Тилеўберген Жумамуратов

Description
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орденлериниң ийеси Тилеўберген Жумамуратовтың поэзиялық каналы.

Байланыс ушын: @Tilewbergen_Jumamuratovbot
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 days, 18 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 1 day ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 2 weeks, 5 days ago

3 weeks, 2 days ago

Қағазларымды ақтарып отырып, «Қызлар ҳәзили»ниң афишасын көрип усылардың бәри ядыма түсип кетти-аў!
( "Қарақалпақстан жаслары" газетасы архивинен).

3 weeks, 2 days ago

Бир нәрсе ядыма түседи-аў! Тахтакөпирдеги клубта қойғанымызда пьесаның тап усы жерлерине келгенде мен бир шийше «арақты», яғный, әпиўайы суў толтырылып, аўызы муқыятлап жабылған арақ шийшени алып кириўим керек еди. Шықсам.., я әлҳазар!.. не көз бенен көрейин, айнаның алдында шийше жоқ.. Ырас арақ шығар деп кимдур «илип» кеткен. Анаяқ, мынаяқты қарап атырмыз, бир шийше табылса қәне?! Соң өзим Тахтакөпирши болғанлықтан, сол клубтың алдындағы Айшаханның дүканына жуўырдым. Ол енди қапысына қулып салып атыр екен. Арақ шийше сорасам, «тек пүтин арақ бар» деп есигин ашқысы келмейди. Бираз жалындым.
-Қойсаңа, Шәке, кирттәй шыдасаң, барған жериң береди ғой. «Пьесадан кейин артислерди күтемиз» деп «Ырыс борпаң» бирталай арақты алып кетти- ғо,-дейди.
Ақыры сахнадағы ҳалатты зорға түсиндирип, «аўылға масқара болатуғын болдық!» деп жалынып бир шийше арақ алдым. «Онда мен де пьесаңызды «бесплатно» көремен» деп оның өзи де мениң менен клубқа кирди.
Арақты суўға алмастырып отыратуғын ўақыт бар ма, сол турысында ала жуўырдым. Сахнаға келсем, қаҳарманларым еле сөйлесип отыр. Жақсымбай, яғный, «баслығым» ишинен тыпыршылап отырған болыўы керек, мени көрип қуўанып кетти:
-Жәке, кешиктиң ғой, дүкан жаўып кетиппе?-деди. Оның қуўанышы тап араққа қуўанғандай болды. Сонда мен:
-Жаўып баратырған екен, Айшаханнан жалынып зорға алдым,-дедим, ырасымды айтып.
Әлбетте, бул сөзлер сценарийде жоқ. Молла менен баслық мен келемен дегенше тексттен тысқары сөйлесип, тамашагөйлерге билдирмей, сахнада үзилис орнатыпты. «Мына үйижаңғырдың баласы не қылады-ай, мениң менен ойнап тур ма?» деп қоятуғын қусайды арасында.
Бийшара Қақылдақ кесе толы арақты суў шығар деп көтерип урғанда, түри бирден өзгерип кетип:
-Ақымақ сениң-ә, ашшысын!-деп жиберди. Жақсымбай екеўимиз:
-Арақтан сарқыт қалмайды, тақсыр!-деп сол бир шийшениң бәрин иштирген едик. Қақылдақ жеңилленип, йошып кетти ме дейсаң!..
Пьесаның қуны, әсиресе, ондағы миллий колоритте. Терең мәнили ушырма сөзлеринде, ирония, сарказм, теңеўлердиң көп екенлигинде, тил шеберлигинде еди, менимше. Ролим де комедиялық роль. Унамсыз қаҳарманға усап, Сабалақтың саясындай айтқанын ислеп жүрген болып көринсем де, негизинде, оның менен гүресип, көзимди бир қысып қойып, «аңқаў кескир»дей, «ишин аппарып» жүремен.
Бир қызық деталь бар еди, Сабалақ ашық болып жүрген қыздың анасы Бегзада кемпир менен ҳәр ушырасқанда шала мәс болғанлықтан, оны танымай, жөнсиз минезин билдирип қоя береди. Мен билип турып, соңынан ғана айтаман. Сабалақтың «Ақымақ, маған неге ым қақпадың, бирдей соңынан айтып мени масқара етесең» деп урысып жүретуғыны қызық. Кемпир де биресе мурт қойып, биресе оны қырып таслап жүрген «күйеў»ди ҳәр көргенде танымай қалады.
-Ҳаў мынаў ким, шырағым, порхандай зикир салып жүр ғой. Я порхан ба?
...Соң Сабалаққа қарап:
«Мынаў аўызындағы не өзи?»- дейди таңланып.
-Алдына қарап өскен мурты ғой,- деймен мен.
Кемпир:
-Мен өмиримше бундай муртты көрген жоқ едим. Тап аўызына қамыстың еки үпелегин тислеп жүргендей әжеп тәўир екен!
Және бирде кемпир Сабалақтың папкисин услап таңланады:
-Мынаў былғары ғой шырағым. Мәси тиктириўге қайым екен.
Тилеўберген ағаның қаҳарманлары унамлы ямаса унамсыз қаҳарманлар болса да, мәденият шегарасынан онша узақламайды. Комедиялық деталь сөз ойынына қурылады. Унамсыз қаҳарманы да алжасып жүрген биреў болмаса, жүдә бир гәззап емес. Сол ушын да мәсликтен, ақмақ болған Сабалақты кемпир-ғарры да, Перигүл де, алажақ қызы Гүлсим де мийрим-шәпәәт пенен кемшилигин дүзетиўге тәсир жасайды. Перигүл ҳаял адам, ериниң гүнәси ушын инсап тилейди, аяйды, кеширимли болып шаңарағын тиклеп қалайын дейди. Артқымаш «уай-уай, бай-бай» дегенге усаған таңлақ сөзлер бул пьесада ушыраспайды. Жүйесин тапқан сөз риторикадан тәсирли бола ма?!...
Тилеўберген Қуппатулла улын көркем сөздиң устасы, устаз шайыр деўге болады. Биз оның менен радиода «Тикенек»- сатиралық еситтириўине биргеликте қатар материаллар таярлағанбыз, жол-жорықларын инәбатқа алғанбыз.

2 months, 4 weeks ago

"Макарья сулыу" поэзиялық роман (Т.Жумамуратов) жүзеге шыққалы көп ата-аналар қыз перзентлерине Макарья деп исм қойды. Макарья сулыу деген де исмлер бар.

Бул Макарья деген бир қыздың социал тармақтағы публикациясы екен.

3 months ago

ТИЛЕУБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ

"ГƏПЛЕСИУ"

Гəп табамыз дослар менен отырсақ,
Зыян емес сөз бенен таң атырсақ,
Ел дөреткен ғəзийнелер аз емес,
Өсек пенен өтириктен қутылсақ.

Ғыйбат пенен кеуиллерин хошлаған,
Қандай шайыр бурқымаған, таспаған?!
Көрингенди туу сыртынан жаманлап,
Сениң өзиң артықпысаң басқадан?!

Хеш уақытта күнлемейди досларды,
Ушқыр болса, өрлей берсин асқарды,
Жаманласам ким инанар сөзиме,
Сырттан айтып қозы десем қошқарды.

Күнлемеймен, мейли мени күнлесин,
Көмек ушын шақырсын өз үнлесин,
Хешбиреуге қарызым жоқ таланттан,
Биреу билсин, мейли биреу билмесин.

Жолдасларым-қара шығар, ақ шығар,
Көтерилсе, дəулет шығар, бақ шығар,
Шайырларды сырттан өлшеп отырған,
Ең ақыллы халық деген сақшы бар!

6 months ago

https://www.facebook.com/share/p/9gCdfhvvUxcdXtya/?mibextid=oFDknk

Facebook

Log in or sign up to view

See posts, photos and more on Facebook.

6 months ago

https://www.facebook.com/share/p/1jaVCL6wK6CWGtY3/?mibextid=oFDknk

Facebook

Log in or sign up to view

See posts, photos and more on Facebook.

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 days, 18 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 1 day ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 2 weeks, 5 days ago