有东西都会逐步公开。
聊天群:
t.me/+F_Gq4SGhsyAxOTNh
文字版教程:https://t.me/yanzhex 全部放到这个频道了
Last updated 1 day ago
联系管理员: @losmyanger @dibaihaowan
狼友内部讨论群: https://t.me/+QINz1zuTRj0yMDk1
中圈频道: @modugmdjjzy 大圈频道: @mdgmddaquan 魔都群一键添加:https://t.me/addlist/yE30JrGJX8M4NDg9
Last updated 6 days, 19 hours ago
Ассалаўма әлейкум, әдебиятсүйер қәўим!
Мине 2023-жыл жуўмақланыўына да санаўлы күнлер қалды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Университет пидайысы»н анықлаў бойынша таңлаў өткерилмекте. Усы таңлаўда Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси, жас шайыр, достымыз Гөззал Жумамуратова «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» номинациясына талабан сыпатында киргизилген.
? Биз сизден Гөззал Жумамуратоваға даўыс бериўиңизди соранамыз!
Даўыс бериў шәртлери оғада әпиўайы:
1) @universitet_pidayisi_bot мәнзилине кирип СТАРТ түймесин басасыз;
2) Көрсетилген үш каналға ағза болып, ТЕКСЕРИЎ түймесин басасыз;
3) «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» бөлимине (изден баслап санағанда екинши) киресиз;
4) ҳәм Жумамуратова Гөззал Калмурат қызы түймесин басасыз.
Постымызды итибарсыз қалдырмайсыз деген үлкен үмит пенен «Жас дөретиўшилер»!
Алдын ала РАХМЕТ!
Ол жерлер алыслық етеди маған,
Жүрип жетиў қыйын жалыз өзиме.
Қайғырма оған,
Қапа болып жүрме сөзиме.
Тәғдирдиң қайсыдур ой-қырларында,
Бизлердиң сағыныш уўылып кетер.
Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында,
Сениң сезимлериң жуўылып кетер.
Енди жарқын емес ышқы жулдызы,
Оның ҳәўири де суўынып кетер.
Мени ойламасаң, сени көрмесем,
Қызғаныш қыялы туўылып кетер.
Тәғдирдиң талқысын тыныш қой енди,
Сонша дәлиллестик, ал енди жетер.
Шеги жоқ даў-жәнжел бизге не берди,
Соңра сыйласықты суўырып кетер?
Шығарға жол таппай сабылғаныңда
Адамға алағат түрли ой келер.
Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында,
Сениң сезимлериң жуўылып кетер.
(егер қалған болса...)*
Базарбай Жолдасбаев
п/с: сүўретте: Қарақалпақстан халық шайыры — Нәбийра Төрешова бир қатар әмелиятшылар менен. "Әмиўдәрья" журналы, 2019-ж.
Кеттим...
Даланда тоқтады самал,
Аспанда қалыңлап баратыр булт.
Неге сөйлемейсең — турыпсаң ар-сар,
Бақырғың келсе де қаласаң тынып.
Қәдирлим, изимнен хошласыўға шық,
Қара мен кетиўге басарман адым!
Бурылып жылайман — көзлерим қурғақ,
Теректей ийилип баратыр қәддим.
Сарғайған жапырақлар төгилер жүрсем,
Бул ҳалға дүнья да көнлигип болған.
Сәл-пәл самалдан да қорқаман, билсем,
Сәл-пәл самаллар да қорқытып қойған.*
п/с: сүўреттегилердиң бәри әжәйип инсанлар!
Жақынрақ тартады жанарды жақты --
Сер салсаң ҳәр демде бир жулдыз ақты.
Қайда қонғанлығын келер көргимиз,
Нәзерим шалғанда көкте аппақты.
Жулдыздың жарығын көрген көзимиз,
Аспанның қарасын аңламай қапты.
* * *
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт
Мени мезгилимнен бурын тергеди.
Самалдың көксине орденин тағып ---
Музлардың бетине атын мөрледи.
Ең соңғы жалынды Ақырет берер.
Есилип кетпекши ең соңғы самал,
Өзиниң шамасын Жүрегим билер ---
Ең соңғы тынысын қай таңда алар.
Қашан жазылады ең соңғы қосық,
Мен қашан жасайман -- адамдай болып!
Әлемниң ең соңғы ҳүкимдарындай,
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт.
Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
02.02.2022-жыл
Айтжановтай арқалы, абзал достым — ийинлесимди туўылған күни менен қутлықлайман!
Дөретиўшилигиң берекетли болсын!
Базарбай Жолдасбаев
ҚЫЯМЕТ
**Көзлерим көрмейди шашыңның ийисин,
Қулақ еситпейди келбетиң көркин,
Жүзим енди кимниң еринин сүйсин,
Тил жүрип шаршайды, билемен, бир күн.
Миссиясы алмасып кеткен мүшелер,
Усындай өмирден шаршайсаң сен де.
Енди ҳаялласып баратыр ерлер,
(Марҳумды қатынлар қояды жерге)!**
Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
2023/01/26
Габриэль Гарсиа Маркестиң Оқыўшыларына соңғы хатынан:
Бир адам басқасына жоқарыдан турып қараўға тек оған орнынан турыўға жәрдем берип атырған ҳалатта ғана ҳақы бар екенлигин түсинип алдым.
Егер Қудай маған бираз ғана өмир бергенинде, мен көп итимал менен ойлағанларымның бәрин айтыўдан гөре, бәлким, не затлар сөйлеп атырғаным ҳаққында көплеў пикирлеген болар едим.
ТАҢҒЫ ОЙЛАР
Жерге жақынласты аспанның өзи,
Таўлар ийилиўи мүмкин еле де.
Жамғырлар сел болды, не болыр изи,
Көлге қуйылыўы мүмкин еле де,
Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де.
Пәнжеси тиймеген адамийзаттың,
Туўылған жер десе, зер етип саттың.
Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың,
Аман қалыўы да мүшкил еле де,
Тамам болыўы да мүмкин еле де.
Сәнемлер алдады сазлары менен,
Шәменниң зарлады ғазлары терең.
Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең,
Қус тилин түсиниў мүмкин еле де,
Қыз тили тилсими мүшкил еле де.
Биз айтқан намалы қосықлар жалған,
Жалған намаларды өзимиз шалған.
Соңында ҳешбири уйқасбай қалған,
Енди үйлесиўи мүмкин еле де,
Елди бийлесиўи мүмкин еле де.
Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым,
Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын.
Бундайда ким-кимди демеп қолласын,
Алланың қоллаўы мүмкин еле де,
Бендесин қорғаўы мүмкин еле де.
Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың,
Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың.
Ишин нурландырған кеўил сарайдың.
Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де,
Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де.
Базарбай Жолдасбаев
28-қаўыс
Last updated 11 months, 2 weeks ago
主要分享如何追女,怎么谈恋爱,怎么开始的问题。非黄群,不会做收费频道。
周一 - 周五 发视频教程 周六 - 周末 发电子书教程
声明:本频道主不会藏着不发做收费群。大概率是没有收费群的。所有东西都会逐步公开。
聊天群:
t.me/+F_Gq4SGhsyAxOTNh
文字版教程:https://t.me/yanzhex 全部放到这个频道了
Last updated 1 day ago
联系管理员: @losmyanger @dibaihaowan
狼友内部讨论群: https://t.me/+QINz1zuTRj0yMDk1
中圈频道: @modugmdjjzy 大圈频道: @mdgmddaquan 魔都群一键添加:https://t.me/addlist/yE30JrGJX8M4NDg9
Last updated 6 days, 19 hours ago