Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

Кеңесбай Рахманов

Description
Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 week, 1 day ago

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 month, 3 weeks ago

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 week, 1 day ago

2 weeks, 3 days ago

Ѳмир, сен уллысаң...

Ѳмир-теңиз.
Мен қайықпан ондағы.
Қәдемлерим-ескеклерим қолдағы.
Таўдай толқын бәлент-пәске ырғытар,
Буның бәри-гүреслерим жолдағы.

Ѳмир-дала.
Мен ондағы самалман.
Тек, алдыма,
тек, алдыма шабарман.
Шаңлар уйтқып гүзарымды бүркейди,
Мен бәрибир мәнзилимди табарман.

Ѳмир-дәрья.
Мен ондағы ағыспан.
Нәўпир суўлар әрманымдай шабысқан.
Мен ағайын,
аға берсин дәрья да,
Адамларды безиктирмей жағыстан.

Ѳмир-бул мен
Ѳмир-бул мен, досларым,
Ала алмайман мен ѳмирин басқаның.
Мен ѳлсем де қала берер артымда,
Теңиз, далам, жерим, күним, аспаным...

2 weeks, 3 days ago

Каналымыз топары:

@kenesbay_raxmanov_pikirler

2 weeks, 5 days ago

Қосық ҳаққында

Шаршадым деп қалемиме дем берсем,
Онда мени бир самсамға теңгер сен.
Қосық мени оятады – уйқласам,
Қосық мени тирилтеди – жерленсем.

Шашыў жүрген қанша сөзди қурадым,
Питер емес еле мақсет-мурадым.
Қосық маған – шетсиз, шексиз кең дала,
Қосық маған – теберик жер бир адым.

Зыңғытса да гули менен тасларын,
Келмеди оны жары жолда таслағым.
Қосық – мениң жүрегимде отларым,
Қосық – мениң көзимдеги жасларым.

Көп тартсам да поэзия сазайын,
Дедим бәрҳа: жақсы қосық жазайын.
Қосық мениң – қарлы қысым аязлы,
Қосық мениң – мыс қайнаған жаз айым.

Поэзия таў ғой турған еңсемде,
Оның ушын болғанман бир белсенди.
Қосық мени қартайсам да қартайтпас,
Қосық мени өлтиртпейди өлсем де…

Кеңесбай Рахманов@Kengesbay_Raxmanov

3 weeks, 4 days ago

Пулдың атын еситкенге бе, тамашаға ма, яки бала көпирдиң ең бийик ернегине шықты да, шүй төбесинен өзлерин суӯға атты. «Жүреклериниң түги бар баллар екен, -деп ойлады Владимир оларға таң қалып. -Бизлер булардай гезимизде Қызкеткенди жүзип өтиӯге де қорқатуғын едик. Ол ӯақлары гелледен суӯға таслайтуғын бәлент көпир-әм жоқ еди-аӯ». Ҳәзирги балалар пайдакүнем, жатырған шийшени көрсе де таласып атырғаны. Телевизордан көретуғын еди, Америкада ма, басқа еллерде ме, жолдан ағып турған жеңил машиналар светофорда иркилиӯден қолларында тазалағышлар бар балалар жуӯырып барып, турған машиналардың алдыңғы әйнеклерин тазалай баслайды. Сөйтип, олар машина айдаӯшылардың берген тийин-тебенин алып қала береди. Кешке шекем олар өзлерине боларлық пул тапса керек. Еле бизиң балалар да солардай болатуғын шығар. Биреӯлерден қайыр-сақаӯат күткеннен гөре өзлериниң тапқаны да абзал ғой. Бирақ, бир жаман жери - кисиден мийрим-шәпәәт көрмеген адам басқаға да жақсылық еткиси келмейди-дә, кисеңде ийт үрип турса, ким сениң алдыңда бүлбил болып сайрасын?
Толқында қасқалдақтай ығып баратырған қалпақтың изинен еки бала қулашларын сермеп жүзип баратыр. Қалпақ толқын менен гә жоқарылап, гә төменлеп, тегинликте балаларға жеткеретуғын түри жоқ. Түрли ойларға бәнт болып, қалпағына да алаңлап турған Владимирди «Жездеә» деп биреӯ сыртынан қапсыра қушақлады. Селк ете қалған Владимир оған геӯдеси менен бурылып еди, қушақлаған киси оны сол заматы жаздырыӯ менен болды. Ол қара костюмының көкирегинде орден-медальлары жарқыраған, аппақ көйлегине галстук таққан бир бийтаныс интеллигент адамды қушақлап турған екен. Аң-таңы шығып тағы бир қарады да:
-Кеширерсиз, Владимир жездем бе екен деп!-деди де ол кими уялғанынан көпирдиң үстиндеги аяқ жол менен кете берди. Қайтып бурылмады, қатты қысынса керек. Ал, Владимир «Мен сол Владимир жездеңмен ғой» деп айтыӯға да үлгере алмады. Владимир оны таныды. Сағыйданың Пердебай деген иниси еди. Кемпир-ғаррысы, Сағыйда қайтыс болғаннан кейин олар менен қатнасы суӯысып кетти. Тек, усы Пердебайы көрген сайын «Владимир жезде, қатнасайық» деп әри-бери шонтаңлап еди, сол үйдиң барлық аӯырманлығы жалғыз өзиниң мойнына шөккен соң ба, айлап, жыллап көриспейтуғын болып, жатласып кетти. Басқалары үйли, дәскели болып өз алдына шаңарақ болып кеткен, Пердебай қара мийнеттиң адамы, ызғыған бала-шаға. Жаңа ол сырттан бир қарағанда уқсатыӯын уқсатқан да, Владимирди аппақ сақалы менен көриӯге көзи үйренисип кеткенликтен қәпелимде жаңылыса қойды. Жездесин анық танығанда үйине сүйреп әкететуғын еди, Сағыйда қусап ерлиги бар, туӯысқан деген сол-дә. Көпирдиң үстинде узап баратырған Пердебайдың изинен қарады, ол да арғы шетке барған соң буған тағы бир мәрте нәзер таслады.
Жүзип кеткен балалар базар жайдың тусында қалпақтың изинен жетти. Владимир қойын қалтасына қолын тықты. «Күйеӯлеп баратырсаң, айтып бола ма, қандай-қандай заман болады. Керек тастың аӯыры жоқ» деп усы жаққа шығарда Рәметулла қойын қалтасына ақша салып атыр еди. Бар екен, әдеӯир пул. Ол санап, қалпақты әкелген балаларға беретуғынын айырып, басқа қалтасына салды. Рәметуллаға қуры өкпелеп киятыр-аӯ, ол да бир өзине қусаған аңгөдек. Болмаса, буны сазлаӯ ушын сонша мийнетти етип не қылады? Ол да не болса соған инана беретуғын ақ көкирек жигит. Бул негизине келгенде, адам инанбастай да нәрсе емес ғой. Ҳаӯ, Гүлайшаны қыз десек, Владимирди жигит десек, екеӯи де бойдақ ғой. Бир-бири менен қосылса не болыпты? Патшалар егер де сөзден жеңсе қызларын басынан торағы аққан шопанларына да берген ғой. Владимир сол шопанлар қурақым жоқ па? Бой десең бойы бар, кийген кийимлери де қуйып қойғандай жарасып тур. Муртына қара, қап-қара, шүлликтей еки уртына шаншылып тур. Бундай мурт қала бойынша Мәдирейимнен басқа да жоқ. Гүлайшаға унамаса, алдырып-ақ таслайтуғын еди ғой, мурты жоқлар өлип атыр ма?
Қызкеткенге қарады. Каналдағы суӯлар тынымсыз ағып баратыр...
(даӯамы бар)

3 weeks, 4 days ago

-Пенсия ала алмай атырман,-деди де қойды. Бул сақалдан енди биротала гүдерин үзген соң олардың жүзине матам түси енип, үмит ушқынларын сөндиргендей «қара орыс» пенен иси болмай, әңгимени бурып кетти де, дөгерегине нәзер сала баслады. Шамасы, басқа танысларын излеп атырса керек. «Ал, яқшы» деген Владимирге дыққатын да бөлмеди, ғарры өз жөнине кете берди. Сонда Әскербайды соңғы рет көриӯи екен-аӯ, жайы жәннетте болғыр... Ол турмыстың қаншама ашшы таяғын жесе де, қодирең бет-әлпетиндеги шырайлы күлкисин жоғалтқан жоқ. Оның дос-яраны да, мал-дүньясы да, бала-шағасы да, ҳәтте, ҳаялы да арақ болды, онысын өзи менен бирге ишип, алып кетти. Оның өмиринде жаслық пенен ғаррылықтың шегарасы болмады. Оны дүзиӯ жолға салыӯ ушын ата-анасы да, туӯысқанлары да, басқа қайырхомлары да терлерин төкти, бирақ, ол дүзиӯ жолда жүриӯ ушын жаратылмаған еди, ол Шахаман бозларында жолсыз, соқпақсыз себили шыққанша гезенделик етиӯге туӯылған жан еди. Ол қосық бағын шенгел қорадай қорғады, гүлин таплағанларға тикендей шаншылды. Ол поэзияның полат таға қағылған талмас дойнағы еди, ол мудамы муз үстинде тулпарын қамшылады. Сени «жақсы» дейтуғын тиллер табылмады, «жаман» деп айтыӯға да айбынды сеннен. Сен арақ ишип атырған жер саӯашқа айланар еди, ҳәтте, милиция да дуӯырлап бара алмады. Қанша тентек болсаң да милиционерлер де сениң қосықларыңды жақсы көретуғын еди. Асаӯ талант сени ой-шуқырға ылақтырып талай майырды, пирли талант саған арақ тасып, қосық қушағында естен айырды, Әскербай! Тәғдир ойыны ирмәкәсинди билмеди, ақ қағазға көзлериңнен қан тамызды. Сениң тон мойының ҳеш кимге бурылмады, бундай мойынға галстук байлаӯды ар көрер едиң. Сен Шахаманның суӯатындағы жылқыдай киснедиң, оқырандың, өнкиледиң, еркинлигиң өз қолыңда болды, усындай бийғәрезлигиңнен душпан арттырдың, ар-уятың үстиндеги шабандозын жығып кеткен асаӯ аттың ериндей аӯып жүрди. Феникс деген қус болады, бизиңше суймурық деген, өртенсе де, күйсе де, күлдиң арасынан тирилип уша береди екен дейтуғын едиң. тап, сол қус сениң өзиң екен-аӯ, Әскербай. Сен басқалардай ақша табыӯды ойламадың, оңлы китабыңды да шығара алмадың. Сен Нөкистеги зоопарктиң темир торына тап болған Қусхана бетте, Ержан атаӯда, Ақ қалада қамыслардың арасында өскен Шахаманның жолбарысы едиң. Сеннен бахытты да, байлықты да қызғанған жан болмады, тек ғана басқалар сеннен шайырлықты қызғанды. Сен қолтығында қанат қомланып турған тулпар болмасаң да, көкирегинде талант тепсинип турған қайталанбас шайыр едиң. Сениң көз ашып көрген, есиң енип дүнья таныған өмириңниң барлығы қосыққа алданып, соның ғалма-ғалы менен, соның қуӯанышы менен, соның ҳәсирети менен өтип кетти. Сен теңиздеги жалғыз қайық болдың, сенде ескек те, таяӯ да, желқом да болмады. Күнлердиң күнинде тәғдир даӯылы айдаған әжел толқыны усы кишкене, бирақ, қүдиретли қайықты аӯдарып кететуғыны сөзсиз еди. Сөйтти де... бул - өмир заңы, тиришилик нызамы...
Қызкеткенниң суӯының үстинде аз ғана шаңғыт шыйратылып, есилди де, кишкене қуйынға айланып Владимирди таӯып алды. Қәпелимде басындағы қалпақ ушты да кетти. Қараса, үйректей болып каналдың дал ортасында қалқып баратыр екен. Қумға аӯнап атырған ярым жалаңаш балалар көпирдиң жақлаӯына асылып турған ғаррыға жуӯырып келди:
-Қалпақ сизики ме?
-Аӯа!-деп Владимир басын сыйпады.
-Жвашкаға пул берсеңиз, әкелип беремиз!
-Берейин.

3 weeks, 4 days ago

Көз алдына тағы Әскербай шайыр елеследи. Егер ол ҳәзир болғанда Гүлайшаны қосықлары менен жаӯлап алыӯға болар еди. Бети гедир-будыр, сөзи алжы-булжы болса да ол ҳақыйқатлық ушын шыбын жанынан ӯаз кешетуғын адам еди. Сонда сирә да өз мәпин ойламайды-аӯ, дурыслап үйленген де жоқ, бирақ, Владимир кемпир аламан десе өзи алғаннан бетер қуӯанатуғыны турған гәп. Соңғы жыллары аӯзында тиси қалмады, сөйлегенине түсиниӯ қыйын. Дәслеп мурт қойды, ол да тышқанның қуйрығындай. Сақал қойды, оңысы да кесекли атызға алағат көгерген егинниң нәлиндей сийрек, асықпай отырсаң ийегинде неше жүни барын санап ала бересең, мәш қырмандай ырым-жырым бетке селдир сақал да дым жараспайды екен. Сол Әскербайшылығында қалды, оны ғарры деп бир адам да айтқан жоқ. Соңғы рет марттың басларында көрип еди, қыстың еле қурысы жаздырылмаған желемик аязлы күнлердиң биринде базарда ушыратты. Қасында узын бойлы, оң аяғын сылтып басатуғын, мурны белдиң қумырасындай, бир гәп айтажақ болса қолын жоқары силтеп кеңкилдеп күлип алатуғын Кеңес деген жорасы бар екен. Екеӯи де әбигер, үстиндеги кийимлери баяғы жас жигит ӯақтынан қалған ба, Кеңестиң басындағы қатынлар кийетуғын дегелей, қолындағы дорбасы «Ударник коммунистического труда» деген көшпели вымпелдиң мықлы қызыл таӯарынан тигилген. Мойнына дорба илдирилсе, демек үйленгени...
-Қудайдың өлимин де! Үйлениӯ қайда буған?-деп Әскербай Владимирдиң гүманын бийкарға шығарды.
-Өзиң не қылдың, қара орыс?-деп күлди Кеңес. Атының Владимир екенин билгеннен кейин баяғы да бир ишип отырғанда «қара орыс» деп лақап таққан екен, еле умытпаған екен. Өзи бул жигит те тәӯирақ жазыӯшы қусайды, Әскербай саӯатлы деп мақтайды ғой. Әскербай мойынласа, бир кәраматы болғаны. Ол да усы жасына шекем үйленемен деп өзиниң еркек екенин минлет етип, ҳеш кимге мыңғырыӯламапты. Баяғыда, институтта муғаллим болып жүргенде бир қызға ашық болған қусайды, бул өз басына ашық болып жүре берген, ортада я Әскербайға қусаған дәнекерши адамы да болмапты. «Оқытатуғын муғаллимимен ғой, меннен басқа кимге тийеди» деп көкирегине урса керек. Қыз деген жарқылық та сынаптай ғой, бир жерде тура ма? Қашшан бир жылмақай қағып әкеткен. Соннан берли үйленбеген, ол жөнинде ойланбаған. Ҳәр түрли етип айтады. Адамларды күлдириӯ ушын Кеңестиң әдети: ӯақыяны өзгертип, күлкили тәрепин көбейтип бара береди. Жазыӯшы болған соң ба я өтирик сөйлеӯди қумар ете ме, оны тек өзи күлгенде күлип, тыңлап отыра бересең.
-Қара орысты көргенде әкем дерсең, сары орыстың садағасы кетейин деген бе, Әскербай?-деп Кеңес оған қарады.
-Ким?-деди Әскербай түсинбегенсип. -Микродан жай алып едим, Владимир. Ағайдың оқыӯдағы қызлары солманда болып атыр. Жақында аяғым исип кетип, жүре алмай қалдым. Мәтжан емледи, мың айтсаң да аӯылластың аты-аӯыллас ғой. Бир тийин алған жоқ. Дәрилерин өзи тапты. Мың жасасын! Бармағымда бир ҳәптелик жүримим қалған екен. Сен буны еситпеген шығарсаң, Владимир?
-Қаяқтан еситемен?
-Аӯа, саған да қыйын. Жалғыз баслысаң...-деп қамсыққандай болды Әскербай. Оның бундай ҳалатқа түскенин биринши рет көриӯи. -Енди арақ ишиӯге болмайды деди дуқтырлар. Қәйдем, ишпей қалай жүре аламан?
-Өлгениңше ме?-деди Кеңес.
-Өлгениңше-дә! Өлген соң қалай ишесең?
-Қойса сол дуқтырларыңды! Аӯырса, аяғың аӯырыпты...
-Қаяғың аӯырса да арақ пенен ала жипти кесисипесек болмайды екен!-деп Әскербай адам қусап сөйлесип турып еди, бирден: -Әй, сол қойғанда, қоймағанда табылып тур ма еле бир! Я сенде бар ма, Владимир, ырымын еткендей?-деп бузылысып кетти. «Түрткен ақыл болмаса, сүрткен ақылдың пайдасы жоқ» деген усы екен-аӯ. Бәрибир, сандығына тартпай турмайды. Екеӯи де жетимлердей Владимирге телмирип қарады. Кеңес ҳәр жери түтеленип, жыртылып кеткен шарфы менен мойнын қымтайды, бирақ, аржағындағы көпшиктиң тысындай көйлеги сүзбе қалтадай емшек ҳәр күни он-онбес мәртебе кирип-шығып турған емизиӯли баласы бар қатынның жағасындай ырбыйып шырайын қашырып тур. Баяғылары мойнынан галстуги түспейтуғын шыррық жигит еди-аӯ. Владимир ақшасын қызғанған жоқ, Әскербайдың ден-саӯлығын ойлады, врачлар енди ишпе деген болса, анық наӯқасқа шатылғаны ғой.

1 month ago

Қудайым-аӯ, бар екенсең ғой, Гүлайшаның «арза жазыпты» деген аӯзынан айланып кетсе арзыйды ғой. Ақылға, адамгершиликке питип қалған қыз екен ғой. Жапақтың көзинен жас айланып кете жазлады.
Адамлар ғаӯырласып:
-Не арза?
-Кимниң үстинен?
-Ҳеш кимниң үстинен жазбаған...
-Ҳа, солай шығар, Жапақ еси бар жигит ғой.
-Бул арзасын ӯақтыңызды алып оқып бермей-ақ қояйын,-деди Гүлайша изин сыпайластырып, -Ол арзасында жумыстан босатыӯды сораныпты.
-Басқа жақтан жумыс тапты ма екен?
-Жеке фирма ашажақ қусайды.
-Ҳәзир исбилермен боламан деген адамға жол ашық ғой,-деди Меңлимурат. -Арзасын қанаатландырыӯ керек.
-Ҳаӯ, өзи не дейди?-деди Ерекеш.
-Өзи не десин? Бәрин арзасының ишинде айтқан ғой,-деп Гүлайша Жапаққа хатын қайтарып берди. Жапақ өрли-ғурлы қалтасына тықты. -Бухгалтерия толық есаплассын. Бурыннан киятырған қарызлары болса, өндирип алынсын. Тағы бир мәселеси бар, оны биз шешпеймиз. Болды, келгенлериңиз ушын рахметә
Ҳәмме орынларынан турып дағыса баслады. Үстинен таӯ жылысып түскендей қуӯанған Жапақ жеңил аяқланып, ҳәммеден бурын сыртқа зып берди.
-Меңлимурат аға, сиз иркиле турың,-деп Гүлайша орынбасарын алып қалды. -Анаӯ күнги айтқаным усы алтыншы күни кеште болады. Өзиңиз ертерек барып басшылық етерсиз.
-Қуда қәлесе,-деди баслықлардың жумсаӯына ети өлип кеткен Меңлимурат. -Бәри тайын ғой?
-Таӯамыз ғой. Бир баспақ, бир қозы бар, бир жерде байлатып қойыппан. Соятуғын қассабы да саз. Саат үшке барады. Лекин, анаӯ-мынаӯ таярлаӯға азаннан баслап кириспесе болмайтуғын шығар?
-Аӯа,-деди Меңлимурат. -Ҳәзир қонақ күтиӯ де аңсат емес. Столдың үстин бос орын қалдырмай безеӯ керек.
-Бизиң үйде дурыслы той болмады,-деди Гүлайша өзиниң көптен әрман етип киятырғаны той екенин билдиргендей. -Тек туӯылған күнлер, байрамдағы отырыспақлар...
-Күйеӯ тәреп нешеӯ болып келеди екен?
-Оны сораӯ қолайсыз ғой. Бир-еки жеңил машинада келетуғын болса керек. Қанша болып келсе де күтемиз ғой. Қозыны шашлык етип, баспақтың етин бас аӯқатқа жумсаӯ керек.
-Аспаз тайын ба?
-Оны өзиңиз табасыз, Меңлимурат аға. Рестораннан алдырасыз ба. Шебер болсын.
-Ол жердеги хызметке де адамлар керек болады ғой?
-Табың өзиңиз. Қоңсыларым да бар.
-Мәкемедеги қыз-келиншеклерди тартсақ қалай болар екен?
Гүлайша ойланып қалды. Бул гәп олардың қулағына тийсе, бир күнниң ишинде пүткил қалаға жайып жибереди. Ҳәзирше бул той қупыя сыр болып тура турсын.
-Мәкемени қояйық,-деди Гүлайша. -Оларды кейин өз алдына бир шақыраман. Ресторанларда жақсы хызмет ететуғын официанткалар болады. Олар мәдениятлы хызмет етеди. Ал, биздеги ҳаяллар вилка менен қасықты, пышақты қаяғына қоятуғынын да билмесе керек.
-Ол айтқаныңыз дурыс,-деди Меңлимурат.
-Болды онда,-деди Гүлайша басқа жумысларына кирисетуғын сынай танытып, -Кемис-қутығы болса бирге питкере берермиз.
(даӯамы бар)

1 month ago

-Оның несин айтасаң, Меңлимурат жора. «Бир жигиттиң тусында жети дүркин қыз өтеди» дегендей, онлаған баслықтың орынбасары болдың ғой. Бирақ, биреӯиниң де орнын басып алмай пенсияға кетейин деп турсаң!
Адамлар күлисти. Олар бурыннан дегише беретуғын дос-яран болған соң Меңлимураттың өзи де күлип, сөзин даӯам етти:
-Мен усы кәрханада ислейтуғынлардың ҳәммесин жақыннан таныйман, бәри бес енеден белгили маған. Бул адам деген тек атқарған жумысы менен баҳаланбайды. Егер ол еркек болса, бир шаңарақтың ийеси, сол хожалықтың баслығы, бала-шағасын бағып-қағып, дурыс тәрбия берип, оқытып-шоқытып, қайырхом, ғамхор ана болсын. Ата-ана семьядағы қос арыс, солар қалай тартса, басқалары да сол жаққа кете береди. «Алдыңғы арба қайдан жүрсе, соңғы арба да соннан жүреди» деген бар ғой, ақыры.
-Бул не мораль оқыӯ?-деди шыдамаған биреӯ.
-Ҳәй, Рамазанов, жақпаса шығып кет!-деп ашыӯланды Гүлайша.
-Гәп Жапақ ҳаққында екен, ҳағын айтпасам болмайды,-деп Меңлимурат жалғастырды. –«Дос бетке айтады, душпан шетке айтады», Жапақ. Бүгин бир рети келип тур, кеӯлиңе келсе де айтайын. Соң жақсы әке бола алмадың.
Ҳәмме тым-тырыс қалды. Меңлимураттың айтып турғаны ҳеш ким күтпеген сөз еди.
-Меңлимурат ағаның гәпине қосылмайман,-деди орнынан турған Панабай деген жигит. -Әке болғанда, буннан артық не қылыӯы керек Жапақ ағаның. Ҳаӯ, еки-үш перзент өсирсе, оқытса...
-Қапталдан шапқанды қойың,-деп Гүлайша столын урды. -Әдепсизлик болады. Жыйналыс түӯе, отырыспада да ҳәр ким дус келген жеринде сөйлей бермейди ғой. Яқшы, отырың. Мәселени улғайта бермейик.
-Гулайша Мамутовна, бир саӯалым бар,-деди бағанағы Ерекеш экономист мектептиң оқыӯшыларындай қолын көтерип. -Мүмкин бе?
-Айтың.
-Бул бир өндирислик жыйналыс болатуғын болса, буған Жапақ Сексенбаевты неге қыстырып отырсыз?
Оның гәпи отырғанларда ғаӯырлы пайда етти. Олар да бундай жыйналысқа Жапақтың қандай қатнасы барын билмей ар-сар болып отырса керек.
Енди Гүлайша орнынан турды. Истиң насырға шабатуғыны мәлим болды, Жапақ кем-кем киширейип баратырғандай, мойнын көтерип көпке бет бурғандай муршасы қалмады. Гүлайшаның қолында өзи жазған хат, жазбастан таныды Жапақ. Неге ғана жаза қойды? Баслығына ашық болып хат жазғаны усы жасына жараса ма? Бойдақ болғанда да жеңилирек болар еди. Қәнекей, мына аяғының астындағы пол өзи сыйғандай болып қақ айрылса, соған өзин атып бул дүньяның қырсықларынан қутыла қойса! Тирилей өлиӯ деген усы ғой. Мына адамлар менен араласып қалай жүреди? Басын алып кеткенде қаяққа барады? Енди Мырзагүл де жоқ, балалары да жек көреди, үйиниң де табалдырығынан атлай алмайды. Владимир қусап жалғыз басы сопайып қалғаны ма? Ол ғаррыға да қудай берип қойыпты, мәкан-жайы бар. Ал, буның үйи де, дүзи де жоқ, туӯысқанлары да жоқ, дослары да жоқ. Өзин бағып-қаққан жалғыз апасы да былтыр қайтыс болды. Оннан қалған балалар менен де дурыслап қатнаспайды. Ол терлеп кетти, көйлеги арқасына жабысып қалғанын сезип отыр. Буннан гөре мылтық пенен атып жиберип бирден өлтирип таслағаны жақсы ғой. Ҳәзир жүреги тутып қалып ҳәр күни кетип атырғанлар көп ғой, қәнекей, солардың кесели Жапаққа келип, отырған жеринде жансыз қулап түссеә... Бул қудай деген де сонша зықна, өлимди де, өмирди де тиленип ала алмайсаң. Көзиниң алды қараӯытып кеткендей болды. Оның жағдайын басқалар аңламаған менен Гүлайша түсинсе керек, ол Жапаққа қайта-қайта қарады, бирақ, ол киси басын салбыратып, аянышлы аӯҳалға түскен еди.
-Мине, мынаӯ,-деп Гүлайша Жапақтың жазған хатын көрсетти отырғанларға, мәртлик етип Жапақ та қарады. Ҳәзир орнынан ушып турып, сондай шаққанлық пенен, көзди ашып-жумғанша Гүлайшаның қасына барып, қолындағы қағазды жулып алып, сыртқа қарай қашса... қалай болар екен? Ҳеш болмаса, не жазылғанын адамлар билмейди ғой. Өйтиӯ де қолайсыз-аӯ, баланың ҳәрекетиндей. Мейли, қырқына шыдаған қырқ бирине де шыдаӯы керек. Өзиң жаққан отқа өзиң жылын я күй, өртенә Өзиң ағызған суӯға шөлиңди қандыр я мантығып өлә
-Мине, мынаӯ,-деп гәпин баслады Гүлайша. -Жапақ Сексенбаев арза жазыпты.

1 month ago

-Жақынырақ отырыңыз, Жапақ Сексенбаевич!-деп еди, оны тағы қара басты. Мәселениң анық өзиниң үстинен қозғалатуғыны аттан анық болды. Келмегенде болатуғын еди, жыйналысқа қатнаспай атырғаны бүгин бе? Арадан еки-үш күн өткен соң умытып кетеди. Оған шекем сылтаӯды да қатырып тоқып қоясаң. Жапақ баслық тәрепке жақынланқырап отырды. Салы суӯға кетип албырап келген Жапаққа ҳәммеси ҳайран.
-Зәлел көрген базаршыдай, жора...-деп биреӯи басқылап еди, басқалары күлисти.
-Рети бар,-деди Гүлайша. Жапақтың өнменине найза урғандай болды. Енди оның әрманлары да, дәӯранлары да опат болды, тек ғана опат болған жоқ, маңлайына шыр питпестей етежақ, бағыӯ-бақшалы өмири шөп-шар көгермейтуғын қуӯ тақырға айланажақ. Неге ғана сол хатты жаза қойды, қандай шайтанлар жолдан адастырды. Пыяншылық пенен жазғанын айтып, кеширим сораса қалай болар екен? Ал, пыяншылық пенен жазған болса, оны секретарь қызға әкелип тапсырғанда саӯ еди ғой. Қыздан сорамай ма? Қатынының жазған арзасы да Ғжығылғанға жудырықҒ. Қудай билсин, оның қандай өтириклердиң басын шатпақлап қойғанын. Нашар адам нашар адамды қоллап-қуӯатлайды. «Еки кемениң басын услаған суӯға кетеди» деген усы екен-дә. Бул еле екинши кемениң басын услаӯ туӯе, панайына да жақынлай алмай жүр-аӯ.
-Қәдирданлар!-деди Гүлайша. Ишинде өзинде барын сезген Жапақ аз-маз ҳәӯиринен түсти. Баслық гәпин даӯам етти. -Сизлерди бунда жыйнағандағы мақсет...-деп ол Жапаққа қарады. Қой, ондағы көзлер көз емес, қоша мылтық. Қосаӯыз дейди ғой. Жапақты нышанаға алып гөзей баслады. Ҳәзир атылады. -Бир асығыс мәселе шығып қалды.
-Аманлық па?-деп ғаӯырласты отырғанлар.
-Аманлығы аманлық,-деп Гүлайша тағы Жапақ бетке қарады. -Жапақ Сексенбаевтың қандай адам екенин жақсы билесизлер ме?
-Билемиз, билемизә-деп ғаӯырласты адамлар. Ҳәтте, биреӯи:
-Наградаға усынса да көплик етпейди!-деп жиберди.
-Наградаға усыныӯға биз кешиктик,-деди Гулайша. Отырғанлар түсинбеди.
-Мен усы мәкемеде гөне шонге адамман,-деп Ерекеш деген киси орнынан турды. Сол баяғы Брекеңниң дәӯринен баслап экономист болып ислеп киятырман.
-Брекең деген ким?-деди Гүлайша ядына түсире алмай.
-Брежнев-тә!-деди Ерекеш. Адамлар күлисип жиберди. -Жапақ та бул жерде көп жыллардан берли өзиниң жақсы тәреплерин көрсетип ислеп киятыр. Мениң бир түсинбей турған жерим, Жапаққа характеристика бериӯдиң не кереги болып қалды?
-Депутатлыққа кандидатурасы усынылатуғын шығар?-деди биреӯ билгишлик етип.
-Қәне, тыныш!-деп баслық тәртип берди.
-Ҳее, маған гәптиң тоқ етерин айтың,-деп Ерекеш экономист Жапаққа қарады. -Ондай болса, Жапақ исенимге ылайық жигит. Қәйтип мақтасаң да көплик етпейди. Ал, егер оны қаралайтуғын жыйналыс болса... келистирип жаманлап, бетине күйе қалдырмай жағыӯға да болады.
Жапақ әӯел Ерекештиң гәпинен териси жайылыӯға қарап, өзинде бир бурын еситпеген сөзлерге қуштарлық сезингендей, үмит ушқынлары жылтылдасқандай қуӯаныш сезимлери пайда болған еди, сөйлеп турған кисиниң кейинги сөзлери жинин тырыстырып жиберди.
-Ҳаӯ, Ерекеш аға,-деди Гүлайша. -Сонда сизде бир принцип болмағаны ма? Өз пикириңиз жоқ па? Мақта десе мақтап, жаманла десе жаманлап...
-Гүлайша Мамутовна,-деди Ерекеш өзиниң қандай пәскеш адам екенин көпке паш етип. -Ҳәзир қатып қалған ҳеш нәрсе жоқ. Дәӯиримиз жыл сайын емес, ай сайын, ҳәтте, саат сайын жаңаланып өзгерип атыр. Жаман жағы да бар, лекин, жақсы жағы басымлаӯ. Сол ушын ҳәр бир адамда екеӯи де табылады. Кеше мақталғанлар бүгин жаман, бүгин жаманланғанлар ертең жақсы. Солай емес пе?-деп ол отырғанларға қарады. Адамлар оған пәлен-төлен демеди. -Ал, Жапаққа келетуғын болсақ, жумысы бойынша мин таға алмайман.
-Әлбетте, әлбетте! Ислеп жүрген дурыслы жумысы болмаған соң оған минди қалай тағасаң? Несине тағасаң?-деди Гүлайша қызыңқырап.
-Мен айтып болдым,-деп Ерекеш экономист орнына отырды.
-Мен де бир аӯыз сөйлейин,-деп баслықтың орынбасары Меңлимурат орнынан турды. -Мен баслықтың исенимли адамыман. Көп жыллардан берли орынбасарыман.
Елмурат деген адам қапталдан гәп қосты:

3 months ago
[#Архив\_дереклеринен](?q=%23%D0%90%D1%80%D1%85%D0%B8%D0%B2_%D0%B4%D0%B5%D1%80%D0%B5%D0%BA%D0%BB%D0%B5%D1%80%D0%B8%D0%BD%D0%B5%D0%BD)

#Архив_дереклеринен

📜Дәўир мени сомлады,
Қанатымды қомлады.
Еле ушып киятқан,
Мен суңқарман жолдағы.

📜Шадлық күлип, муң жылап,
Жадырап, гә тунжырап.
Жоллар күтер еле де,
Қонатуғын шың жырақ.

Кеңесбай Рахманов,
1986-1988-жыллар.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QRARXIV

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 week, 1 day ago

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 month, 3 weeks ago

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 week, 1 day ago