ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Description
Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512
Advertising
We recommend to visit

Gloomy day, gloomy angel
I just wanna be a white swan of your story‌ ʚɞ

Last updated 1 month ago

3 weeks, 3 days ago

**Патшахан апа да "Қаҳарман ана" ҳүрметли атағына миясар болып, ўақтында ҳүкиметимиз тәрепинен "Москвич" жеңил автомашинасы менен сыйлықланған еди.
Әбдимурат ағаның мийнетлерин ҳүкиметимиз жоқары баҳалап, 1960-жылы болып өткен Қарақалпақстан муғаллимлериниң 1-съездинде <<Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим>> ҳүрметли атағы берилген болса, буннан соң да <<Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы>> ҳәм <<Ҳүрмет жарлық>>лары менен сыйлықланды.

Shahzoda Allamuratova.

Бул очерк Нөкис районлық <<Коммунизм байрағы>> [ҳәзирги <<Ақмаңғыт таңы>>] газетасының Қарақалпақстан АССР ының дүзилгенине 60 жыл толыў мерекеси алдынан 1983-жылы шөлкемлестирген <<Қарақалпақстан-гүлленген үлке>> конкурсында 2-орынға ийе болды.**

t.me/shahzoda_allamuratova

3 weeks, 3 days ago

**Артиллерия бөлиминиң жигитлери Грозный қаласында 15 күн даўамында әскерий таярлықта болды. Урыс көрмеген, адам өлтириў дегенди қылмыс деп есаплайтуғын жигитлерди дәслепки күнлери қырғын саўашлар әдеўир албыратты. Ҳәзир ғана өзи менен әскерий сапта ойнап-күлип жүрген жолдасын бирдемде, көзди-ашып жумғанша душпанлар набыт етип атырғанда, оларды аяўдың өзи душпанлық емес пе?! Оның үстине туўылған жер топырағын иплас излери менен былғап жүрген жыртқышлардың ҳайўанлық қылықлары кимниң болса да ғәзебин оятады..
Және саўаш басланды. Әбдимурат Отарбай Сейитов пенен бирге, екеўи атқыш ўазыйпасын атқарды. Усы күни жаўынгерлер душпанды Грозный қаласынан 95 км жерге дейин шегиндирди. Олар Украинаның барлық территориясын азат етиўге қатнасты. Әлбетте, бул саўашлар да қурбансыз, аңсатлық пенен жеңис қолға киргизилген жоқ. Әсиресе, Киевти азат етиўдеги саўашта көплеген жаўынгерлер саўаш майданында қаза болды. Саўашларда Әбдимурат қатнасқан командующийи маршал Малиновский болған 3 Украина фронты, соның ишинде 10-атқышлар дивизиясының 92-гвардиялық артиллерия полкы үлкен жеңиске еристи. Украина халқы ҳәр бир адымда , ҳәр бир аўылда азат етиўши әскерлерди терең сүйиўшилик пенен, көз жаслары менен қарсы алды.

Киев қаласын азат етиўге қатнасқан бир топар жаўынгерлер менен бирликте Әбдимурат та 1943-жылы <<Жаўынгерлик хызмети>> ушын медалы менен сыйлықланды.

Ал, 1944-жылы қаҳарман қала Сталинград, Одессаны азат етиўге қатнасқаны ушын бирнеше медальлар менен сыйлықланды.
Ә. Аекеев Чехословакия, Польша, Болгария, Венгрия, Югославия ҳәм Австрия қалаларын азат етиўге қатнасты. Әсиресе, Венгрияның бас қаласы Будапештти, Ленинград, Сталинград қалаларын азат етиўдеги саўашлар қырғын урыс болды. Будапешттиң Буда бөлиминде әскерлеримиз, Пешт бөлиминде душпан әскерлери турып, 15 күн даўамында қатты саўаш болады. Нәтийжеде, 16 күн өткеннен кейин душпанның бекинисин бузып, бизиң әскерлеримизге жол ашылды. Будапешт қаласы ушын болған саўашта көрсеткен ерликлери ушын артиллерия полкының мәрт сержанты Әбдимурат Аекеев <> ордени менен сыйлықланып, "Киши сержант" атағы бериледи. Жеңис күни күн өткен сайын юир қәдем жақынласпақта, әскерлеримиз душпанды тықсырып шыққан инине қайтарып тығыў ушын ҳәр минут, ҳәр саатта жанкештилик пенен урыс алып барды. Жеңис күни жақынласпақта! Бул күнди нешше миллионлаған адамлар интизарлық пенен күтпекте! Бул күн--көп миллетли халықлардың бузылмас бирлиги ҳәм мәртлигин әлемге танытқан күн! Бул күн--жүреги жараланған Аналардың кеўлинде үмит отын сөндирмей, қуўаныш қуйған, мийрим-муҳаббатын толқынлатқан, урысқа кеткен перзентлериниң жолына айдай қаратқан, сағынышлы күн!
Бул күнди Киши сержант Әбдимурат Аекеев Вена қаласында күтип алды.

IV.

Елде парахат турмыс басланды. Урыста қыйрап қалған аўыл ҳәм қалаларды қәлпине келтириў, улыўма социалистлик қурылысты қайта тиклеў дәўири басланды. Әбдимурат туўылған аўылына қайтып келгеннен кейин, 1945-жылдың сентябринен баслап, өзи бурын ислеп кеткен Фрунзе атындағы орта мектепте өз кәсибине қайтадан киристи. Жыллар өтти. Кеше ғана өзинен тәлим-тәрбия алған темир қанат палапанлар арасында өзлериниң өмир жолын устазлфқтан таңлап, көпшилиги өзи менен кәсиплес болды, өмирден өзлерине ылайықлы орнын таңлап ала билди. Олардан: Н.Пиримбетов математика илимлери бойынша илимпаз, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде көп жыллар устаз болды. Аяпберген Сапашев районда белгили орынларда басшылық жумысларда иследи. Бердижан Нәжимов--механизатор, бирнеше рет Жоқарғы Кеңес депутаты болды, Абат Өтеев өз кәсибиниң маманы, кеўли илгир, қолы билгир врач. Мине бундай мысалларды Әбдимурат ағаның 40 жылдан аслам мийнет еткен устазлық жолынан көплеп табыўға болады.

Әбдимурат ағаның шаңарағын мисли шақалы нәрўанға уқсайды, Патшахан апа менен екеўи 9 ул, 1 қызынан көплеген ақлық-шаўлықлардың қызықларын теңдей көрип, барлығының үйли-жайлы, шаңарақлы болғанлығын көрип, олардың өмирден өз орынларын тапқанларына кеўиллери тоқ болып, өзлерин бахытлы сезинип жасады.**

3 weeks, 3 days ago

#9_Жеңис_күни **ЖАЎДЫ ЖЕҢГЕНЛЕР.

[Жаўынгер устаз, урыс ҳәм мийнет ветераны, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим ӘБДИМУРАТ АЕКЕЕВ ҲАҚҚЫНДА].

I.

1935-жыл. Усы жылы аўыллық баслаўыш мектепти питкерген Әбдимураттың өмиринде умытылмас излер қалды. Әбдимурат колхоз жумысына өтиў, ағартыў жумысындағы қыйыншылықларды өз көзи менен көрип өсти. Ҳәттеки, комсомол ағзасы ретинде жәрдем де берди. Себеби, аўыллық кеңестиң баслығы, колхоз басқармасы гейпара ўақытлары жәмийетлик жумысларға айырым исенимли, шаққан, ой-өриси илгир, дәўир непесин жақсы аңлай алатуғын саналы жасларды ғана тартып отыратуғын еди. Соңын ала бундай жумыслар сол ўақытлардағы жаслардың баслы мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпасы болып қалды.
Дәўир ағымын ерте аңлаған Әбдимурат та аўылдағы төрт жыллық баслаўыш мектепти питкериўден ҳеш ойланып турмастан Хожели педагогикалық училищесиниң 2 жыллық таярлаў бөлимине барып оқыўға түсти. Сол ўақытлары педагогикалық училищениң таярлық бөлими жүдә жуўапкерли еди, себеби, Республиканың ҳәр мүйешинен келген жаслардың билими де ҳәр қыйлы еди, олардың ишинен мектеп қарасын көрмегенлер де ушырасып туратуғын еди.
Айырымлары Әбдимурат қусап тек баслаўыш билимге ийе, бундай билимге ийе жасларды еки жыллық таярлықтан соң училищениң тийкарғы курсларына қабыл ететуғын еди.
Училищедеги тынымсыз излениў ҳәм оқыў, билим алыўға қуштар жас жигит ушын машақат емес еди. Ол 1941-жылы педагогикалық училищени питкерди, және жоқары билим алыў ушын талапланды.
Училище питкергендеги қуўанышлар, және билим алыўға болған талпыныслар көпке созылмады.....

II.

Урыс басланды. Парахат турмыста жасап атырған аўыл--қалаларды, ондағы жасаўшы ҳәр бир шаңарақты урыс оты шарпыды. Урыс салған жарақатлар ақыбетинде, жүрегинде қайғы изи қалмаған бирде-бир инсан қалмады. Нешше адамлар Ўатан ушын жаслай қыршын кетти. Нәлетий сум урыс жер бетинен 60 миллионнан аслам [ҳәзирги есап бойынша буннан да көп] адам өмирин жоқ етти. 1418 күнлик урыстан соң да неше өмирлер гүлдей солды, шаңарақлар шайқалып ортасына түсти.
Урыста турыс бар ма?; Ўатанын сүйген ҳәр бир тири жан қолынан келгенинше ҳәрекет етти, жаслар фронт майданына атланды. Кеше ғана ул-қызларының бахытлы, тыныш турмысына мәс болып отырған кемпир-ғаррылар урысқа кеткен азаматлардың мийнеттеги орнын басты, қыз-келиншеклер ер азаматлардың орынларында сапқа турып, мийнет етти.

Әбдимурат та өзиниң дослары, аўылласлары Отарбай Сейитов ҳәм Байсултан Айтымбетовлар менен бирге фронтқа кетиў ушын әскерий комиссариатқа арза жазды. Бирақ, аўылға да муғаллим, оннан қалса ғайратлы ер азаматлар керек еди. Бул жигитлердиң үшеўи де муғаллим еди. Сонлықтан, олар сол ўақыттағы Фрунзе атындағы [Нөкис районындағы ҳәзирги 1-санлы Жийен Жыраў атындағы ] мектептеги жумысларын даўам еттирди.

Бул үш достың фронт майданына кетиў тилеклери 1942-жылы 22-июньде орынланды. Әмиўдәрья арқалы Аральск станциясына бағдар алған пароходта-ақ әскерий турмыс басланды. Юайсултан Айтымбетов рота командири болып сайланса, Әбдимурат Аекеев сиясий бөлим баслығы [политрук] болып бекитилди. Бул еки жигит те оты шығып турған шаққан жигит еди, бир тәрептен билим дәргайында оқыған билимлиликлери де пайда берип, әскерий өмирге тез үйренисип, өзлерине бекитилген тапсырмаларды булжытпай орынлап, қатардағы әскерлерди де жаңа өмирге түсиниклерин оятыўға себепши болды.
Қарақалпақстанлы жигитлерди Саратов областының Татишева қаласында билим дәрежесине қарап, тийисли бөлимшелерге бөлистирди. Соның ишинде артиллерия бөлимине Әбдимурат Аекеев, Отарбай Сейитов, Сүндетбай Султанов, Өтеўли Сағындықов ҳәм нөкисли Жаңабай Нуржановлар түсти. Усы жердеги Октябрь қалашасында оларға әскерий форма берилип, әскерий ант берди.

III.

1942-жылдың 16-июлине дейие әскерий таярлықта болды. Усы күни түнде олар Сызрань, Пенза арқалы жүрип, Москва қаласының Коломна районына барып жетти.**

2 months, 2 weeks ago

***<<ҚАРАҚАЛПАҚ ТАҚЫЯЛАРЫ>>

Тақыя қарақалпақ халқының миллий бас кийимлериниң бири болып оның бир неше түри болады:

Кишкене қызлар хәм ер балалар тақыясы;
Ержеткен қызлар хәм келиншеклер тақыясы;
Кәйуана жасындағы хаяллар тақыясы;
Ер адамлар тақыясы;
Уламалар кийетуғын тақыя.

Усы аты аталған тақыялардың бәри төбеси дөңгелек, қыр әтирапы енсиз етип тигиледи, шетлери арнаўлы түрде жийекленеди. Тақыя тиккенде оны арнаўлы қәлипке салып көринисин шығарады хәм айрым ўақытлары  майдалап сырыйды.

Кишкене қызлардың тақыясы майда гезлеме қыйындыларынан қурап тигиледи, төбесине жиңишке қыйындылардан пөпек исленеди. Қыр дөгереги енсиз етип қызыл гезлеме менен жийекленеди. Кишкене ер балалардың тақыясы көбинесе сарғышлау реңли бөзден тигиледи, төбесине кишкене ғана пөпек салынады, шетлери енлилеў етип жийекленеди. Айырым жағдайларда еки шетине де пөпек тағады. Ержеткен қызлардың тақыясы қызыл реңли ушыға ямаса мақпалдан нағыслап тигиледи, төбесине ҳәм қыр дөгерегине реңли жипек сабақлар менен нағыс кестелейди, оң тәрепине реңли сабақлардан пөпек тағылады.  [Қарақалпақ халқында турмысқа шықпаған қызды оң жақта отырған қыз"деп айтатуғын болған]  Қызлар турмысқа шығып келиншек атын алған соң тақыясының пөпегин шеп тәрепке қаратып кийген. Кәйуана жасына барған ҳаяллар көбинесе нағыссыз тақыяны бас ораўдың ишинен кийген. Бул бас ораўдың беккем болыўына ҳәм жарасықлы етип айналдырып ораўына қолайлы болған. Улама ийшанлар, молла, мақсым ҳәм суупылар тек ақ реңли нағыссыз тақыяны сәллениң ишинен  кийген. Сәллени шешип қойған ўақтында да тақыя кийип отырған, улыўма жалаңбас отырмаған. Бул мениң жасы үлкенлерден еситиўим бойынша жазғаным, усы мағлыўматларды еле де толықтырып билгениңизди жазсаңыз жүдә жақсы болар еди.

Текстти таярлаған-- Савицкий музейи этнография бөлими баслығы:
Айгүл Пирназарова.
90 724 98 72.
15.01.2024ж.***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ҚАРАҚАЛПАҚ ТАҚЫЯЛАРЫ&gt;&gt;
2 months, 2 weeks ago
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
2 months, 2 weeks ago
&lt;&lt;Қарақалпақ тақыялары&gt;&gt;

<<Қарақалпақ тақыялары>>

t.me/shahzoda_allamuratova

4 months, 2 weeks ago

***Бас кийим жөниндеги пикирлеримизди жуўмақластыра келгенде: Далбай~ерте дәўирлерден бери түрки халықларда бас кийим сыпатында қолланылады. Аңшылық кәсибиндеги адамлар бул бас кийимнен ҳәм қусты қолға үйретиў буйымынан жийи пайдаланады. Әскерий шлем, ямаса бас кийим түринде ертеде қолланылған. Ҳәзирги ўақытларда да шарўалар, аңшылар ҳәм басқа да кәсип ийелери қалың ҳәм жуқа түрлерин пайдаланады.

  1. Далбай~аўыспалы мәнисинде. Қарақалпақ тилинде "далбай" сөзи аўыспалы мәниде де қолланылады. Аўыспалы мәниси "далбай былғаў", "далбай қағыў" түринде қолланылып:---орынсыз, дәлилсиз, себеп, сылтаўсыз тақыр жерден шаң шығарыў, жәнжел шығарыў мәнисин билдиреди.
    "Нуржамал ериниң гейде далбай қағып кететуғын минезин биледи" [К.Султанов. "Әжинияз" романынан.]

~Далбайлап, бостан-босқа шаба берме,--деген сөзлер де күнделикли сөйлеў тилимизде қолланылып, орынсыз ис ҳәрекет мәнисин билдиреди.

Shahzoda Allamuratova***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***Бас кийим жөниндеги пикирлеримизди жуўмақластыра келгенде: Далбай~ерте дәўирлерден бери түрки халықларда бас кийим сыпатында қолланылады. Аңшылық кәсибиндеги адамлар бул бас …
4 months, 2 weeks ago

***<<ДАЛБАЙ>>

"Далбай былғап шақырсам,
Суңқарым, сен қолға кел"
[Қарақалпақ халық қосығы]

ДАЛБАЙ~түрки тиллес халықлардың биразында [қарақалпақ, қазақ, өзбек, қырғыз ҳәм т.б] ҳәр түрли мәниде қолланылатуғын сөз.
Усы сөздиң бир қанша мәнилерине тоқтап өтемиз.

ДАЛБАЙ~ат. 1. Қусларды қолға үйретиў, аң аўлаўға үйретиў ушын қуслардың терилериниң тулыбы, түлкиниң қуйрығы, тулыбы, қоянның терилери сыяқлы затлардан тулып жасап исленетуғын, аңшылық кәсибинде қолланылатуғын буйым. Аң, қус терисинен тулып ислегенде иши алынып тасланып, кептириледи ҳәм ишине сабан тығылып, терини бүрип тигип тулып исленеди, оған жиңишке арқаннан узын баў тағылады. Бул далбайды былғаў, ямаса қусты шақырып болып сүйретип қашқанда қолайлы болыўы ушын тағылады. Қусты қызылға үйретип, күнине белгили мөлшерде шийки гөш берилип үйретиледи, соң далбай былғап шақырып, қус келип далбайды бүрип услағанда астына бир бөлек гөш тасланады. Усылай етип үйретиў арқалы далбай былғап шақырғанда қустың аңсат қолға келиўине ерисиледи. Бул қуста --"өзим услап алдым",--деген өктемлик пайда етеди. Аңшылықта "далбай"--сөзи, бул-- аң аўлаўда, қусларды үйретиўде қолланылатуғын усыл, тәсил, әдис мәнилерин билдиреди. Далбайдың ҳәр түрли халықларда аңшылықта қолланылыў мәнисин аңлататуғынын төмендеги мысаллардан көриўге болады:

"Далбай былғап Хумайды,
Қасыңа шақыр енди"
[Низамийден. С.Ибрагимов аўдармасы]

"Биймәкан, ҳаўайы, еркин кеўлимниң қусын аўлап,
Дабыл урып, далбай қағып, қондырайын деппе едиң"
[Машраб. М.Қарабаев аўдармасы]

"Далбай былғап шақырар кимлер,
Туғырымды ҳәр дайым ойлап"
[Абатбай Крамов. "Бүркитпен"]

"Алдыңа далбай таслап шырғаладым,
Шабытқа келе алмасаң, қылғаның қас"
[Ақан сери Қорамса улы]

Бул келтирилген мысалларда қосықтың көркемлиги ушын образлы мәниде "далбай былғаў" сөзин алып отыр, яғный тийкарғы мәниге теңеў, салыстырыў арқалы кеўил кеширмелерин сүўретлеген. Және бул мысаллар азербайжан, өзбек, қазақ, қарақалпақ тиллеринде бул сөзлердиң бар екенлигине силтеме есабында берилип отыр.

Русша ҳәм басқа тилдеги сөзликлерде далбай еки-үш түрли мәнилери бериледи. Мәселен: II. 1. далбай ~муляж для тренировки ловчих птиц. 2. приручат ловчих к приманке.

II. воилочный колпак, который одевался поверх головного убора для защиты от снега, дождя.

Бул жерде "далбай" бас кийим ретинде қолланылатуғын 2-мәниси де берилген.

Қарақалпақ тили сөзлигинде бул сөздиң еки-үш түрли мәнилери бар. 1. Аңшылық кәсибиндеги усыл, әдис, тәсил түрлерин билдирсе; 2. "далбай"-"далбағай" деп алынып, далбағай--адамның бетин жаўын-шашыннан, самалдан, шаңнан ҳәм т.б.дан сақлаў ушын кийилетуғын бас кийим--деп берилген. 3. Аўыспалы мәнилери: ҳәрекет, минез қулық мәнисинде.

  1. Аңшылық қуралы, буйымы, усылы, әдиси жөнинде жоқарыда айтып өттик.
  2. Далбай, kk.~бас кийим. Бул бас кийим түри ерте дәўирлерден бери Шаш [Ташкент], Түркистан әтирапында, Сырдәрьч, Әмиўдәрья бойында жасаўшы "Сахатиграхауда халқында болғанлығын шежиреши илимпаз Жубатқан Муратбаев өзиниң "Адам атадан өзиңе шекем" деген китабында төмендегише көрсетип өткен:

"Сахатиграхауда" атамасы шошақ төбели бас кийим кийгенлер дегенди аңлатады. Бул бас кийим жүдә тығыз етип басылған кийизден тигиледи. Буны "тымақ, үш қулақ, шүберектен тигилген далбай, күнқағар" деп атаған. Бундай бас кийимди усы күнге шекем көбинесе қазақ, қарақалпақларда ушырастырыўға болады".
Геродот өзиниң Дарий патшаға салық төлейтуғын халықлардың дизиминде сахатиграхаудаларды корнбактинг (грекшеден аўдарғанда "дүзиў бас кийимлилер") деп көрсетеди."
[Сонда, 15-16-бетлер]

Далбайға бас кийим есабында үш түрли сыпатлама бериледи:
1.. күн өтпеў, пешше, сона шақпаў ушын кийилетуғын тымақ тәризли, жеңил, жуқа бас кийим.
2. түлки терисинен тигилген үлкен тымақ
3. Ишин сымнан тоқып ислеген батырлардың бас кийими.***

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ДАЛБАЙ&gt;&gt;
4 months, 2 weeks ago

**1930-жылы Қарақалпақстан комсомолының дүзилгенине 12 толыў мерекесине қызғын таярлық көриў бойынша қызғын жумыслар алып барылды. Ол сол ўақытта Қарақалпақстан обкомының ҳаял-қызлар бойынша инструкторы еди.

Мырзагүл Досымбетованың басшылығында Қарақалпақстан қызларының әскерий спорт ойыны атлы жүриси шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан амазонкалары Гүлайым сулыў ҳәм Сәрбиназ батырдың әўладлары <<Қырық қыз>> атлы жүрисин баслады. Олар Шымбай, Халқабад, Қызыл қум, Төрткүл маршрутында 200 км жол жүрди. Келгеннен соң қатнасыўшы қызлар ҚҚАССР <<Ҳүрмет грамотасы>> менен сыйлықланды.

Усыннан кейин Досымбетованың абырайы ҳәм даңқы республикамызға кең тарап, <<Досымбетова>> атындағы пионерлер шөлкеми дүзилди.
Сол 30-50-жыллардағы репрессия жалыны Мырзагүлди де шарпып өтти, қуўдалаўға ушырап, қамаққа алынды. Ол 50-жыллардың орталарында ақланып, ҳүрметли дем алысқа шыққанша ҳүкиметлик лаўазымлы жумысларда иследи.

ЖУМАГҮЛ СЕЙТОВА~[1905-1995]~халқымызға белгили жәмийетлик искер. Мийнет ветераны, өз дәўириниң билимли, алдыңғы белсендилери менен Қарақалпақстанды раўажландырыўға үлесин қосқан мәрт қарақалпақ қызы.
1932-1941-жыллары ол республиканың бир қатар мәмлекетлик уйымларында суд, партия, кәсиплик аўқам шөлкемлеринде басшы лаўазымларда иследи. 1932-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы етип тайынланды.
1941-жылы Жумагүл Сейтова Қарақалпақстан Республикасы Социальлық тәмийнат комиссары болып, бул лаўазымда сегиз жыл минсиз хызмет ислейди. Екинши жер жүзилик урыста халықтың жасаў жағдайын жақсылаўда үлкен хызмет көрсетти. Оның тиккелец басламасы менен урыс жылларында самолётлердиң қурылыўы ушын ҳәм қамалдағы Ленинград қаласына бир неше тонналаған азық-аўқат өнимлери жеткерилди.
1948-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Советиниң социальлық мәселелер бойынша орынбасары лаўазымына таярланды. Мәмлекет тәрепинен көплеген ҳүкиметлик наградалар менен сыйлықланды.

ҚУРБАНГҮЛ НАЎЫРЫЗБАЕВА~[1924-1996], --қарақалпақ қызларынан шыққан биринши тракторшы.
Ер минезли қыз ең дәслепкилерден болып, қысқа тракторшылар таярлаў курсында билим алып, техниканың дәслепки әлипбесин үйренеди.
Урыс басланған жыллары 17 жасына енди толған Қурбангүл ер азаматлардың орнын билдирмей, тылда көзге көринбес қаҳарманлықлар ислеп, күни-түни аянбай мийнет ислейди. Трактор рулине отырып, өз мийнети менен фронттағы жаўынгерлердиң жеңиске жетиўи ушын үлесин қосады. Ол ўақыттағы темир тисли тракторларды басқарыў қызлар түўе ер азаматлар қыйын еди. Оннан қалса, сол тракторларды түнде айдағанда, алдында бир адам фаныс жағып, жақты түсирип жүрер еди.

Жеңис күни жетти, Қурбангүл сол өзиниң сүйикли кәсиби тракторшылықты даўам етти. Ол <<Қарақалпақстан АССРына мийнети сиңгег механизатор атағын алады, <<Москвич>> жеңил автомобили менен ҳәм бирнеше ҳүкиметлик орден, медальлар, Ҳүрмет грамоталары менен сыйлықланады.
1994-жылы <<Шухрат>> медалын алады.

Булардың қатарына өткен әсирдиң 40-50-жылларында усы ҳаял-қызларымыздай мийнет еткен колхозшы, "Стахановшы"лар ГҮЛЗИЙРА АРТЫҚОВА, БИЙБИЗАДА ҚОСБЕРГЕНОВА, ГҮЛЖАН ОРАЗЫМБЕТОВА лардың атларын қосыўымызға болады.

ШӘРИГҮЛ ЮСУПБАЕВА~ қарақалпақтың биринши десантшы қызы. Ол 1959-жылы мектепти гүмис медаль менен питкерип, Ташкент аўыл хожалығы институтының экономика ҳәм бухгалтериялық есап факультетине оқыўға кирген. Сол жерде оқып жүрип ДОСААФ шөлкеминдеги парашют пенен секириў дөгерегине жазылады.
1961-жылы 12-март күни АН-2 самолётынан 800 метр бийикликтен секиреди. Сол ўақытта <<Ўзбекистон хотин-қизлари>> журналынан фотограф М.Розенкранц келип сүўретке түсиреди ҳәм көп узамай усы журналда Шәригүл ҳаққында <<Қарақалпақ қызы>> деген көлемли мақаласын сүўрети менен бирликте жәриялайды. Әпиўайы қарақалпақ қызы пүткил Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға танылады.

Оқыўын питкерип келгеннен соң Нөкис районы <<Шортанбай>>да ["ВЛКСМ ның 50 жыллығы совхозы] экономист, кадрлар бөлими баслығы, 1975-жылы аўыллық кеңес хаткери, кәсиплик аўқамы комитетлери басшысы болып ислейди.**

4 months, 3 weeks ago

***<<ҚАЎЫННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИ>>

Қарақалпақ қаўынларының өзине тән түрлери көп, олар ЕРТЕ ПИСЕР, ОРТА ПИСЕР, КЕШ ПИСЕР деп үш түрге бөлинеди.

ЕРТЕ ПИСЕРлери ЖАЗҒЫ қаўынлар болып жеўге жумсақ, ширели ҳәм жуқа қабық болып, узақ сақлаўға, қаўын өнимлерин ислеўге жарамсыз болады. Қаўынның бундай түрлерине: тәрнек, жамбылшадан баслап бийшектиң ерте писер түрлери, ала гүрбек, жийде жапырақ, көк гүрбек, ғарбыз қаўын, қытай қаўынлар киреди. Жаз писер қаўынлар мазалылығы, суўлылығы жағынан гүзги ҳәм қысқы қаўынлардан артықмашлықларға ийе болып, гүздиң орталарына шекем пайдаланылады.
Бул қаўынлар узақ ўақыт сақлаўға, транспорт пенен алысларға жибериўге жарамсыз болады. Суўлылығы басым болғанлықтан, қайнатылған ўақытта қойыўланыў барысы көп ўақытты талап етеди. Тек қаўын ақсаўлақ писириўге ҳәм қайнатылған вареньесин дәстүрханға қойыўға пайдаланыўға болады.

ОРТА ПИСЕР қаўынларға ГҮЗГИ ҚАЎЫНЛАР КИРЕДИ. Гүзги қаўынлар~қабығы қатты, етли болып, 2-3 ай көлеминде [январьға дейин] сақлап жеўге жарамлы болады.

Гүзги қаўынларға: бийшектиң гүз писер түри, ғарры қыз, гүз писер гүлабы, секерпара, сыяқлы қаўынлар кирип, қаўын ақсаўлақ, қаўын қурт, қаўын қақ ҳәм қайнатпа [варенье] таярлаўға болады.

КЕШ ПИСЕР~бул қаўынлар қабығы қалың қатты, етли [5-6 см қалыңлықта] болып, сақлаўға жарамлы, транспорт пенен алысларға жибериўге шыдамлы, қаўыннан исленетуғын өнимлердиң барлығын ислеўге жарамлы болып, май айына шекем сақлаўға ҳәм экспорт қылыўға болатуғын қаўынлар. Булар ҚЫСҚЫ ҚАЎЫНЛАР деп аталып: торнабат бийшек, хийўа бийшек, шайы қаўын, набат бийшек, қара қас, қара қотыр, қара, қызыл, көк гүлабылар, қара қаўынларды өз ишине алады.

Қаўынлардан төмендеги тағамлар таярланып, қарақалпақ асханасының мазмунын байытып турады:

  1. ҚАЎЫН АҚСАЎЛАҚ~таярлаў ушын ашытылмаған қамыр жуқа етип жайылып, қазанға қатырылып, ақсаўлақ таярланады. Қаўын өз алдына қойыўланып, ашық қоңыр түске енгенше қайнатылады. Қаўын қайнатпа таяр болғанда оған қатық араластырылып, ақсаўлақ туўрап салып, тартылады. Жеўге сиңимли ҳәм мазалылығы күшли.

2 ҚАЎЫН ҚУРТ~қаўын сүзбе я қатық қосып қайнатылып, әбден қойыўланып, суўығаннан соң, қысымлап қурт исленеди. Шийдектиң үстине жайып сорықтырып, кептирип алып, соң шай ишкенде пайдаланыўға болады.

  1. ҚАЙНАТЫЛҒАН ҚАЎЫН [ВАРЕНЬЕСИ]~ қабығы қатты, ети қалың гүзги ҳәм қысқы қаўынлардан қайнатылады. Буны шийринлик есабында дәстүрханға қойыў, гейде қатық араластырып қойыў арқалы дәстүрхан мазмунын байытады. Қаўын ақсаўлақ тағамын да усы қайнатпа арқалы таярлайды.

  2. ҚАЎЫН ҚАҚ~Қаўын қақ ислеўде қатты қабық, сақлаўға шыдамлы: торнабат, шайы қаўын, набат бийшек, қарақас сыяқлы қаўын түрлеринен пайдаланады. Буның ушын қаўынның сыртқы қабығын алып, сырыққа қыстырыўға қайым етип тиликленеди. Таярланған тиликлер ғарбыз суўына жуўылып, таярланған сырыққа илдирип шығылады. Қаўын тиликлери самал қағып, сорығып қақланады. Әбден қақланған ўақытта түри қызғылт, қоңыр түске енип, тийкарғы ети бослаў болады. Таяр болғаннан кейин айқастырып, өрип алып қояды.
    Қаўын қақты сөк пенен қосып түйип, жент ислеўге де болады.

  3. ШОПАҚ МАЙЫ~ қаўынның шопағы жыйнап қойылады ҳәм суўға жуўылып, бириктириўши талшықларын айырып алады. Соң шопақты кептирип, азлап қуўырып алады да, келиге салып түйеди. Самалға суўырылып, майда қабықларынан айырып, қазанға салып қайнатып, майын алады. Шопақ майының түри сарғыш, шимишке майға уқсаңқырайды. Оны тамақ писириў ушын ҳәм гейпара аўырыўларға ем ретинде ишиўге буйырылады.

<<Қаўын бейиш асы>>~дейди, қаўынның өзи ҳәм оннан исленетуғын азық-аўқатлық өнимлериниң адамның ден саўлығына келтирер пайдасы мол: қаўын ишки қурылысты тазалайды, артық салмақтан қутылыўға көмек береди, баўырдың жумысын жақсылайды, бүйректеги қум менен тасты шығарады, қандағы гемоглабин мөлшерин көбейтеди, иммунитетти күшейтеди, жүрек-қан тамырлары аўырыўларының алдын алады, жүйкени тынышландырады, жазда шөлди басады.

Қаўынның адам ушын пайдалы тәреплери ҳәм азықлық қәсийети көп.

Shahzoda Allamuratova***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ҚАЎЫННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИ&gt;&gt;
We recommend to visit

Gloomy day, gloomy angel
I just wanna be a white swan of your story‌ ʚɞ

Last updated 1 month ago