Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

Ajiniyaz Qosibay uli

Description
Ajiniyaz Qosibay uli
Mоynаq rаyоnınıń «Qаmıs bógеt» dеgеn jеrindе tuwılģan.
(1824-1878)

Ómir bayani📖
Dóretiwshiligi📝

Kanalimiz sizge paydali boladi degen úmittemiz😊
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 Woche her

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 Monat, 1 Woche her

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 Woche her

1 month, 1 week ago

ГӨЗЗАЛЛАР

Қыя бақып мениң жанымды алып,
Йүз мың жилўа менен шығар гөззаллар,
Йүрегиме ада болмас от йақып,
Мениң жаным отқа йақар гөззаллар.

Тырнадек отырып, сонадəк йүрген,
Йүзмын жилўа менен қабағын керген,
Шашларына лағлы мəржан өткерген.
Мың түмен наз билəн бақар гөззаллар.

Қара көзи гəўҳар киби жаўдырап,
Кийген тоны көрген сайын жалтырап,
Өңир моншақ, ҳəйкел тағып сылдырап,
Сүзип қəлем қасын қақар гөззаллар.

Ҳайтта, мерекеде жигит жыйылса,
Күни-түни бирдейин тамаша болса,
Сол заманда қызлар саллана келсе,
Жанын ашып, көзин тикер гөззаллар.

Яр сарайы дəўран он төрт яшында,
Қызлар йүрер ерди дигре-дашында,
Айтар Зийўар яр саўдасы башында,
Айттым сүйгенимнен буны гөззаллар

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың

1 month, 1 week ago

ҲƏР КИМ СƏНИҢ ЯРЫ БОЛСА

Ҳəр ким сəниң яры болса,
Қыялыны айтпай билсин,
Сөйлер сөзи болып шийрин,
Өзи турып, көзи күлсин.

Жаның алсын жəллад көзи,
Хош мүлайым болсын өзи,
Сениң сөзиң, аның сөзи,
Мисли гүл киби шырмалсын.

Саны йоқ болсын қылығы,
Журттан өтсин зейинлиги,
Аның əлпайымлылығы,
Мисли Сəнем киби болсын.

Ярың болсын ҳимай киби,
Көнли болсын сарай киби,
Йүзи болсын ҳəм ай киби,
Ҳақсүнийдин өзи болсын.

Үйде өзиң жоқ болғанда,
Ашна яр достын толғанда,
Меҳман жəмленип келгенде,
Өзи билип жəўлан урсын.

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың

1 month, 2 weeks ago

Maniligapler Каналин алип баратин админ(ка) керек:

Манили созлер, цитата, мотивация жазатин, статус ислеп билетин👈

Байланис ушун: @Kalbaeva_S04

1 month, 3 weeks ago
Babamız Ájiniyaz Qosıbay ulı 200-jasta!

Babamız Ájiniyaz Qosıbay ulı 200-jasta!

1824-jılı Moynaq rayonı aymaǵına qaraslı «Qamıs bóget» degen jerde orta xallı diyqan xojalıǵında dúnyaǵa keledi. Ol qaraqalpaqtıń Qońırat arısı Ashamaylı urıwınıń Saqıw tiresinen bolģan.

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың

1 month, 3 weeks ago
Bugun 9-aprel Qaraqalpaqistan Respublikasi Konstituciyasi qabil …

Bugun 9-aprel Qaraqalpaqistan Respublikasi Konstituciyasi qabil etilgen kùn. Biyil 31 jil tolmaqta 😊
Usi múnasabet penen bárshe zamanlaslarimizdi qutliqlap qalamiz 🎉

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

2 months, 2 weeks ago

АНАЛАР

Анамсаң, кəбамсаң өзин өсирген,
Көп азапты шул басыңнан кеширген,
Өтти ўақтын, ғəрийп, жетим-жесирсең,
Мүсийбетти көп кеширген, аналар.

Ҳаслы нəкас ҳəйеллерди зорлайды,
Шəриятқа тутып, нəпсин хорлайды,
Сан мың ғумша залымлардан зарлайды,
Əдалатсыз сум заманда, аналар.

Дүньяда адамнын теңи-тайы жоқ,
Залым фəлек буған қарсы жумсар оқ,
Қазы, бегиў, шəриятта инсап жоқ,
Жəбириў-жапалықты шеккен, аналар.

Жүрек, бағрың перзент дейип бəнт болыр,
Тири ғайып шул дүньяда дəрт болыр,
Ядқа түссе ишкен асың ант болыр,
Жүрек-бағрын дағлап жүрген, аналар.

Ҳаслыңыз — Бийпатма дийер сизлердиң,
Ҳалы нешук болыр ғəрийп қызлардың,
Ҳəсиретликтен жаўдырасқан көзлериң,
Зийўарды ҳəм ҳайран етти, аналар.

Ғарийп анам, не болмақшы ҳалларың,
Мундай иске гирипдар болып балларың,
Сүргинге айдалды уғыл-қызларың,
Арасатлы сум заманда, аналар.

Аналар, йығламаң көз жасты төгип,
Көзиңди яшартып, бағрыңды сөкип,
Кайғы-ҳəсирет, билен ҳəм нардай шөкип,
Жолға қарап ғам шекпеңиз, аналар.

Сунқар гезмес қанатынан қайрылса,
Бийҳуш болыр ана улдан айрылса,
Залымлар қолынан жан аман қалса,
Перзентлериң қайтып келер, аналар.

Қанлы яшқа толып еки көзлериң,
Қапалықта сарғайып тур йузлериң,
Бағрымны тиледи айтқан сөзлериң,
Қайғыў-ҳəсиретте жүрген аналар.

Не илаж, башартпай қалдың атаўда,
Нешше мың, билмедим, бул келген жаўда,
Алып кетти аяқ-қолым матаўда,
Қолға түсти перзентлериң, аналар.

Залымлар дүньяда билгенин етер,
Шарам жоқ, перзентин айдаўда кетер,
Ай етер, жыл өтер, бир нəўбет жетер,
Жүрек-бағрың кəбаб етпең, аналар.

Ул-қызларың түсти залым қолына,
Қимлер хабар алар арзыў-ҳалына,
Нəлет жаўғай залымлардың жолына,
Ғам шекпең, перзентиң келер, аналар,

Залымлар жүреди еллерди жайлап,
Мийримсиз, гүнасыз адамды айдап,
Гəззаптың қолында көзлери жайнап,
Ғəпилетте қолға түсти, аналар.

Қаяққа айдайды, қайда бармақшы.
Ҳəммесине залым қармақ салмақшы,
Уақты жетпей гүлге пəнже урмақшы,
Жүрек-баўрың дағлап кетти, аналар.

Ҳақ Бəзерген яратқанға ялбарып,
Мен язмышам қағаз, қəлем қолға алып,
Əўладтан-əўладқа нусқа қалдырып.
Тəрийпини баян еттим, аналар,

Дүньяда зүриядың сениң мəдарың,
Қол-қанатың, заўқың сениң дəрманың,
Бир көрсен кетеди шеккен əрманың,
Мəдаткарың ул-қызларың, аналар.

Ағаш көрки болыр гүл ҳəм жапырақ,
Адам көрки — рəўиши перзент, бағ,
Ялғаншыда өтер болдың сынып сақ,
Дүньянын гүли ҳəм көрки, аналар.

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

3 months ago

ДƏЎРАН БОЛМАДЫ*

Сəнемлер қолында тилла саз едим,
Ҳəўижге келтирер жəнан болмады.
Туғырымда талпынған алғыр баз едим,
Қəлпе-сəйядларым маман болмады.

Өмир берсе иши-тысы əрманлы,
Не дəркар сүрмесең беш күн дəўранды,
Шөллерде йүгүргəн аҳыў-жəйранды
Саяд алған шенли дəўран болмады.

Əлип қəддим далдек болып бүгилди,
Көзлеримнен қанлы яшым төгилди,
Жол бойына үйген ҳасыл йүгимди
Базарға елткендей кəрўан болмады.

Дəрек йоқ ушырған қуба қушымнан,
Базарым тарқады ерте пешиннен,
Кəрўан еткен ўақта мениң тушымнан
Көңил мүлким жолға əнжам болмады.

Сырым паш етмедим ҳəргиз ҳеш кимге,
Ситəмкəр əйледим жанға беш күнде,
Гүзар дəрбентине қурған көшкимде
Дəртимди дəртлесер ҳəмдəм болмады.

Дүнья бир көрсетип Лəйли жамалын,
Алды кетти пикри-зикри қыялым,
Қырман таяр ўақта бермей шамалын,
Шамал берсе, атар қырман болмады.

Бүлбилди зар етип шəйда гүллəрə
Мəжнүндек айдабəн шөлден шөллəрə,
Несийбим көп шашып ғайры еллəрə,
Шөплеп болдым десем, тамам болмады,

Менде ўатан болды елатсыз қалған,
Барларынан бүлбил ушып, зағ қонған.
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған,
Менде бир бийқайғы заман болмады.

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

3 months ago

ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ

Сорасаң елимди Қожбан бизлерден,
Қалпағы қазандай еллерим барды.
Қəте шықса, кешириңлер сөзлерден,
Қытай, Қонырат атлы еллерим барды,

Жайлаўым Үргениш, арқасы — теңиз,
Жаўырыны қақпақтай маллары семиз,
Рухсатсыз бир-бирине салмас из,
Бирликли Қоңырат еллерим барды.

Табылады излегенниң кереги,
Көлинде бар қасқалдағы, үйреги,
Қуўлары, ғазының, пүтин бүйреги,
Дүньянын аңлары көлимде барды.

Өтирикти ырас етип айтпаған,
Туўры жолдан бас кетсе де қайтпаған,
Нəмəҳрəмди ҳасла жолдас тутпаған,
Аты қарақалпақ еллерим барды,

Сейлегенде шекер етер сезиңди,
Көргенде биймағрур етер өзиңди,
Баҳары тойдырар еки көзинди,
Лəйли, Зүлəйхадай қызлары барды.

Сүйрик саўсағында периўза йүзик,
Беллери қыналған бир қысым нəзик,
Ҳəр қолында алтын-гүмис билезик.
Салланып мəс гезен қызлары барды.

Атқа шыққан ашамайлы-қыятта,
Қолдаўлы-мүйтениў — барлық Қоныратта,
Қытай-қыпшақ, кенегесиў маңғытта,
Ат көтермес белли беглери барды.

Гүдары белбеўи дизеге түскен,
Бойы ақ теректи аралап өскен,
Ғаным көрсе қайнап дəрьядай йошқан,
Қалпақтың қалқанлы жигити барды.

Беллескенде хан палўанын қоймаған,
Күш-қарыўы бир бойына сыймаған,
Шақырмаса мерекеге бармаған,
Қоныраттын гүжектей палўаны барды.

Ядыма түскенде кеўлим өскен,
Көзим көрмегенше көкейим кескен,
Жылында мийўелеп үш ирет пискен,
Аты сүтилмектей жемисим барды.

Сəрҳаўыз бойында саялы терек,
Жесең тил үйирген əселиў пəлек,
Қырында қызарып пискен геўирек,
Қаўындай мазалы жемисим барды.

Мал ийесин табар, сөз тапса жүйе,
Шебинде шəфəəт, қусында кийе,
Теңиз етегинде болар қаншийе,
Булардың бəршеси елимде барды.

Көрмеген ҳайранда еслери танар,
Үргениш наққашы мақбари минар,
Бағларымда бисяр алмайыў-анар,
Ҳесапсыз мазалы мийўеси барды.

Жилўа таслап ҳəрне барын саз еткен,
Жигитлердиң кеўлин бəҳəр, жаз еткен,
Қасын қағып жилўə билəн наз еткен,
Бағлардын ишинде қызлары барды.

Мен буйерде жүрген иши зəрдели,
Ел журтты көрмеген ағыр дəрдели,
Кеўлимниң хошы жоқ мен ҳəм бир дəртли,
Айтсам иште толған ҳəдийсим барды.

Несип айдап сизиң еллерге келген,
Ким жақсы, ким жаман парқыны билген,
Ҳəр не барын сизге баян əйлеген,
Қалпақтың Кəмийне Зийўары барды.

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

3 months, 1 week ago
Ajiniyaz Qosibay uli

Ajiniyaz Qosibay uli
Mоynаq rаyоnınıń «Qаmıs bógеt» dеgеn jеrindе tuwılģan.
(1824-1878)

Ómir bayani📖
Dóretiwshiligi📝

Kanalimiz sizge paydali boladi degen úmittemiz😊

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli каналимизға өз досдариңизди мират етин

3 months, 1 week ago

#Узинди

Елинен айрылган диуана болар,
Ярынан айрылган бийгана болар....

👉 @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 Woche her

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 Monat, 1 Woche her

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 Woche her