Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

Description
Taxtakópir rayonı hákimliginiń rásmiy telegram kanalı

Veb-sayt:
http://taxtakopir.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/TaxtakopirPress
Instagram:
https://instagram.com/taxtakopir_press
Youtube:
www.youtube.com/@TaxtakopirPress
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 12 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month, 2 weeks ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 1 week ago

5 days, 11 hours ago
**Абитуриентлер ушын әҳмийетли хабар жәрияланды**

Абитуриентлер ушын әҳмийетли хабар жәрияланды

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов 2024-2025-оқыў жылы ушын Жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, дизимнен өтиўдиң биринши басқышы жуўмақланғаннан кейин, 1-25-июль күнлери дөретиўшилик имтиханлар, 14-28-июль күнлери тест сынақларының өткерилиўи режелестирилген.

Абитуриентлер дөретиўшилик имтиханда топлаған балын сол күнниң өзинде, тестте топлаған балын ертеңине билиўи мүмкин болады.

Дөретиўшилик имтихан ҳәм тест сынақлары толық жуўмақланғаннан кейин, 15 күн даўамында дизимнен өтиўдиң екинши басқышында абитуриентлер тест балларынан келип шығып, бесеўге шекем жоқары оқыў орнын (бағдар), билимлендириў түрин, таңлаў үстинлигин, дөретиўшилик имтихан өткерилген бағдарлар ушын болса қосымша түрде таңланған бағдар бойынша және сонша жоқары оқыў орнын таңлаў ҳуқықы бериледи.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱***Twitter

5 days, 12 hours ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5 days, 12 hours ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
1 week, 6 days ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
1 week, 6 days ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
1 week, 6 days ago
**«Атакөл» АПЖ аймағына алып барыўшы автомобил …

«Атакөл» АПЖ аймағына алып барыўшы автомобил жолында оңлаў жумыслары алып барылмақта

Тахтакөпир районында усы жылдың биринши ярымында «Ашық бюджет» порталы арқалы даўыс бериў жолы менен жеңимпаз деп табылған усыныслар бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Усы тийкарда, «Taxiatosh Yo'llardan Muntazam Foydalanish» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына алып барыўшы 4N19е Мақпалкөл ДФХ автомобил жолының 1,4 км аралығында асфальт жайыў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын басламалы бюджет қоры қаржылары есабынан 1 млрд. 360 млн.сўм муғдарында қаржы ажыратылған.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press

2 months, 2 weeks ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
2 months, 2 weeks ago
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
2 months, 2 weeks ago
2 months, 3 weeks ago
[**#Спорт**](?q=%23%D0%A1%D0%BF%D0%BE%D1%80%D1%82)

#Спорт

Усы жылдың 23-24-март күнлери Ташкент қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша «Ғунша» халықаралық турнири өткерилди. Онда Тахтакөпир районы спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары мүнәсип қатнасып, командалық есапта сыйлы 3-орынды ийеледи.

Жеңимпаз спортшы жасларымызды Тахтакөпир районы спорт мектеби жәмәәти ҳәм ата-аналар менен биргеликте салтанатлы түрде күтип алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 12 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month, 2 weeks ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 1 week ago