Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

ZIYA NURÍ

Description
Usinis xam arzalar ushın bot @Controller_QoraqalpoqBot
Advertising
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 3 weeks, 6 days ago

Қазақша дыбыстама🎙️🇰🇿

Last updated 4 days, 19 hours ago

1 month, 3 weeks ago
***✅*****ӘҲМИЙЕТЛИ ТАРИЙХЫЙ СӘНЕЛЕР**

ӘҲМИЙЕТЛИ ТАРИЙХЫЙ СӘНЕЛЕР

🔹1989-жыл 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

🔹1990-жыл 14-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳаққындағы декларация қабыл етилген.

🔹1992-жыл 14-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

🔹1993-жыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген.

🔹1993-жыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

🔹1993-жыл 24-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилген.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

1 month, 3 weeks ago
1 month, 3 weeks ago
1 month, 4 weeks ago
[**#Қарақалпақстанлы\_Қаҳарман**](?q=%23%D2%9A%D0%B0%D1%80%D0%B0%D2%9B%D0%B0%D0%BB%D0%BF%D0%B0%D2%9B%D1%81%D1%82%D0%B0%D0%BD%D0%BB%D1%8B_%D2%9A%D0%B0%D2%B3%D0%B0%D1%80%D0%BC%D0%B0%D0%BD)

#Қарақалпақстанлы_Қаҳарман

Төлепберген Қайыпбергенов (1929-2010)

1929-жыл 7-май күни Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылған.

1947-жыл Хожели районы педагогика билимлендириў орнын.

1955-жыл Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған.
«Əмударья» әдебий журналы бас редакторы,
Қарақалпақ радио комитети директор орынбасары,
Қарақалпақ Баспа сөз комитети директор орынбасары лаўазымларында жумыс ислеген.

1980-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамына басшылық еткен.

1967-жыл Бердақ атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик сыйлығын,
1971-жыл Өзбекстан мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланған.

1987-1991-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары болып ислеген.

2003-жыл «Өзбекстан қахарманы» атағы менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

1 month, 4 weeks ago
ZIYA NURÍ
1 month, 4 weeks ago

Ассалаўма алейкум ҚАРАҚАЛПАҚСТАН!

🎼 Қосық: «Дем бермес»
🎤 Атқарады: Гүлхатийша Айымбетова

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

2 months ago
***👨‍👨‍👧‍👦*** **ӘЎЛАДЛАР ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ҚАЛАЙ АТАЛАДЫ?**

👨‍👨‍👧‍👦 ӘЎЛАДЛАР ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ҚАЛАЙ АТАЛАДЫ?

  1. Белбала;
  2. Ақлық;
  3. Шаўлық;
  4. Қуўлық;
  5. Туўлық;
  6. Баўлық;
  7. Жаўлық (жатлық).

Еслетпе;: туўлықты айырым орынларда "тоқлық" деп те атайды.
Жийеннен дөрегенлер — жийеншер, бөледен туўылғанлар — бөлешер болады.
Қуда тәреплер — қуда-тамыр, оларға жақынлар — жийекшат (жегжат) деп жүритиледи.
Қуда тәреп пенен қанласлар (қаналас емес): яғный, қыз алыспаўға ант ишискенлер "қуда-анда" ямаса "қудамдал" делинеди.
Олар қуданың қудалары.
Жаўлық деген мәнис жетеўден кейин бир бири менен жатласып ара қатнасы узақласып кетеди екен. Соңын ала бир бирин танымай бир бири менен жаў болып жаўласқан деген мәни билдирген.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

2 months ago

«УСТАЗ»

🎞 Қарақалпақ тилиндеги терең мазмунға ийе қысқа метражлы фильм.

💻 Көриң ҳәм баҳа бериң.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

2 months ago

📜И.Юсупов сөзине
🎼 ШӨГИРМЕ

Саламат АЯПОВ

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

2 months, 1 week ago
***🎭***6-апрель күнги театрларымыздың репертуары.

🎭6-апрель күнги театрларымыздың репертуары.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында саат 18:00де "Кредитке алынған күйеў" атлы комедия;

Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында саат 15:00де В.Орлов авторлығындағы "Алтын шөше" спектакльлери болып өтеди

⚡️ Барлық ўатанласларымызды театрларға барыўын, мәдений дем алыўды усыныс етемиз.

Каналға ағза болыў: ZIYA NURÍ

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 3 weeks, 6 days ago

Қазақша дыбыстама🎙️🇰🇿

Last updated 4 days, 19 hours ago