Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 6 days, 7 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 5 days, 17 hours ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 2 days ago
🎙 Даўытбай Қайпов
https://t.me/ibratli_sozler
ИВАН ВАСИЛЬЕВИЧ КӘСИБИН ӨЗГЕРТТИ
Бәршемизге танымал болған фильмниң оргинал аты "ИВАН ВАСИЛЬЕВИЧ". Ол, 1936-жылда әйне "Социалистик реализм" күшке кирип, Максим Горький қайтыс болып, "қатаған"лар дәўириниң ҳәўиж алып атырған (жазыўшы қаза болмасынан 5 жыл алдын) ўақытлары жазылған.
Жазыўшы, бир ғана усы шығармасы менен әдебият әлеминде мәнги бақый жасаўы мүмкин еди, бирақ, пүткил өмири даўамында бир неше көркем шығармаларды жазып қалдырыў бахтына мияссар болған.
Магия устасы Булгаков әдебиятта өзгеше ўақыт машинасын ойлап тапты. Жазыўшының бул машинасы, Герберт Уэллсниктиң ойлап тапқан машинасынан да айрықша болып шықты. Себеби бул машина арқалы, арқаға, анығырағы өтмишке қайтыў мүмкиншилиги бар еди.
Көз алдыңызға келтирип көриң, үйиңиздеги дийўал артында жаўыз патша Иван Грозний ҳәм оның хаткери қандайдур хат жазып отыр... Яки болмаса қоңсыңыздың үйинде тутқыш бермес қолы суқ уры газета оқып атыр. Ал сиз болсаңыз машинаны иске қосып, ортадағы диўалды алып таслап оларды жин көргендей аўҳалда албыратып қоясыз. Ол аз болса, бөлме ишиндеги перде артында Иван Грозний жасырынып турған болса. Сөз бенен қыялдың қүдиретине қараң, ўақыт машинасы әйне сол китаптың ишинде екен.
Пьеса сюжети дәслеп улыўма басқаша, келешекке саяхат қылыў мәнисинде жазылған болады. Бирақ, ҳәр нәрседен советше идеология излеген партия:
"Келешекте совет мәмлекети басқаша жасаўлары керек. Сиз оны еле де бахытлырақ көрсетип, көркемлетип жарытың..!"-деп, жазыўшы шығармасынан кемшилик табады.
Булгаков болса дәрриў, қалай болмасын өтмишке қайтыўды режелестирип, қайтпас қара залым патша Иван Васильевич Грозний жасаған дәўирге барыўды өз алдына мақсет қылады. Солай етип, өлмес шедеврди жазып шығады.
Өкинишке орай пьеса сахнаға шығарылыў алдында бийкарланып, жазыўшының дөретиўшилик ислери совет тизиминиң шеклеўлери астында қалады. Ҳәм ҳеш жерде баспаларда басылып шығарылмай қалып кетеди.
Ең дәслеп "Иван Васильевич" биринши мәрте 1965-жылы, М. Булгаков қайтыс болып, арадан елиў жыл өтип китап ҳалында баспадан шығады. 1973-жылда, Леонид Гайдай тәрепинен киноға айлантырылып, кино мәдениятының классикалары қатарынан орын алады.
Енди сюжет ҳаққында айтсам.
Пьеса менен кино арасындағы айырмашылық, Жазыўшы Марк Твенниң "Шахзада ҳәм Ғарип" романындағыға усатып, орынларды алмастырып қойып (ракировка менен), өтмиштеги заманларға апарып таслайды. Патша ХХ әсирдеги Москваға келеди, мәҳәлле ақсақалы Иван Васильевич болса, орта әсирлерге уры Милославский менен бирге жол алады.
Пьеса менен кинодағы айрым айырмашылықлар мине усындай:
Илимпаздың аты (Александр Тимофеев емес), Николай Тимофеев болады. Шығармада ҳаялы оны Шурик деп емес, Кокин деп шақырады.
Мәҳәлле ақсақалы Иван Васильевичтиң аты болса, Бунша Корецкий болады.
Орта әсирлердеги ўақыялар да, кинодағы сәўлеленген ўақыялардан пүткиллей басқаша даўам етеди.
Ўақыт дийўалы алып тасланған гезде, урлықшы Жорж Милославский машина гилтин өзи менен өтмишке алып кетеди.
Орта әсирлерде олар Кем волостини шведлерге берип жиберилип, соңында өз дәўирлерине қайтады ҳәм Иван Грознийға болған ўақыяларды айтып берип, қәҳәрин келтиреди.
Әйне кинодағыға уқсап пьеса ақыры да, түс көрип уйықлап жатырған илимпаздың ояныўы менен жуўмақланады.
Егер Булгаковқа өз шығармасының бүгинги нәтийжесин көриў бахыты буйырғанда, бундай жетискенлигинен өзин жетинши аспанда көрери анық еди.
P.S. Бул мағлыўматларды расын айтсам, рус әдебиятының ишине кирип кеткен китапқумар таныс яшуллыдан еситип, ядымда қалған ҳәм китапшама жазып алған материалларыма таянған ҳалда жаздым.
Пьеса менен кино арасындағы айырмашылықларды еситип отырып, 2022-жылы қайсы айда екени толық ядымда жоқ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы, поэзия кеңесиниң баслығы Әбдиқадир аға Қайыповтың "Ҳәзирги күндеги интернет тармақларында өзлерин жазыўшыман, шайырман деп жүргенлердиң дерлик 90% әдебиятқа қызықпайды. Қызықса да, китап оқымайды!" деген сөзлери ядыма түсип кетти.
Бүгин болды ең әжайип күнимиз,
Байрамладық ҳасыл тойды бүгин биз.
Дәстурханлар толы болса несийбе,
Алыс жақын қонақларым келгенде.
Қутлы болсын байрамыңыз бүгинги,
Қырманларың бийик таў болып үйилди.
Елим тыныш, жақсы тойлар жарасар,
Қыз - жигитлер сайран етип жүрипти.
✍ 15.12.24ж Жаңыл
https://t.me/Ibratli_sozler_talqilaw
🎙 Б. Өтепбергенова
https://t.me/ibratli_sozler
🎤/"Қарақалпақстан халық артисти"
Бийбираба Өтепбергенова.
***ҚЫЗ ПЕРЗЕНТ
Англияда механик болып ислейтуғын Томас исимли жигит бар еди. Ол күнделикли тағамын зорға таўып күнелтетуғын еди. Алла оған қыз перзент инәм етти. Қызы бес жасқа толғанда аяғының буўынларында жазылмайтуғын дәрт пайда болып, бойы өспей қалды. Кейин билсе, ол енди жүре алмай қалар екен. Томас қашан жумыстан қайтып қызының бөлмесине кирсе, қызы бәрҳә жылап отырған болады. Оны көрген Томас қызының бөлмесинен шығады да, ашыўы келип дийўалларды теўеди, қышқырып бақырады, түрли ишимликлер ишеди. Ол ҳәрдайым: "Ей, қудай! Не ушын мени кәмбағал қылдың?! Оның үстине қызымды да мынадай аҳўалға салып қойыпсаң!!!" деп налып жүрер еди.
Бир күни жумысқа барған ўақтында ол достысына дәртин айтып, бөлиседи. Оның сөзлерин дыққат пенен тыңлаған достысы: "Ҳәй, достым, қызлар - бул Алланың Жамал деген сыпатының сырларының бири. Яғный, Алла таала қызларға Өзиниң "Жамал" сыпатынан гейбир сырларын жасырып қойған. Оны излеп табыў керек. Ҳәрекет етиў керек, достым. Қызыңа жақын болып, сырлардан пайдаланып қал. Алла таала бул дүньяда саған берген қыз перзентиңдеги сырды бир күни әшкәра қылады," дейди.
Бул гәпти еситкеннен кейин Томас жумыстан кейин үйине қайтты. Ҳәр қашанғыдай қызы бөлмесинде жылап отыр екен. Оны көргенде Томас күнде ашыўланар еди. Лекин, бүгин ондай қылмады ҳәм қызын арқасына мингизип, бөлме ишинде айланып жүре баслады. Қыз жылаўдан тоқтады. Қызы жылаўын тоқтатқан соң, Томас тезирек жүриўге киристи. Қыз енди күле баслады. Бираздан кейин қыз қолларын қустың қанатындай етип көтерип, шықылықлап күлип баслады. Буны көрген Томас та заўықланып, бираз жылдан бери қәлбинде уйықлап жатқан "бахыт" деген сезими ояна баслады. Кеўлин қуўаныш бийлеген Томас қызын кийиндирип көшеге алып шықты. Сол күннен баслап, бул олардың күнделикли әдетине айланды.
Бир күни оның қоңсысы көрип:
- Томас, сениң көптен бери жуўырып жүргениңди байқайман. Ҳәр жылы жылына бир мәрте болатуғын Британия Ханшайымының марафонына қатнасып көрмейсең бе?- деп усыныс билдиреди. Томас оған:
- Ойланып көрейин,- деди ҳәм марафон басланатуғын күни қатнасыўшылар менен бир сапта турды. Марафонда Томас үшинши болып келди. Бирақ ҳәммениң нәзери онда еди. Себеби ол желкесине майып қызын отырғызып алғанлықтан, басқалардан ажыралып турар еди.
Содан кейин әкеси менен қызы ҳәр күни шынығыў ислеўге киристи ҳәм кейинги жылғы марафонда бәйгеге биринши болып келди. Оған "Марафон жеңимпазы ҳәм перзентине ең жақсы итибар бериўши меҳрибан әке" сыпатында Ханшайым тәрепинен тоғыз миллион доллар ақшалай сыйлық берилди.
Сол күннен баслап Томас Уллы Британияның миллионерлериниң бирине айланды. Ол ақшасының бир бөлегине ширкет ашып, маңлайына "Қызлар - бул Алланың "Жамал" деген сыпатының сырларынан бири. Ҳәм оған өзи ойламаған жерден рызқы береди", деп жазып қойды.***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/ibratli_sozlerhttps://t.me/ibratli_sozler
"АНА ЖУРТЫМ"
✍ Г. Нурлепесова
🎙* Д. Мәмбетмуратов
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉*https://t.me/ibratli_sozlerhttps://t.me/ibratli_sozler
📌Сораў: Бурынғы аўқам дәўиринде Өзбекстанда олардың узынлығы 28 метр болған. Сол ушын үйлер, имаратлар максимум 9 этажлы етип қурылған. Нениң узынлығы 28 метр болған?
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 6 days, 7 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 5 days, 17 hours ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 2 days ago