Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Yurist Kalbaev

Description
Каналда юридикалық мағлыўматлар, жаңалықлар ҳәмде юристтың жеке пикирлери жазылады.
Ҳуқықый сорауларыңыз болса @Salamat_Kalbaev
Advertising
We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 21 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Бәріңе сәлем, мен PUBG MOBILE ойынында тиктокер әрі стример - Қазанбас! Есімім Жанболат (Жанбо), Алматы қаласынан боламын. Менімен әрқашан байланыста болу үшін телеграм канал аштым.
Ал Қош келдің ❤️✊🇰🇿

Last updated 1 week ago

1 неделя, 6 дней назад
Не ушын Япония мектеплеринде оқушылар 4-класқа …

Не ушын Япония мектеплеринде оқушылар 4-класқа шекем хешқандай бақлау жумысы жазбайды?

- Себеби даслепки уш жыл ишинде тийкарғы мақсет балалардың билимлерин бахалау емес, ал адеп-икрамлылықты уйретиу хам харекетди рауажландырыу болып есапланады.

Алдын, оларға жамийетте өзин қандай услау кереклигин хам соннан кейин барып оларға басқа нәрселер уйретиледи.

Каналымыз| @ne_ushin

1 неделя, 6 дней назад

#motivaciya

Jaslarǵa ushın másláhát

I.Yusupov atındaǵı dóretiwshilik mektebi direktorı R.R.Tashimov

📱 Telegram | 📱* Instagram *| 📱 Facebook

1 неделя, 6 дней назад
2 недели, 6 дней назад

Өтип кеткен дәўирде алынбаған пенсияны алдынғы 24 ай ушын есаплатып алыўға болады.
Президенттиң 2023-жыл 28-февралдағы ПП–27-санлы Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-январдан баслап пенсионерге есаплап қойылған, бирақ өз ўақтында талап етип алынбаған пенсия пулын алыў ушын мүрәжат етилгеннен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.

☝️Әмелдеги нызамшылық бойынша бул мүддет 12 айды қурайды.

⚠️ Пенсияны тайынлаўшы яки төлеўши органның айыбы менен өз ўақтында алынбай қалған пенсия пулы өткен дәўир ушын мүддети шекленбеген ҳалда төленеди.

https://t.me/maman_advokat

Telegram

МАМАН АДВОКАТ

Сорауларыныз хам пикирлериңизди ***👉*** @maman\_advokatbot жибериң Тел: 90 700-04-40 Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады. Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.

**Өтип кеткен дәўирде алынбаған пенсияны алдынғы 24 ай ушын есаплатып алыўға болады.**
2 недели, 6 дней назад

*⚡️Мүддети өткен паспортын 1 ай ишинде алмастырғанлар жәрийма төлемейди
Өзбекстан Республикасы пуқарасының биометрикалық паспорты ҳаққындағы режениң 11-бәнтине муўапық, пуқара төмендеги жағдайларда 1 айдың ишинде паспортын ID-картаға алмастырыўы керек*:

✔️ паспортының мүддети таўсылғанда;
✔️ фамилиясы, аты, әкесиниң аты өзгергенде;
✔️туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде.

☝️Бирақ, паспортын усы бир ай ишинде алмастырмаған пуқараға 1 млн 20 мың сумға шекем жәрийма салыныўы мүмкин.

✏️ Паспортты ID-картаға алмастырыў ушын ишки ислер уйымына ямаса тийисли мәмлекетлик орайларына мүрәжат етиў керек. Арзаны my.gov.uz порталы арқалы да бериўге болады.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.
*💬 Юристке сораў бериў
Каналға ағза болың
👉@Xaliq_ushin👈🏻***

Telegram

XALÍQ USHÍN ⚖️

***⚡️***Мүддети өткен паспортын 1 ай ишинде алмастырғанлар жәрийма төлемейди ***✅*** Өзбекстан Республикасы пуқарасының биометрикалық паспорты ҳаққындағы режениң 11-бәнтине муўапық, пуқара төмендеги жағдайларда 1 айдың ишинде паспортын ID-картаға алмастырыўы керек:…

3 недели, 1 день назад

💵**Кешки ҳәм сыртқы тәлимде оқып атырғанларға қосымша дем алыс ҳәм пуллы компенсация бериледи

Мийнет кодексиниң 385-статьясына муўапық, жоқары оқыў орынларында (ЖОО), техникум ямаса колледжлерде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған жумыс ислеўши студентлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасыў ушын төмендеги мүддетлерде оқыў дем алыслары бериледи**:

🔸ЖООда кешки тәлимде оқып атырған 1-2-курс студентлерине – кеминде 20 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 10 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 30 күн;

🔸ЖООда кешки тәлимде 3-4-курста ямаса оннан жоқары курсларда оқыўшыларғакеминде 30 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 20 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 40 күн.

* Бунда*:

дем алыс дәўири ушын орташа айлық ис ҳақы сақланады;
сессия ўақтында оқыў орнына барып келиўи ушын ҳәм мәмлекетлик аттестациядан өтиў ўақтында бир мәрте жол ҳақысының кеминде ярымын қаплап бериледи.

🔰 Хызметкер бундай оқыў дем алысынан пайдаланған жағдайда да тийкарғы мийнет дем алысынан ҳеш қандай тосқынлықсыз пайдаланады.

*☝️Бул қосымша дем алыс ҳәм компенсация хызметкер биринши мәрте сол дәрежедеги (жоқары яки орта арнаўлы) мағлыўматты алыў ушын оқып атырган болса бериледи. Яғный, хызметкердиң жоқары яки орта арнаўлы мағлыуматы болмаса ҳәм сондай мағлыуматты алыў ушын оқып атырған болса*, жоқарыдағы жеңилликлерден пайдаланыўы мүмкин.

✈️Жақынларыңызға тарқатың.

💬 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉*@Xaliq_ushin👈🏻***

Telegram

XALÍQ USHÍN ⚖️

***❗️***Кешки ҳәм сыртқы тәлимде оқып атырғанларға қосымша дем алыс ҳәм компенсация бериледи ***✅*** Мийнет кодексиниң 385-статьясына муўапық, жоқары оқыў орынларында (ЖОО), техникум ямаса колледжлерде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған жумыс ислеўши студентлерге…

4 недели назад
4 недели назад
4 недели назад

#Nızamshılıqtaǵı_jańalıqlar

❗️Salıq penen baylanıslı huqıqbuzarlıqlar ushın finanslıq sankciyalar tek sud tárepinen qollanıladı

🔰Qararǵa muwapıq, 2023-jıl 1-oktyabrden isbilermenlerge muǵdarı 10 million swmnan joqarı bolǵan salıq penen baylanıslı huqıqbuzarlıqlar ushın, eger isbilermenlik subiekti huqıqbuzarlıqtı tán almasa, finanslıq sankciyalardı tek ǵana sud tártibinde qollaw ámeliyatı jolǵa qoyıladı.

🗓 2024-jıl 1-yanvardan tómendegi tártipler engiziledi:

🔹awıl xojalıǵı ónimlerin jetistiriwshilerge ónimdi qamsızlandırıwda qamsızlandırıw sıylıǵınıń 50 payızı muǵdarında subsidiya beriw;

🔹“Izertlew hám rawajlanıw” orayları ushın olar shólkemlestirilgen kúnnen 3 jıl múddetke mal-múlk salıǵı hám jer salıǵı boyınsha esaplanǵan summanıń 1 payızın tólew, olardıń jumısshıları ushın sociallıq salıq stavkasın 1 payız muǵdarında esaplaw;

🔹mámleket úlesi 50 payızdan joqarı bolǵan shólkemler tárepinen hár jılı ámelge asırılatuǵın investiciya joybarları bahasının keminde 5 payızın obligaciyalar shıǵarıw arqalı qarjılandırıw.

▶️ 2024-jıl 1-yanvardan fizikalıq hám yuridikalıq shaxslarǵa QQS tolıq qaytarıw sisteması tómendegiler esabınan keńeytiriledi:

shet el turistlerine - Ózbekstan xalıq aralıq aeroportlarında Ózbekstanda satıp alınǵan hám “Tax free” sisteması boyınsha rásmiylestirilgen ónimler ushın;

tur-operatorlarǵa - shet el kontragentler menen shártnamalar sheńberinde kórsetilgen eksport xızmetleri ushın.

🗒 2023-jıl 1-noyabrden:

🔸únamlı ekologiyalıq ekspertiza juwmaǵın almaǵan obiektlerge qarata qarjılandırıw, kreditlaw hám basqa finanslıq operaciyalardı toqtatıp turıw mexanizmi engiziledi;

🔸ekologik huqıqbuzarlıq islegenlerge qarata zıyandı qaplaw menen bir qatarda, zıyan jetkizilgen tábiyat obiektin qayta tiklew, sonday-aq, onıń belgili bir múddet dawamında qorǵalıwın támiyinlew májbúrıyatı júkletiledi.

📆 2024-jıl 1-yanvardan:

▫️respublikanıń uzaq múddetli suw balansı prognozın júrgiziw, suw resursların tejew dástúrlerin qabıllaw ámeliyatı jolǵa qoyıladı;

▫️Qaraqalpaqstan Respublikası hám Xorezm wálayatınıń awıl xojalıǵı ónimlerin jetistiriwshilerge suwdı tejeytuǵın texnologiyalardı engiziw ushın kreditler 10 payız stavkada (procent stavkaların subsidiyalaw esabına) ajratıladı.

https://t.me/maman_advokat

Telegram

Huqıqıy málimleme QR

#Nızamshılıqdagi\_jańalıqlar ***‼️***“Ózbekstan - 2030” strategiyası qabıl etildi Prezident Pármanı (PF-158-sanlı, 11. 09. 2023 j.) menen “Ózbekstan - 2030” strategiyası tastıyıqlandı hám de onı 2023-jılda óz waqtında hám sapalı ámelge asırıw boyınsha Prezident…

1 месяц назад

Шавкат Мирзиёв: "Халықаралық майданда баланс бузылды"

Президент дүньяда болып атырған ўақыялар ҳаққында сөйледи.

👉 @Karakalpak24

We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 21 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Бәріңе сәлем, мен PUBG MOBILE ойынында тиктокер әрі стример - Қазанбас! Есімім Жанболат (Жанбо), Алматы қаласынан боламын. Менімен әрқашан байланыста болу үшін телеграм канал аштым.
Ал Қош келдің ❤️✊🇰🇿

Last updated 1 week ago