Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

Төлепберген МӘТМУРАТОВ поэзиясы

Description
Адамның жаслығы сулыў ғой, бирақ,
Адам өмириниң гүзи жемисли.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

Байланыс ушын: @Orekeev_Azamat
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 Woche her

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 Monat, 1 Woche her

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 Woche her

1 month ago

Өжет екенсең

Айып болар шынды жасырған,
Өжет болып өстим жасымнан.
Тосқынлықлар болса да қанша,
Оларды мен бир жықпағанша,
Өжет кеўлим кешимеди ҳеш,
Алып бардым қызғынлы гүрес, –
Алдымдағы қарсылықларға.
Бас бермедим ҳасла оларға.
О, олардың қаншасын жықтым!
Жигитликте алдымнан шықтың,
Кәраматлы достым муҳаббат.
Бирақ та мен жатырқаңқырап,
Сениң менен айқаса кеттим.
Шамасы мен әззилик еттим,
Жыға алмадым. Жықтың гүресте,
Айттың маған: ,,сен өшегиспе!
Сен билип ал, дос ким, душпан ким,
Ашықларды бирге қосқан ким".
Мен айттым:
,,Ҳаў, достым, сен бе едиң,
Әўелден не айтып келмедиң?."
Мен алдыңа түстим жумалап,
Сол бир қыздың үйин жағалап.
Жүрдим сениң ҳәмириң менен,
Ҳәм дем алдым ҳәўириң менен.
Өжет едим, мени де жеңсең,
Сен меннен де өжет екенсең.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:
👇*👇*👇👇👇**@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 1 week ago
**Өлиниң муҳаббаты**

Өлиниң муҳаббаты

(Лерментовтан)

Муздай қара топырақта,
Тәним мениң,
Сениң менен ал бирақ та,
Жаным мениң.
Дүнья шығып кетти естен,
Жетпес дадым,
Қәбирде ҳәм сени ҳеш мен,
Умытпадым.

Өлеримде азап шектим,
Кеттим-аў, ўах!
Айралықтан ләззет күттим,
Айрылық ах!
Периштени көрип бирден,
Ойға талдым...
Сәўлең екен көкте жүрген,
Билмей қалдым.

Жәннетиниң кереги не,
Сезим менен
Жер ләззетин алдым бирге,
Өзим менен,
Әрманымды ҳүрметлермен
Мудам, қудай.
Рәҳим етип, жас төгермен,
Бурынғыдай.

Қушар ма деп сатып арын,
Өзиңдейди,
Азап тартып, салқын жаным
Безилдейди.
Сыбырласаң жатқа егер,
Ярым болып.
Сөзиң мени жалап өтер, жалын болып.

Исти етпе мен күтпеген –
Сүйме жатты.
Некелисең өлик пенен,
Бузба антты.
Аҳ, дәркар ма үрейленип,
Жалынғаның?
Дүнья маған керек емес,
Саған мәлим.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:
👇*👇*👇👇👇**@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 1 week ago
Ойларым Кеўлим алып ушып турсам жағыста, …

Ойларым Кеўлим алып ушып турсам жағыста, Қарап жылт-жылт еткен йошлы ағысқа, Ҳәм қуслар пәрўазын көрсем алыста, Тасасыз кеўлимде қайнап ойларым. Әмиў жағалары дөнсе жасылға, Зырғыса жолларда жүйрик машина, Жайнаса шырақлар гәўҳар тасындай, Турғандай боласыз…

1 month, 1 week ago

Ойларым

Кеўлим алып ушып турсам жағыста,
Қарап жылт-жылт еткен йошлы ағысқа,
Ҳәм қуслар пәрўазын көрсем алыста,
Тасасыз кеўлимде қайнап ойларым.

Әмиў жағалары дөнсе жасылға,
Зырғыса жолларда жүйрик машина,
Жайнаса шырақлар гәўҳар тасындай,
Турғандай боласыз сайрап ойларым.

,,Ақ алтын" қырманы толып тасқанда,
Пахта пункт ийин тиреп аспанға,
Руўҳ берип геўдедеги жас жанға,
Йошасыз басымда жайнап ойларым.

Қулпы дөнсе жасыл дала байрамдай,
Мен тураман ақыл-ҳуўшым ҳайрандай,
Мисли шөл сулыўы жүйрик жейрандай*
Жүресиз әлемди жайлап ойларым.

Гейде қуўанышлы, гейде кеўилсиз,
Гейде салмақлысыз, гейде жеңилсиз,
Орынсыз ислетсем қатты кейийсиз,
Маған ташўиш* салып, қыйнап ойларым.

Жейрандай – кийиктей деген сөз.
Ташўиш – тынышымды алып деген сөз.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:
👇*👇*👇👇👇**@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 2 weeks ago
Жақсы ҳаял (Дат шайыры Данил Атниловтан) …

Жақсы ҳаял (Дат шайыры Данил Атниловтан) Шийшат ҳәм Бикелдей ерли-зайыпты Излеп табыў қыйын аўыл аймақтан. Бир күни биреўлер хабар жайыпты: – Шийшат өз ҳаялын талақ қылмақта. – Кет, қәне, ал, қәне, қәлегениңди, Сен мениң ҳаялым емессең енди. – Тоқтай тур…

1 month, 2 weeks ago

Жақсы ҳаял

(Дат шайыры Данил Атниловтан)

Шийшат ҳәм Бикелдей ерли-зайыпты
Излеп табыў қыйын аўыл аймақтан.
Бир күни биреўлер хабар жайыпты:
– Шийшат өз ҳаялын талақ қылмақта.

– Кет, қәне, ал, қәне, қәлегениңди,
Сен мениң ҳаялым емессең енди.
– Тоқтай тур, – депти де ҳаялы сонда,
Араққа мәс етип күйеўин,
Мингизипти ешекке кейин,
Ҳәм кетипти үйи менен хошласып...
Әллен ўақта бийтаныс тоғай дусласып
Ери бақырыпты: – алып келдиң қаяққа?
– Қәлегениңди ал, кет дегениңе бола,
Мине сени алып баратырғаным... –
Сонда ол ҳаялын басып баўырына
Депти оған: рахмет, жаным.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:
👇*👇*👇👇👇**@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 3 weeks ago
**Қызкеткен

**Қызкеткен

1.**

Сен есиме түспесең,
Сени сүйиў болар ма?
Суўларыңнан ишпесем,
Сирә шөлим қанар ма,
Қызкеткен.
Саған қайсы қыз кетти?
Ол кимлерди излетти?
Оның аты ким еди,
Гүлжамал ма, Сара ма?
Қай шәменниң гүли еди?
Назбайгүл ме лала ма?
Қызкеткен!
Саған қайсы қыз кетти,
Ол кимлерди излетти?

2.

Сеннен несин көрейин,
Текагыўды* билесең.
Берерсең бе сол қызды
Бойларына түнесем
Қызкеткен.
Ол есимнен шықпайды,
Басқа естен шықса да,
Қыялымнан ықпайды,
Аяғыңа ықса да,
Қызкеткен.
Аяғыңа муз кетер,
Енди ҳасла қыз кетпес,
Заман қызға ығбалын,
Суў түбинен излетпес,
Қызкеткен.

*Текагыў – ертектеги қыздың аты.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:
👇*👇*👇👇👇**@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 3 weeks ago
Есимде бар... Есимде бар еле сол …

Есимде бар... Есимде бар еле сол күнлер, ,,Ойнайық, –" деп мирәт еткениң. Есимде бар ойыныңды мен, Талай рет бузып кеткеним. Есимде бар бир күни маған, ,,Көз қараспақ ойнайық" дедиң, Сонда пүткил ықласым менен – Көзлериңе тигилер едим. Қағағайсам кирпигимди…

1 month, 3 weeks ago

*     *     * – Шадлы едиң, жигит, ҳәрдайым, Бүгин сенде қандай уўайым? Неге сонша қабақ үйесең, Айтшы достым, неден күйесең? Ҳа-а сол бир достыңның ғана, Тек қәтеңди айтқанына ма? Қой, қой, достым, қапашылықты, Достың нағыз дослық қылыпты. Төлепберген…

1 month, 4 weeks ago

Миниатюралар                          1 Бул дүньяда адам – адамнан безбеген, Неге биз қараймыз жаман көз бенен?                         2 Ҳеш ўақыт кеўил толмайды, Келмесе сөзлер қуйылып. Қосық жазып болмайды, Қудайталаға сыйынып.                        …

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 Woche her

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 Monat, 1 Woche her

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 Woche her