BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV

Description
Bul kanalda bilimlendiriwge tiyisli jańalıqlar sáwlelendirilip barıladı.
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi

Last updated 1 day, 14 hours ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 1 week, 4 days ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 3 months, 1 week ago

1 week ago

«PITKERIWSHI PARTY» фестивалы

Бүгин саат 19:00 де Жаслар орайы имараты алдында

Бизге ағза болың  👉**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 week ago
**Министр орынбасары М.Шлымбетова қайсы мектепке барды …

Министр орынбасары М.Шлымбетова қайсы мектепке барды — Соңғы қоңыраў

Министр орынбасары пайтахтымыздағы 46-санлы мектепте болды.

Бизге ағза болың  👉**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 week, 1 day ago

Президент мектеплери ушын ҳүжжетлер қабыллаў 1-июньнан басланады

Ҳүжжетлер 20-июньға шекем онлайн формада ariza.piima.uz сайты арқалы қабыл етиледи.

Президент мектеплерине қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Талабанның:
туўылғанлығы туўралы гүўалығы;
фотосүўрети (ақырғы 2 айда алынған);
ата-анасы ямаса оның орнын басыўшы шахстың паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номерлери (турақлы түрде ислеп турған телефон номерлери) анық ҳәм қәтесиз киритилиўи керек;
баҳалар табели нусқасы (директор тәрепинен тастыйықланған).

Президент мектеплерине қайсы классқа неше оқыўшы қабыл етиледи?

Улыўма билим бериў мәкемелериниң 4-класын тамамлаған оқыўшылар Президент мектеплериниң 5-класына белгиленген жыллық қабыл квотасы шеңберинде еки классқа 12 оқыўшыдан (жәми 24) қабыл етиледи.

Қәлеген аймақтағы Президент мектебине тапсырса болама?

Яқ. Оқыўшылар тек билим алып атырған аймақтағы Президент мектебине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Мысал ушын, Қарақалпақстан Республикасындағы мектеп оқыўшылары тек Нөкис қаласындағы Президент мектебине, Андижан ўәлаятындағы мектеп оқыўшылары болса тек Андижан қаласындағы Президент мектебине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Президент мектепке ҳүжжет тапсырыў ушын оқыўшының баҳаларына қандай талап қойылады?

Талабанның математика ҳәм тәбияттаныў пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳасы 5 (айрықша) болыўы керек. Басқа пәнлерге бундай талап қойылмайды. Баҳалар табелиниң нусқасы мектеп директоры тәрепинен тастыйықланған болыўы шәрт.

Бизге ағза болың 👉**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 1 week ago

«БИЛИМЛИЛЕР БӘЙГИСИ» ТЕЛЕВИКТОРИНА ОЙЫНЫ

🟣Көрсетиўдиң 3-санында Төрткүл, Қоңырат ҳәм Бозатаў районларының мектеп оқыўшыларынан қуралған командалары өз ара беллести.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 1 week ago
**ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ 2-ТУРЫ БАСЛАНДЫ**

ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ 2-ТУРЫ БАСЛАНДЫ

🟣Пәнлер олимпиадасының тест басқышын онлайн түрде бақлап барың.👇**

*👉 Усы жерде*

**☝️Төрешлер қурамы ағзаларын да онлайн бақлап барсаңыз болады.**

👉 Қазақ тили

👉 Қарақалпақ тили

👉 Өзбек тили

👉 Рус тили

👉 Математика

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 1 week ago

#Live

ТИЙКАРҒЫ ОЛИМПИАДАНЫҢ IV (РЕСПУБЛИКАЛЫҚ) БАСҚЫШЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

🟣Бүгин Республикамыз бойлап олимпиада процесслери болып өтпекте:
✔️ Қарақалпақстан Республикасында 👉 математика, өзбек тили, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, орыс тили ҳәм әдебияты, қазақ тили пәнлеринен;

*✔️Сурхандәрья ўәлаятында 👉 тарийх, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, география, тәжик тили* пәнлеринен;

*✔️Ташкент қаласында* 👉 көзи әззи ҳәм шала көриўшилер арнаўлы мектеп-интернатлары оқыўшылары арасында ана тили ҳәм әдебияты, математика, тарийх, орыс тили ҳәм әдебияты пәнлеринен.

❗️Олимпиада нәтийжелерине көре, жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылар Министрлер Кабинетиниң 562-санлы қарарына муўапық жеңимпазлықты қолға киргизген пәнинен жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл берилетуғын жеңилликке ийе болады.

Соның менен бирге, жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазлары белгиленген тәртипте пул сыйлықлары менен хошаметленеди.

Барлық қатнасыўшыларға әўмет тилеймиз!
Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 2 weeks ago
**МЕКТЕПТЕ САБАҚЛАР НАДУРЫС БӨЛИСТИРИЛГЕН БОЛСА НЕ …

МЕКТЕПТЕ САБАҚЛАР НАДУРЫС БӨЛИСТИРИЛГЕН БОЛСА НЕ ҚЫЛЫЎ КЕРЕК?

🟣Педагог хызметкерлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм де улыўма билим бериў мәкемелериниң жумысына тийисли ең әҳмийетли мәселелерди талқылаў Педагогикалық кеңестиң миннетлемелеринен бири есапланады.
✔️Яғный, билимлендириӯ мәкемесинде сабақ бөлистириў надурыс бөлистирилген болса, педагог хызметкерлер бул мәселени педагогикалық кеңесте қайта көрип шығыў ушын мектеп директоры - педагогикалық кеңес баслығына мүрәжат етиў керек.

✔️«Улыўма билим бериў мәкемелеринде классларды комплектлеӯ ҳәм де тарификация дизимлерин қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы режениң 15-бәнтине көре, улыўма билим бериў мәкемениң педагогикалық кеңеси тәрепинен сабақ саатлары қайта бөлистирилиўи мүмкин.

☝️Егер педагог хызметкерлердиң сабақларды қайта бөлистириў бойынша мүрәжатлары қанаатлантырылмаса, аймақлық бәнтлик бөлимине мүрәжат етиӯи керек.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 2 weeks ago

🟣Бүгин, 19-март күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Әлем сениң менен нурға толады, Наўрыз!» атамасындағы улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанында ҳәм «Дослық» каналы бойында болып өтеди.
Бәршени байрам тамашаларына мирәт етемиз!
Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

2 months, 2 weeks ago
***❓*****ОҚЫЎШЫНЫҢ САБАҚҚА ДӘПТЕРСИЗ КЕЛГЕНИ УШЫН КИМ …

ОҚЫЎШЫНЫҢ САБАҚҚА ДӘПТЕРСИЗ КЕЛГЕНИ УШЫН КИМ ЖУЎАПКЕР?
Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылыққа ҳәм мектеплердиң үлги режесине көре, оқыўшы сабаққа барлық оқыў қураллары менен келиўи керек. Бунда ата-ана баланың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге миннетли.

⚠️Егер бул миннетлемелерди орынламаса яки орынлаўдан бас тартса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 47-статьясына тийкар, ата-анаға 1,7 млн сўмға шекем жәрийма салынады.

☝️Демек, оқыўшының сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим емес ал, оқыўшының ата-анасы жуўапкер есапланады. Бундай жағдайда оқыўшының ата-анасына хабар бериў керек.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

We recommend to visit

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi

Last updated 1 day, 14 hours ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 1 week, 4 days ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 3 months, 1 week ago