Каракалпак 24

Description
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT

👉 Реклама: @kk24_reklama
Advertising
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 3 weeks, 5 days ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍

4 weeks ago
**Қарақалпақстан бокс тарийхында жаңа бет ашылмақта**

Қарақалпақстан бокс тарийхында жаңа бет ашылмақта

Бүгин бокс бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы ағзасы Тагирова Рашида тренери Азамат Маткаримов пенен бирге Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында Тайландта өткерилип атырған Париж-2024 Олимпиадасы ушын лицензия бериўши турнирге жөнеп кетпекте.

Бүгин Қарақалпақстан бокс тарийхында жаңа бет ашылып атырған болып, халқымыз спортшымыздан жоқары нәтийже күтип қалады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

4 weeks ago
***❗*****ХАБАРЛАНДЫРЫЎ**

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

110/6 кВ "Нөкис" жәрдемши станциясынан шығыўшы Арқа районларды электр энергиясы менен тәмийнлеп турған 110кВ "Нөкис-2" хаўа тармағының майлы өширгишинде келип шыққан насазлықты сапластырыў ушын оңлаў жумысларынын откерилиуине байланыслы 2024-жыл 20-май куни саат 19-00 баслап Нөкис қаласы, Шымбай, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир, Бозатаў, Нөкис районларында электр энергиясы менен тәмийнлеўде ўактынша үзилислер болатугынлыгын ескертемиз. «ХЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы хәкимшилиги.

👉 @Karakalpak24

4 weeks ago
1 month ago
***❗*****"Соңғы қоңыраў" питкериў кешелери ҳәм басқа …

"Соңғы қоңыраў" питкериў кешелери ҳәм басқа иләжларды өткериў қадаған етиледи

25-май күни иләж 1 саат даўам етеди, оған 1-4-9-11-класс оқыўшылары қатнастырылады. Түрли ресторан ҳәм кафелер, үйлерде "Питкериў кешеси"н өткериў, оқыўшылардан пул жыйнаў қадаған етиледи.

👉 @Karakalpak24

1 month ago
*****❗️***Жоқары билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар**

*❗️Жоқары билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар
-
Сыртқы тәлим формасы жабылады*. Яғный сыртқы тәлим формасы басқышпа-басқыш аралықтан оқыў (онлайн) формасын кеңейтиў ҳәм узайтырылған тәлим формасын енгизиў арқалы сапластырылады.

- Оқыўға грант тийкарында киргенлер екинши курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсетсе ғана грантта оқый алады, егер көрсеткиш төмен болса, контракт болып қалады;

- Мақсетли квота ҳәм жеңиллик тийкарында оқыўға кирген студентлер социаллық хошаметлеўши грант тийкарында толық бийпул оқытылады;

- ЖОО қабыллаў еки басқышта өткерилетуғын болды: биринши – дизимнен өтип пәнлерди сайлайды, екинши – тест нәтийжесине қарап тәлим бағдарын ҳәм оқыў орынын сайлайды.

Дерек

👉 @Karakalpak24

1 month ago
***❓*****Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи?**

Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи?
Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген.

Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем);

Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м.

👉 @Karakalpak24

1 month, 1 week ago
***❓*****Питкериўши имтихан ўақтында екинши рет билет …

Питкериўши имтихан ўақтында екинши рет билет алыўы мүмкин бе?

📨 Билет сораўына жуўап бере алмаған питкериўшиге жуўмақлаўшы аттестация комиссиясы тәрепинен екинши рет билет алыўға рухсат бериледи.

☑️ Питкериўши алған екинши билетке де жуўап бере алмаса, оған жуўмақлаўшы аттестацияның баҳасы сыпатында «қанаатланарсыз» баҳа қойылады ҳәм үшинши рет билет алыўға рухсат берилмейди.

👉 @Karakalpak24

1 month, 1 week ago

Арнаўлы ракурс

Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: 3 күнде 15 талқылаў. ТХИФ жуўмағында 26,6 млрд долларлық шәртнамаларға қол қойылды. Сырт ел инвесторлар кеңесиниң екинши мәжилиси

👉 @Karakalpak24

1 month, 1 week ago

❗️Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды

📑 Ҳүкимет қарарына муўапық, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

☑️ Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

☝️ Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы ямаса ўақытша дизимде турған орындағы районлық (қалалық) жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершесинен (электрон мийнет дәптершеси) көширме;
орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

(#)

👉 @Karakalpak24

1 month, 2 weeks ago
***❓*****АЙЛАРДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША АТЛАРЫН БИЛЕСИЗ БЕ?**

АЙЛАРДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША АТЛАРЫН БИЛЕСИЗ БЕ?

• Дәлиў Январь
• Ҳүт Февраль
• Ҳамал Март
• Сәўир Апрель
• Жаўза Май
• Саратан Июнь
• Ҳәсет Июль
• Сүмбиле Август
• Мийзан Сентябрь
• Ақырап Октябрь
• Қаўыс Ноябрь
• Жедди Декабрь

👉 Каналға қосылыў

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 3 weeks, 5 days ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍